Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев Нөкис қаласы «Сәрбиназ»  мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы  20-санлы сайлаў участкасында өзи таңлаған талабанға даўыс берди.

Бул сайлаў участкасында 2 мың 219 сайлаўшы дизимге алынған. Соннан 21 сайлаўшы биринши мәрте даўыс береди. Аймақтан 26 сайлаўшы мүддетинен алдын даўыс берген.

Қарақалпақстан Республикасында 656 сайлаў участкасы дүзилген болып, улыўма 1 миллион 45 мыңнан аслам сайлаўшы дизимге алынған.

Республикамыздың қала ҳәм районларындағы барлық сайлаў участкаларында даўыс бериў процеси белсене рәўиште даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.