Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасының аймақлық оқыў орайында «Ең жақсы китапқумар» таңлаўы болып өтти.

Онда Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасының әскерий хызметкерлери, Қорғаў басқармасы ҳәм аймақлық оқыў орайының хызметкерлери қатнасты.

Ашылыў мәресиминде атап өтилгениндей, илажды өткериўден тийкарғы мақсет, үлкемизде жетилисип шыққан уллы сәркарда, улама, жазыўшы ҳәм ойшыллардың бай руўхый мийрасларын, жаўынгерлик өнерин, мәдениятын, дүньялық ҳәм диний илимлердиң раўажланыўына қосқан үлесин үйрениў және олардың бийбаҳа шығармаларын келеси әўладқа жеткериўден ибарат. Сондай-ақ, ибратлы өмири ҳәм жәмийетлик хызметин ҳәр тәреплеме үгит-нәсиятлаў, әскерий хызметкерлер ҳәм хызметкерлер арасында китапқумарлық мәдениятын ен жайдырыў болып табылады.

Қатнасыўшылар «Биз уллы сәркардалардың әўладымыз», «Жәҳән прогресси ҳәм өзбек халқының мәдениятына үлкен үлес қосқан уламаларымыз», «Еркин ўазыйпа» шәртлери бойынша өз-ара беллести. Қатнасыўшылар уллы сәркарда Әмир Темур, Жалаладдин Мангубердиниң өмири, уллы ағартыўшылардың дөретиўшилиги ҳаққындағы билимлерин сынақтан өткерди.

Таңлаў жуўмағында  жеңимпазлар анықланып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом, ҳүрмет жарлығы ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги