«Күйгеннен күй шығады» -дейди дана халқымыз. Сол айтқандай тақыятаслы 2-топар майыбы Гүлшад Утемуратованың жалғыз қызы Умида Мадреймованыӊ келешегин ойлап, районда бармаған есиги, кирмеген тесиги қалмаған.

-Қызым Умиданы жалғыз баслы ана болып тәрбиялап камалға келтирдим,-дейди ол қамсығып.-Усы жалғызым келешекте мендей қыйыншылық көрмесин деп, қатарынан кем қылмай Хожелидеги медицина колледжинде оқыттым. Соӊынан районлық емлеўхананың бас шыпакери, халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайы, район ҳәкимлиги, район прокуратурасына қызымды өз кәсиби бойынша жумысқа орналастырыў ушын бир неше мәрте мүрәжат етип, район прокуратурасы ҳәм район ҳәкиминиӊ ҳаял-қызлар мәселелери бойынша орынбасарыныӊ жәрдеми менен 2019-жылдыӊ май айында районлық медицина бирлеспесиниӊ терапия бөлимине аўқат тасыўшы болып 0,5 ставкаға жумысқа орналастырдық. Буннан кейин қызым жас босанып, бала тәрбиясы менен 2021-жылдыӊ май айына шекем үйинде отырды ҳәм сол айдан баслап өз жумысына қайта араласты. Қызым Умида Мадреймова өзи оқыған мийирбийкелик қәнигелиги бойынша жумыс ислеўге  жүдә қызығады. Ол өз кәсиби бойынша жумыс ислеў мақсетин билдирип районлық медицина бирлеспесиниӊ бурынғы баслығы Улуғбек Утамурадов ҳәм ҳәзирги баслығы Абдирашид Якубовқа бир неше мәрте мүрәжат етти. Менде бул мәселе бойынша усы лаўазымлы басшыларға  арыз еткенмен. Бирақ, олар бос мийирбийкелик орын жоқ, деген бәне менен бизди алдап-арбап ысырып сала береди. Сонлықтан бизлердиӊ усы машқаламызды шешиў бойынша август айында Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасыныӊ 1000 номерли исеним телефонына, 2021-жылдыӊ 11-сентябрь күни Тақыятас районы  ҳәкими И. Маткаримовқа мүрәжат еттим. Бирақ, бул ҳәкимнен елеге шекем жуўап жоқ. Ал, районлық медицина бирлеспесинде болса, елеге шекем жаңа мийирбийкелерди жумысқа алыў даўам етпекте. Мен бул жағдайларды көрип районлық медицина бирлеспесиниң баслығы Абдирашид Якубовқа ҳәм қәнигелери тез-тез өзгеретуғын медицина бирлеспесиниӊ кадрлар бөлимине арыз етсем, олар бизлер вакансия қойдық, биржа өзлери жумысқа жумыссыз пуқараларды жумысқа орналастырды, деп алдастырғысы келеди. Мениӊ Тақыятаста усы мәселени шешип бериў бойынша бармаған есигим қалмады. Соған сизлер жәрдем етсеӊиз,- дейди ол.

Бизлер ҳәр бир мүрәжат артында инсан тәғдири жатқанын инабатқа алып, районлық медицина бирлеспесиниң баслығы ўазыйпасын атқарыўшы Абдирашид Якубовқа барып, оған  усы мәселе бойынша бир неше сораўлар бердик. Бирақ, ол бизге жазба түрде қатнас хат әкелсеӊиз ғана жуўап бере аламыз, деп жуўап берди. Мен оған мүрәжатларды түри, ғалаба хабар қураллары ҳаққындағы Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан Республикаларыныӊ нызамлары ҳаққында түсиндиргеннен соӊ ғана кадрлар бөлиминде ислейтуғын инспекторына мына журналисттиӊ сораўларын жазып алып, юрист пенен ойласқан ҳалда жуўап бериң деп бизлерди кабинетинен шығарып салды. Ал, қәниге болса, «Ҳәзир бизлерди районлық прокуратурасына шақырып атыр. Сонлықтан ҳәзир сизге жуўап бериў имканиятымыз жоқ, кейинлеў келерсиз,»-деди ол.

Мен сол күни, яғный, усы жыл 21-октябрь күни түстен кейин районлық медицина бирлеспесиниӊ кадрлар бөлимине өз сораўларыма жуўап алыў ушын бардым. Бирақ, ол жердеги қәнигелер өзлериниӊ бул жерге жумысқа келгенлиги ҳәм сизиӊ сораўларыӊызға жуўап бериў бойынша бас шыпакерден тапсырма болмағанлығын айтып, бизлердиӊ журналистлик сораўларымызға жуўап бериўден бас тартты. Мен бас шыпакерге қоӊыраў етиўин соранғанымда, ол жердеги инспектор қыз бас шыпакер Абдирашид Якубов қоӊыраўды алмай атырғанлығын айтты. Сонлықтан мен және бир мәрте А.Якубовтыӊ қабыллаўханасына бардым. Бирақ, қабыллаўханадағы хызметкер сиз бенен саат 10 ларда ушырасқаннан соӊ сыртқа шығып кетип, оныӊ түстен кейин жумысқа келмегенин айтты.

Усы арада бизлер Тақыятас районлық Халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайына барып, мийирбийке қәнигелиги бойынша районлық медицина бирлеспесиниӊ усынысы тийкарында 2021-жылдыӊ март ҳәм сентябрь айларында еки мәрте бос жумыс орынлары ярмаркасы өткерилип, онда март айында 1, сентябрде 17 мийирбийке жумысқа алынғанлығы бойынша мағлыўмат алдық.

Усы жерде не ушын Тақыятас районы ҳәкими И. Маткаримов Гүлшад Утемуратованыӊ 11-сентябрьдеги мүрәжатын жуўапсыз қалдырып, оған бийпәрўа мүнәсибетте қатнас жасап атырғанлығы ҳәм буннан алдын 2 мәрте Хожели районы, 1 мәрте Тақыятас районы медицина бирлеспесине басшы болып ислеген тәжирийбели баслық Абдирашид Якубовтыӊ бизлердиӊ журналистлик сораўларымыздан өзин алып қашқанлығы, бул жерде тағы да басқа да көплеген сораўлардыӊ туўылыўына себепши болмақта.

Бизлер бул мәселе бойынша журналистлик үйрениўлеримизди даўам етемиз.

 

 Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги