Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баслығы М.Камалов сектор басшылары менен биргеликте Нөкис қаласы «Сарбиназ» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы Транспорт техникумында жайласқан 20-санлы сайлаў участкасында даўыс берди.
Бул сайлаў участкасында 2 мың 219 сайлаўшы дизимге алынған болса, усы ўақытқа шекем 1 мың 100 сайлаўшы даўыс берди. Соннан 21 сайлаўшы биринши мәрте даўыс бермекте. Аймақтан 26 сайлаўшы мүддетинен алдын даўыс берген.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баслығы М.Камалов елимиздиң буннан былай да раўажланыўы, халқымыздың абадан турмысы ушын даўыс берди.
Қарақалпақстан Республикасында 656 сайлаў участкасы дүзилген болып, оларда 8 мың 386 мың ағза тастыйықланды.
Республикамыздың қала ҳәм районларындағы сайлаў участкаларында даўыс бериў процеси көтериңкилик жағдайында даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.