21-октябрь күни Ташкент қаласында Олий Мажлис Сенатының жигирмаланшы жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирди.
Видеооконференцбайланыс түринде өткерилген мәжилисте ҳүкимет ағзалары ҳәм уйымлардың басшылары, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзалары, сондай-ақ, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барған жалпы мәжилис жоқары палатаның рәсмий веб-сайты ҳәм социаллық тармақлардағы бетлери арқалы жанлы эфирде көрсетилди.
Дәслеп сенаторлар мәмлекетимиздеги автомобиль жоллары және жасалма қурылмалардың жағдайы ҳәм транспорт қуралларының қәўипсиз ҳәрекетлениўин тәмийинлеўге байланыслы нызам ҳүжжетлериниң орынланыўы бойынша Министрлер Кабинетине жиберилген парламентлик сораўдың нәтийжелерин көрип шықты.
Атап өтилгениндей, Олий Мажлис Сенатының 2021-жыл 29-майдағы қарарына муўапық Министрлер Кабинетине жиберилген парламентлик сораўға берилген жуўапта көтерилген мәселелердиң шешимине қаратылған турақлы жумыслар әмелге асырылған.
Атап айтқанда, көпир ҳәм жол өткеллериниң техникалық жағдайын жақсылаўға қаратылған ҳүкимет қарары, Өзбекстан Республикасының 2030-жылға шекем автомобиль жолларын раўажландырыў стратегиясының жойбары таярланған.
Сондай-ақ, тийисли ҳүжжет тийкарында «Өзжолинспекциясы»на исбилерменлик субъектлери тәрепинен жол-қурылыс жумыслары алып барылып атырған объектлерде сапа қадағалаўын оператив өткериў және жүз берип атырған нызам бузылыўшылықларды өз ўақтында анықлаў ўәкиллиги берилген.
Бирақ парламентлик сораўда көтерилген айырым мәселелер бойынша тийисли жуўаплар берилмеген.
Атап айтқанда, Министрлер Кабинетиниң 2006-жыл 1-ноябрьдеги 226-санлы қарарына қосымша етилген «Автомобиль жолларын оңлаў ҳәм сақлаў жумысларының сыпатламасы»нда автомобиль жолын ағымдағы оңлаў жумыслары орынланғанынан соң оның хызмет етиў мүддетине талап белгиленбегени ҳәм бул жағдай аўыр машқалаларға себеп болып атырғаны итибарсыз қалдырылған.
Жуўапты додалаў процесинде усы сораўда көтерилмеген басқа да әҳмийетли мәселелер де бар екенлиги анықланды. Атап айтқанда, автомобиль жолларында ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылған илажлар жетерли дәрежеде қаржыландырылмай атыр.
Мәжилисте парламентлик сораўда келтирилген машқалаларды сапластырыўға қаратылған илажларды Министрлер Кабинети тәрепинен даўам еттириў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Бул мәселе бойынша Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.
Буннан соң қан ҳәм оның қурамлық бөлеклери донорлығы тараўын раўажландырыў ушын көрилип атырған илажлар бойынша Министрлер Кабинетине жиберилген парламентлик сораў нәтийжелери додаланды.
Сенаторлар парламентлик сораўға ҳүкимет тәрепинен берилген жуўапта турақлы жумыслардың әмелге асырылғанлығын атап өтти.
Атап айтқанда, қан қуйыў мәкемелеринде гемаконлар, қан сақлаў ҳәм транспортировка үскенелери менен тәмийинлеў ушын кейинги бес жылда 15 миллиард сум қаржы ажыратылған.
Донорлар ҳәм қан резерви ҳаққындағы мағлыўматлар алмасыўын санластырыў мақсетинде қан хызметиниң автоматласқан мәлимлеме системасы жаратылған.
Кан компонентлерин таярлайтуғын әсбап-үскенелерди турақлы түрде тексериўден өткерип, оларды оңлайтуғын қәнигелер таярлаў жолға қойылған.
Соның менен бирге, мәжилисте парламентлик сораўда көрсетилген айырым мәселелер бойынша жуўап жетерли дәрежеде сәўлеленбегени мәлим етилди.
Соның ишинде, қан ҳәм оның қурамлық бөлеклери донорлығын тәртипке салатуғын нызам және нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлер менен тәртипке салынатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерде бослықлар бар ҳәм оларды сапластырыўға қаратылған илажлар көрилмеген.
Қәнигелескен мәкемелердиң материаллық-техникалық тәмийинлениўи ҳәм модернизациялаў, атап айтқанда, ПЗР аппаратлары, гемоцитоферез, плазмаферез, иммуногематологиялық анализатор ҳәм ИФА-анализатор және басқа да үскенелер менен тәмийинлеў бойынша анық илажлар белгиленбеген.
Додалаў процесинде қан ҳәм оның қурамлық бөлеклери донорлығы тараўын раўажландырыўда әмелге асырылып атырған илажлар парламенттиң турақлы қадағалаўында болатуғыны атап өтилди.
Бул мәселе бойынша Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.
Соң сенаторлар коронавирус пандемиясынан кейин туризмди тиклеў ҳәм раўажландырыўға қаратылған илажлардың әмелге асырылыўы жағдайы бойынша алға қойылған парламентлик сораўға Министрлер Кабинетиниң жуўабын көрип шықты.
Мәжилисте ҳүкиметтиң парламентлик сораўға жуўабы толық додаланды. Соның ишинде, сенаторлар Өзбекстанда туризм тараўын тиклеў, сырт ел туристлериниң жергиликли туристлер менен өз-ара алмасыўын тәмийинлеў мақсетинде салық жеңилликлери ҳәм преференциялар бериў, сондай-ақ, туризм тараўы ушын субсидиялар, ссудалар, грантлар түриндеги финанслық жәрдем көрсетиўди нәзерде тутатуғын бир қатар нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң қабыл етилгенин айрықша атап өтти.
Атап өтилгениндей, 23 туристлик шөлкемге 289,2 миллион сум, қурылып атырған үш жулдызлы 3 мийманханаға 1,2 миллиард сум субсидия, сондай-ақ, 37 туроператорға 370 миллион сум ҳәм 11 дилмаш-гидлерге 55 миллион сум муғдарында грантлар ажыратылған. Буннан тысқары, 50 туроператорға 1,6 миллиард сум ҳәм 191 жайластырыў қуралларына 14,5 миллиард сум муғдарында процентсиз ссудалар ажыратылды.
Мәмлекетимиздеги бир қатар аэропортларда «ашық аспан» режимин орнатыў, пуқаралары Өзбекстанда визасыз келиўи мүмкин болған мәмлекетлердиң дизимин кеңейтиў илажлары көрилди. Туристлер ушын «Uzbekistan/Safe travel GUARАNTEED» санитариялық-эпидемиологиялық қәўипсизлик системасы енгизилди, биринши мәрте «Fast Track» хызмети жолға қойылды.
Өзбекстан қалалары арасында жаңа авиа ҳәм темир жол рейслерин жолға қойыў илажлары көрилди. Айырым улыўмахалықлық байрамларын белгилеў дәўиринде кеминде үш күнлик дем алыс күнлерин бериўди нәзерде тутатуғын тәртип енгизилди.
Сенаторлар әмелге асырылған жумыслар менен бир қатарда айырым кемшиликлер де бар екенлигин, олардың сапластырылыўы болса елимизде туризмди тиклеў ҳәм раўажландырыўға жәрдем беретуғынын атап өтти.
Атап айтқанда, туризм тараўында транспорт логистикасын раўажландырыў ҳәм бәринен бурын, қоңсы еллерден туристлер ағымын көбейтиў, аймақларда исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, жер ажыратыўды әпиўайыластырыў, туристлик хызметлердиң сапасын арттырыў, жаңа, перспективалы базарлар табыў мақсетинде маркетинг изертлеўлерин шөлкемлестириў системасын жетилистириў бойынша анық илажлар көриў зәрүр.
Буннан тысқары, сырт ел туристлери ушын авиабилетлердиң баҳасын төменлетиў мәселеси де әҳмийетлилигинше қалмақта, бундай билетлер альтернатив жөнелислерге қарағанда орташа 30-50 процентке қымбат турады.
Жедел додалаў жуўмағында Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди. Кемшиликлерди сапластырыў үстинен қатаң парламентлик қадағалаў орнатылатуғыны белгиленди.
Буннан кейин сенаторлар экономика тармақлары, социаллық тараў объектлери және халықтың турақ жайларында қуяш ҳәм самал энергиясынан пайдаланыў бойынша Қарақалпақстан Республикасында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында Министрлер Кабинетине парламентлик сораў жибериў мәселесин додалады.
Атап өтилгениндей, ҳәзирги күнде республикада әмелге асырылып атырған реформалардың жеделлесиўи, өндиристиң оператив раўажланыўы, халық санының көбейиўи энергияға болған талаптың кескин артыўы ҳәм ол 2030-жылға барып дерлик 2 есеге артыўы күтилмекте.
Мәжилисте раўажланған мәмлекетлрде қайта тикленетуғын дәреклерден алынып, ислеп шығарылып атырған энергия улыўма көлеминиң 30-40 процентине туўра келип атырған болса, республикада бул көрсеткиш (қуяш ҳәм самал энергиясы бойынша) тек ғана 1 процентти қурап атырғаны атап өтилди.
«Қайта тикленетуғын энергия дәреклеринен пайдаланыў ҳаққында»ғы нызамға муўапық, тараўдағы мәмлекетлик басқарыў Министрлер Кабинети тәрепинен әмелге асырылатуғыны атап өтилди.
Сондай-ақ, энергияға болған талапты қанаатландырыў мақсетинде әмелдеги нызамшылық ҳүжжетлеринде қайта тикленетуғын энергия дәреклеринен пайдаланыў тараўына инновациялық технологиялар, илимий-техникалық қолланбаларды енгизиў, қайта тикленетуғын энергия дәреклери қурылмаларының энергия жағынан нәтийжелилигин арттырыў, олардың ислеп шығарылыўын кеңейтиў, энергия ислеп шығарыў қуўатлықларын жаратыўға исбилерменлик субъектлерин тартыў, оларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеўге байланыслы әҳмийетли ўазыйпалар белгиленген.
Қарақалпақстан Республикасындағы тутыныўшылардың тутыныў қуўатлылығы 350 МВтты қурап, Тақыятас ыссылық электр станциясы, Түйемойын гидроэлектр станциясы ҳәм Үстирт газ-химия комплекси тәрепинен ислеп шығылатуғын электр энергиясы менен тәмийинленеди.
Атап айтқанда, 2021-жыл 1-октябрь жағдайына электр энергиясының пайдаланыўшылары саны 2017-жылға салыстырғанда 14,5 процентке артқан, 2030-жылы болса ҳәзирги күндегиге салыстырғанда 2 есеге артыўы күтилмекте.
Усы мақсетте Қарақалпақстан Республикасында бул бойынша қуяш ҳәм самал энергиясынан пайдаланыў бағдарында бир қатар перспективалы жойбарлар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, 2024-жылы Саудия Арабстанының «Acwa Power» кәрханасы тәрепинен Қараөзек районында 100 МВт самал электр станциясының иске қосылатуғыны, быйылғы жылы Қоңырат районында қуўатлылығы 200 МВт болған самал электр станциясының қурылысы тендерге қойылатуғыны және 2030-жылға барып Қарақалпақстанда қуўатлылығы 1800 МВт станция қурылатуғыны белгиленген.
Мәжилисте қайта тикленетуғын энергия дәреклери қурылмаларының ислеп шығылыўы толық жолға қойылмағаны, бул тараўға исбилерменлик субъектлерин тартыў жумысларының төмен екени, қурылмалардың бирден-бир электр энергетика системасына жалғаныўдағы машқалалар себепли қайта тикленетуғын энергия дәреклеринен экономика тармақлары, социаллық тараў объектлери, халықтың турақ жайлары, сондай-ақ, орайластырылған энергия тәмийнаты системаларынан алыста жайласқан аймақлардағы халықты арзан ҳәм қолайлы электр энергиясы менен тәмийинлеў машқала болып қалып атырғаны атап өтилди.
Додалаў жуўмақлары бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.
Жалпы мәжилисте «Социаллық исбилерменлик ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.
Сенаторлар тәрепинен нызамда қайта көрип шығылыўы тийис болған бир қатар нормалар бар екенлиги, атап айтқанда, онда нәзерде тутылып атырған халықтың социаллық жәрдемге мүтәж қатламлары әмелдеги басқа нызамларда белгиленген халықтың социаллық жәрдемге мүтәж категорияларына муўапық емеслиги атап өтилди.
Мәселен, «Кекселер, майыплар ҳәм халықтың басқа да социаллық жәрдемге мүтәж категориялары ушын социаллық хызметлер ҳаққында»ғы нызамның 6-статьясы ҳәм «Халықтың бәнтлиги ҳаққында»ғы нызамның 38-статьясында халықтың социаллық жәрдемге мүтәж категориялары белгиленген. Бирақ ондағы бул категориялар «Социаллық исбилерменлик ҳаққында»ғы нызамда көрсетилмеген.
Атап айтқанда, нызамда он төрт жасқа толмаған балалары, майыплығы болған балалары бар жалғыз әкеге ямаса анаға, сондай-ақ, көп балалы шаңарақлардың ата-аналары, Қорғаныў министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Айрықша жағдайлар министрлиги, Миллий гвардия, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети қатарындағы мүддетли әскерий хызметтен босатылған пуқаралар, пенсия алды жасындағы пуқаралар, жазаны орынлаў мәкемелеринен азат етилген ямаса суд қарарына бола өзине медицина түриндеги мәжбүрлеў илажлары қолланылған пуқаралар ҳәм адам саўдасынан жәбирленгенлер көрсетилмеген.
Нызамның 12-статьясында исбилерменлик субъектлериниң социаллық кәрхана нормаларына сәйкес келиўи олардың салық есабатларын үйрениў арқалы салық уйымлары тәрепинен анықланыўы,17-статьясында алынған пайданың кеминде үштен еки бөлеги бул бөлимде белгиленген мақсетлер ушын жумсалғанлығы социаллық кәрхананың салық есабатларына тийкарланып анықланыўы нәзерде тутылмақта.
Әдиллик министрлиги тәрепинен 2020-жыл 24-февральда 3221-сан менен дизимнен өткерилген «Салық есабатының түрлерин тастыйықлаў ҳаққында»ғы Мәмлекетлик салық комитетиниң қарары менен салық ҳәм басқа да есабатлардың түрлери тастыйықланған болып, олар арқалы исбилерменлик субъектлериниң социаллық кәрхана нормаларына сәйкес келиўи және алынған пайданың кеминде үштен еки бөлегиниң белгиленген мақсетлер ушын жумсалғанлығын анықлаўдың имканияты жоқ.
Бул болса келешекте әмелиятта салық уйымлары тәрепинен есабатларды қабыл етиў, социаллық кәрханалар реестрине киргизиў, ямаса реестрден шығарыўда ҳәр қыйлы машқалалар және қолайсызлықларды келтирип шығарыўы мүмкин.
Сондай-ақ, нызамның 15-статьясында мийнет шәртнамасы (контракт) бойынша ислеп атырған шахслардың мийнет ҳақысының муғдарын нызамшылыққа бола мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарынан аз болмаған муғдарда белгилеў, олар менен өз ўақтында есап-санақ етиў, сондай-ақ, жумыс бериўши сыпатында өзиниң пуқаралық жуўапкершилигин қамсызландырыў, мийнетти қорғаў ҳәм техника қәўипсизлиги, экология, санитария ҳәм гигиена тараўындағы нызамшылық ҳәм нормативлик ҳүжжетлердиң талапларына әмел етиў социаллық кәрханалардың миннетлемелери сыпатында келтирилген.
Тап усы нормалар «Исбилерменлик жумысы еркинлигиниң кепилликлери ҳаққында»ғы нызамның 9-статьясында, қалаберсе, Мийнет кодекси ҳәм басқа да әмелдеги нызамшылық ҳүжжетлеринде де өз көринисин тапқан.
Усы мүнәсибет пенен әмелдеги нызамларда нормаларды қайтадан белгилеў қаншелли дурыс екенлигин үйренип шығыў ҳәм өз-ара муўапықластырыў талап етиледи.
Нызамның 17-статьясында салық ҳәм бажыхана төлемлери бойынша жеңилликлер берилиўи, мәмлекетлик көшпес мүлк объектлерин нызамшылықта белгиленген тәртипте жеңиллетилген тийкарда ижараға бериў, әпиўайыластырылған финанслық ҳәм салық есабатлары, бийпул реклама етиў ушын эфир ўақты, баспа ямаса реклама майданын ажыратыў, мәмлекет буйыртпашыларына тиккелей шәртнамалар бойынша социаллық товарларды реализациялаў ҳәм социаллық хызметлер көрсетиў ҳәм басқа да жеңилликлер және преференциялардың берилиўи, 18-статьясында Министрлер Кабинети социаллық жойбарларды мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қайтарылмайтуғын тийкарда субсидиялаў әмелге асырылатуғыны белгиленген.
Усы жеңиллик ҳәм преференцияларды белгилейтуғын нормалар товар ҳәм қаржы базарларындағы бәсеки орталығына өзиниң унамсыз тәсирин көрсетиў мүмкин екенлигин есапқа алып, бул нормаларды қайта көрип шығыў мақсетке муўапық екенлиги атап өтилди.
Атап өтилгениндей, Президенттиң 2021-жыл 3-февральдағы ПП-6155-санлы Пәрманы менен тастыйықланған 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламада исбилерменлик жумысына байланыслы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди қайтап көрип шығып, Исбилерменлик кодекси жойбарын ислеп шығыў белгиленген.
Усы Пәрманның талапларынан келип шығып, социаллық исбилерменликке байланыслы қатнасықларды өз алдына нызам тәризинде емес, ал ислеп шығылатуғын Исбилерменлик кодекси жойбарында нәзерде тутыў мәселесин үйренип шығыў мақсетке муўапық болады.
Нызам халықтың социаллық мүтәж қатламларын жумыс орынлары, социаллық товарлар ҳәм социаллық хызметлер менен тәмийинлеў ҳәм айрықша жағдайларға қарсы гүресиў, ақыбетлерин сапластырыўға қаратылған социаллық товарларды ислеп шығарыў, жумысларды орынлаў ҳәм хызметлер көрсетиўди нәзерде тутқанын есапқа алып, оны тереңирек қайта таллаў, тараўдағы алдынғы сырт мәмлекетлердиң тәжирийбесин үйрениў керек деп табылды.
Жоқарыдағыларға тийкарланып, сенаторлар тәрепинен «Социаллық исбилерменлик ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамын қайта көрип шығыў мақсетке муўапық екенлиги ҳаққында қарар қабыл етилди.
Нызам сенаторлар тәрепинен қайтарылды.
«Өзбекстан Республикасы Бажыхана кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам сенаторлардың додалаў орайында болды.
Атап өтилгениндей, нызам менен әмелдеги Бажыхана кодексиниң 81 статьясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
Соның ишинде, 70 статьяда тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилип, 10 жаңа статья менен толықтырылмақта ҳәм 1 статья шығарып тасланбақта.
Усыныс етилип атырған тийкарғы өзгерислер ҳәм қосымшалар төмендегилерден ибарат:
Бажыхана қадағалаўын әпиўайыластырыў бағдарында бажыхана рәсмийлестириўи мүддети 3 күннен 1 күнге қысқартылмақта. Товар ҳәм транспорт қуралларын тийисли бажыхана режимлерине жайластырыў мақсетинде талап етилетуғын рухсатнамалар бериў тәртиби бийкар етилмекте. Сондай-ақ, қайта ислеў нәтийжесинде пайда болатуғын товарларлардың шығыў нормасын ўәкилликли шахслар тәрепинен белгилеўдиң ҳуқықый тийкары белгиленбекте.
Бажыхана төлемлериниң төлениўин әпиўайыластырыў бағдарында болса мәмлекетимизге алып кириўде салық салыўдан азат етилетуғын товарлардың дизими муўапықластырылмақта.
Буннан тысқары, Бажыхана кодекси жаңа статьялар менен толықтырылмақта. Атап айтқанда, бажыхана ҳәм исбилерменлер арасындағы келиспеўшиликлерди судқа шекем шешиў бойынша жаңа система киргизилмекте.
Бажыхана уйымларының ҳәрекетлерине байланыслы 2019-жылы 15 ҳәм 2020-жылы 29 келиспеўшилик ислери ҳәкимшилик судлар тәрепинен көрип шығылған болып, бул исбилерменлердиң түрли суд инстанцияларындағы сергизданлыққа себеп болғанын атап өтиў керек.
Усыныс етилип атырған жаңа система жәрдеминде келиспеўшиликлерди дәслеп бажыхана уйымларында шешиў ҳәм бул арқалы судта көрилип атырған келиспеўшиликлерди орташа еки есеге қысқартыўға ерисиледи.
Нызамның қабыл етилиўи бажыхана жумысы тараўындағы улыўма тән алынған халықаралық норма ҳәм стандартлардың миллий нызамшылыққа имплементацияланыўы ҳәм Бажыхана кодексинде ҳуқықый бослықлардың толықтырылыўына хызмет етеди.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Буннан соң жалпы мәжилисте «Өзбекстан Республикасы Президенти жумысының тийкарғы кепилликлери ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.
Бул нызам Өзбекстан Республикасының Әдиллик министрлиги тәрепинен ислеп шығылған болып, 3 статьядан ибарат екенин атап өтиў керек.
Нызам менен Президенттиң парықлаўшы белгилери, яғный өз белгиси ҳәм штандарты (байрағы)н енгизиў усыныс етилмекте.
Ҳүжжетте белги ҳәм штандарт (байрағы) сыпатламасы, олардан рәсмий пайдаланыў тәртиби Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен белгилениўи нәзерде тутылған.
Мәмлекет басшысының парықлаўшы белгилерин енгизген сырт мәмлекетлерде мәмлекет басшысының белгиси ҳәм штандарты жаңадан сайланған Президентке ант қабыл еткеннен кейин инаугурация ўақтында тапсырылатуғыны белгиленген. Өзбекстан Республикасы нызамшылығында усы мәселелер тәртипке салынбағаны себепли, нызамшылықты тийисли үлгидеги норма менен толықтырыў усыныс етилмекте.
Сенаторлар нызамды мақуллады.
Буннан кейин «2021-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамына өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам додаланды.
Бизге белгили, республикамызда әмелге асырылып атырған жаңаланыўлар, социаллық-экономикалық реформалар процесслерин избе-из даўам еттириў, макроэкономикалық турақлылықты буннан былай да беккемлеў, коронавирус пандемиясының унамсыз тәсирин азайтыў ҳәм халықтың абаданлығын арттырыў мақсетинде Президенттиң бир қатар пәрман ҳәм қарарлары қабыл етилген. Өз гезегинде, бул бағдарда мәмлекетлик бағдарламалар турмысқа енгизилген. Оларда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў болса қосымша қаржыландырыў дәреклерин талап етпекте.
Усы мақсетте 2021-жыл ушын Мәмлекетлик бюджет ҳаққындағы нызамға мәмлекетлик мақсетли қорлар ҳәм республика бюджетинен биринши дәрежели бюджет қаржыларын бөлистириўшилерге ажыратылатуғын қаржылардың шекленген муғдарлары бойынша өзгерислер киргизилмекте.
Атап айтқанда, инвестициялық бағдарламаларға 6 триллион сум, айырым мәкемелерге киргизилген қосымша штат бирликлерин қаржыландырыў ушын 1,4 триллион сум.
Сондай-ақ, усы жылы коронавирусқа қарсы гүресиў илажлары ушын режелестирилген 3 триллион сум қаржы толық жумсалғаны себепли қосымша қаржы резервин жаратыўға 1,3 триллион сум ажыратылады.
Нызамда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин шөлкемлестириў ушын жеңиллетилген кредитлер бериў ҳәм балаларды қамтып алыўдың артқаны себепли 1,1 триллион сум қосымша субсидия ажыратыў, қалаберсе, «Жаңа Әндижан» қалашасын қурыў ҳәм Әндижан ўәлаятында исбилерменликти раўажландырыўға 1,3 триллион сум қаржы қаратыў нәзерде тутылған.
Нызам менен усы қосымша қәрежетлерди қаплаў дәреклери де белгилеп берилип атырғанын атап өтиў керек.
Әмелге асырылыўы режелестирилип атырған, мине, усы илажлардың Мәмлекетлик бюджет ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлары жетиспеўшилигиниң муғдары шеңберинде болатуғыны нәзерде тутылған.
Бул нызам да мақулланды.
Соң «Өзбекстан Республикасының Салық кодексине халықты тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлери менен кепилликли тәмийинлеўге қаратылған қосымша киргизиў ҳаққында»ғы нызам кеңнен додаланды.
Нызам менен республикада гөш өнимлери ҳәм тийкарғы тутыныў өними болған картошкаға болған талап ҳәм баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў арқалы халықтың дәраматларын арттырыў мақсетинде Салық кодексине қосымшалар киргизилмекте.
Атап айтқанда, Салық кодексиниң 483-статьясына 2021-жыл 10-октябрьден 2021-жыл 31-декабрьге шекемги дәўирде гөш (мал, қой, таўық), тири ҳайўанлар (қарамал ҳәм қус) ҳәм оларды сойыў өнимлери, картошка ҳәм музлатылған балықты Өзбекстан Республикасы аймағына алып кириў, сондай-ақ, оларды реализациялаўда айланыслар қосымша қун салығынан азат етиў бойынша қосымша норма киргизилмекте.
Халықты тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлери менен кепилликли тәмийинлеў баҳаларын турақластырыў ҳәм дәраматларды арттырыўға хызмет ететуғыны есапқа алынып, нызам мақулланды.
Буннан кейин жалпы мәжилисте «Суў ҳәм суўдан пайдаланыў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам сенаторлардың итибарына усынылды.
Бул нызам менен мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының суўға байланыслы қатнасықларын тәртипке салыў тараўындағы ўәкилликлери күшейтилмекте. Суўдан пайдаланыўшылар ассоциацияларының жумысы өз ағзаларының ҳәр жыллық ағзалық төлеми, шәртнама тийкарында суўды жеткериў ҳәм басқа да суў хожалығы хызметлери ушын төлемлер ҳәм нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қаржыландырылатуғыны белгилеп қойылмақта.
Сондай-ақ, пайдаланыўшылардың миннетлемелери қатарына санлы технологияларды енгизиў шәрт екенлиги киргизилмекте.
Соның менен бирге, кәрханалар, шөлкемлер, мәкемелер ҳәм пуқараларға суў объектлериниң суўды қорғаў ҳәм санитариялық-қорғаў зоналары режимин бузыў қадаған етилмекте.
Аўыл хожалығы талаплары ушын суў ресурсларынан пайдаланыўшы суўдан пайдаланыўшылардың миннетлемелерине суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиўге байланыслы ҳәр бир жойбарға мәмлекетлик бюджеттен ажыратылған субсидиялардан кеминде бес жыл нәтийжели пайдаланыў, сондай-ақ, суўды үнемлеў имканиятын беретуғын агротехникалық илажларды әмелге асырыў шәрт екенлиги киргизилмекте.
Суў жеткеретуғын зыянлы тәсирден қорғаў, алдын алыў ҳәм оны сапластырыў илажлары мәмлекетлик бюджеттен қаржыландырылатуғын шөлкемлердиң балансындағы объектлерде тийисли бюджет қаржылары есабынан, суўдан пайдаланыўшылар балансындағы объектлерде болса өз қаржылары есабынан әмелге асырылыўы белгиленбекте.
Бул нызамның турмысқа енгизилиўи нәтийжесинде суўды үнемлейтуғын суўғарыў технологияларын енгизиўди жеделлестириў ҳәм суўдан ақылға уғрас пайдаланыўы, суўдан пайдаланыўшылар ассоциацияларының суўдан пайдаланыўды тәртипке салыў бойынша ўәкилликлериниң кеңейиўи, көрсетилген суў хожалығы хызметлери ушын төлемлердиң өз ўақтында өндирилиўи ҳәм финанслық жағдайын жақсылаўға, суў хожалығы объектлеринен пайдаланыўда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик принциплерин енгизиў ҳәм мәмлекетлик бюджет қәрежетлерин азайтыўға ҳәм басқа да нәтийжелерге ерисиледи.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Буннан соң «Наркологиялық кеселликлерге шатылған шахслардың ҳуқықларын қорғаў системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам додаланды.
Нызам тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың қәнигелери менен экпертлердиң қатнасыўында ҳәр тәреплеме үйренип шығылғаннан кейин сенаторлар ҳүжжетти толық қайта көрип шығыў зәрүр, деген жуўмаққа келди.
Гәп сонда, нызамда «Наркологиялық кеселликлер профилактикасы ҳәм оларды емлеў ҳаққында»ғы нызамға киргизилип атырған жаңа «ықтыярий емес түрде емлеў» ҳаққындағы норманың мазмун-мәниси ашып берилмеген ҳәм мәжбүрий емлеў түсиниги менен арасындағы парықлы тәреплери сәўлелендирилмей қалған.
Сондай-ақ, психоактив қураллар тәсиринде мәслик жағдайында ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықларға қол урғаны ушын мәжбүрий ҳәм ықтыярий емес түрде емлеў ушын өз алдына тийкарлар ҳәм механизмлерди ислеп шығыў керек деп табылды.
Буннан тысқары, шахсты ықтыярий емес тәртипте наркологиялық мәкемеге жатқарыў ушын судқа арза бериў тәртибинде де кемшиликлердиң бар екенлиги анықланды.
Сондай-ақ, арза менен судқа мүрәжат еткенде мәмлекетлик бажының төлениўи ямаса оннан азат етилиўи, улыўма алғанда мәмлекетлик бажы ким тәрепинен төлениўине анықлық киргизилмеген.
Нызамда тәртипке салынатуғын жәмийетлик қатнасықлардың әҳмийети итибарға алынып, сенаторлар нызамды қайта көрип шығыўды, оған комплексли қатнас жасап, толық жетилистириўди мақсетке муўапық деп есаплайды ҳәм нызам қайтарылды.
Жалпы мәжилисте Сенаторлар «Музейлер ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамына қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамды да көрип шықты.
Мәжилисте Үшинши Ренессанс тырнағы қойылып атырған мәмлекетимиздеги бурынғы еки ояныў дәўири ҳаққында мағлыўматларға ийе болыў ушын да перзентлеримиз, жаслар, барлық халықтың музейлерге турақлы барыўын жолға қойыў және музейлеримиздиң фондын байытып, материаллық-техникалық базасын избе-из жақсылап барыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Усы жерде тәбийғый сораў туўылады: жаңа нызам қабыл етилиўине қандай зәрүрлик бар?
Бириншиден, әмелдеги нызамда музейлер тәрепинен хожалық жумысын әмелге асырыў, соның ишинде, товарлар сатыў ҳәм хызметлер көрсетиўдиң ҳуқықый тийкарлары белгиленбеген.
Екиншиден, ҳәзирги күнде мәмлекетлик музейлерге бюджет қаржылары тийкарынан музей жумысын сақлап турыў, қурыў ҳәм оңлаў жумыслары ушын ғана ажыратылмақта. Бул болса музейлер өзлери тапқан дәраматлары көрсетилетуғын хызметлериниң сапасын заманагөй талаплар ҳәм халықаралық стандартларға ийкемлестириў имканиятын бермейди.
Үшиншиден, әмелдеги «Музейлер ҳаққында»ғы нызамда музей аймағында оның шөлкемлестириў мақсетине қайшы болған ямаса музей буйымлары ҳәм музей коллекцияларын сақлаў жағдайларына унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин болған жумысты қадаған етиў мәселесин тәртипке салатуғын қағыйда жоқ.
Жоқарыдағы кемшиликлерди сапластырыў,музейлер тәрепинен көрсетилетуғын хызметлердиң сапасын заман талапларына ҳәм халықаралық стандартларға бейимлестириў, олардың жергиликли келиўшилер ҳәм туристлер ушын тартымлылығын арттырыў ушын да бул нызамды қабыл етиў зәрүрлиги пайда болған.
Усыныс етилип атырған ҳүжжетте музей аймағында оның шөлкемлестириў мақсетине қайшы келетуғын ямаса музей буйымлары ҳәм музей коллекцияларын сақлаў жағдайына унамсыз тәсир көрсетиў мүмкин болған жумыс қадаған етилиўи ҳаққында қағыйда киргизилмекте.
Музейлерге шөлкемлестириў ҳүжжетлерине муўапық дәраматларын көбейтиў мақсетинде музей буйымлары ҳәм музей коллекцияларының қәўипсизлигин тәмийинлеген ҳалда дәрамат келтиретуғын жумыс пенен шуғылланыў ҳуқықы берилмекте.
Музейлерде мәдений мийрас көшпес мүлк объектлеринен пайдаланыўда тийкарғы ҳуқықты бериў нәзерде тутылмақта.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Соң сенаторлар тәрепинен Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитетиниң 2020-жыл ҳәм 2021-жылдың өткен дәўириндеги жумысы бойынша есабаты додаланды.
Атап өтилгениндей, комитет тәрепинен нызамшылық жумысы шеңберинде есабат дәўиринде халық депутатлары жергиликли Кеңеслери депутатларының қатнасыўында ҳәм экспертлерди тартқан ҳалда Олий Мажлис Нызамшылық палатасы тәрепинен қабыл етилген ҳәм мақуллаў ушын Сенатқа киргизилген 15 нызам (2020-жылда 8, 2021-жылдың 9 айында 7) ҳәм 20 мәселе дәслепки тәризде көрип шығылып, Сенаттың жалпы мәжилисиниң додалаўына киргизилген.
Қадағалаў-таллаў жумысы шеңберинде 14 илаж өткерилген. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы ишки ислер министриниң мәлимлемеси 4 мәрте, қорғаныў министри және Қорғаныў санааты бойынша мәмлекетлик комитети баслығының мәлимлемелери 1 мәртеден, Санаат қәўипсизлиги мәмлекетлик комитети баслығының мәлимлемеси 1 мәрте, айрықша жағдайлар министри, Мәмлекетлик бажыхана комитети баслығы, энергетика министри және Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкиминиң мәлимлемелери 1 мәртеден тыңланған.
Сенатқа келип түскен физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатлары, орынларда халық пенен ушырасыўлар ҳәм жедел қабыллаўлар және социаллық тармақлардағы (Facebook, Instagramm, Telegramm messenger ҳәм) мүрәжатларда көтерилген мәселелер бойынша 3 парламентлик сораў жиберилген. Олардың нәтийжеси комитет ҳәм Сенаттың жалпы мәжилисинде додаланған.
Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы шеңбериндеги Мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўы бойынша 4 ўазыйпаның орынланыўы тәмийинленген.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжаты және 2020 –жыл 20-январьдағы Олий Мажлис Сенатының биринши мәжилисиндеги баянатында белгилеп берилген 5 тийкарғы ўазыйпа орынланған.
Ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм олардың профилактикасы шеңберинде Ишки ислер министрлиги менен биргеликте жынаятлар көп қол урылған аймақлар мониторинг етилип, Қашқадәрья, Сурхандәрья, Әндижан ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасының жағдайы, жынаятшылықтың артыўының себеплери және оған шараятлар жаратып атырған факторлар үйренилип, жуўапкер басшылардың мәлимлемелери тыңланған ҳәм нәтийжелери бойынша комитеттиң тийисли қарарлары қабыл етилген.
Нәтийжеде Ишки ислер министрлиги тәрепинен жынаятшылықтың саны артқан Әндижан қаласы Ишки ислер басқармасының баслығы ўазыйпасынан босатылған.
Мәмлекетимизде жынаятлардың алдын алыў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлери ҳәм нызамлы мәплериниң қорғалыўын тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған жумыслар ҳаққында Ишки ислер министриниң мәлимлемелери 4 мәрте тыңланған. Нызамлардың орынланыў жағдайы, ҳуқықты қолланыў әмелиятын үйрениў ҳәм нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлердиң қабыл етилиўин үйрениў жумысы шеңберинде 7 нызамды енгизиўге қаратылған нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлердиң қабыл етилиўи және әмелде қолланылыўы жағдайы мониторинг етилип, нәтийжеси бойынша Сенат Кеңесиниң қарары қабыл етилген.
Пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў тараўында комитет ағзалары тәрепинен есабат дәўиринде физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден келип түскен 11926 (2020-жылда 7400, 2021-жылдың тоғыз айында 4526) жазба мүрәжат көрип шығылған, соннан 3407си Сенатқа келип түскен мүрәжат болып есапланады.
Қадағалаўға алынып жиберилген 919 мүрәжаттан 170 си (18 процент) унамлы шешилген. Тийислилиги бойынша тийисли шөлкемлерге жиберилген мүрәжатлардың 722 сине (78процент) шөлкемлер тәрепинен пуқараларға түсиник берилген.
Сайлаўшыларды тәшўишке салып атырған машқалаларды терең үйрениў ҳәм олардың шешими бойынша зәрүр илажлар көриў мақсетинде 1646 ушырасыў өткерилген.
Комитет ағзалары тәрепинен Сенатта ҳәм орынларда улыўма 6947 пуқара қабыл етилген.
Сондай-ақ, тийисли аймақ ҳәм сайлаўшылардың мәплерине байланыслы машқалаларды шешиў бойынша парламентлик қадағалаўдың сенатор сораўы түринен нәтийжели пайдаланып, мүрәжат еткен физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мәплери менен байланыслы мәселелер бойынша улыўма 113 сенатор сораўы жиберилген.
Нәтийжеде аймақларда халықты қыйнап киятырған ишимлик суўы, тәбийғый газ, электр энергиясы ҳәм жол қурылысына байланыслы машқалалар шешилген.
Буннан тысқары, сенаторлардың басламасы менен мәмлекетимиздеги онлаған мәҳәллелерге ишимлик суўы ҳәм тәбийғый газ қубырлары тартылған, халықты электр энергиясы менен үзликсиз тәмийинлеў мақсетинде жаңа трансформаторлар орнатылған және жаңа мектеп ҳәм шаңарақлық поликлиникалар қурып питкерилген.
Мәжилисте комитеттиң ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм профилактикасы тараўында пайдаланылмай атырған имканиятлар бар екенлиги атап өтилди.
Атап айтқанда, ҳуқықты қорғаў уйымларының мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер, сондай-ақ, кең жәмийетшилик пенен өз-ара бирге ислесиўин дурыс жолға қойыў, Ишки ислер уйымлары аймақлық бөлимлери басшыларының есабатларын жергиликли Кеңеслерде тыңлаўда елеге шекем рәсмийликке ҳәм еки жүзиликке жол қойылып атырғанлығы себепли ҳуқықбузарлықлар профилактикасы тараўында жергиликли Кеңеслердиң қадағалаўын күшейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Сондай-ақ, комитет ағзалары жергиликли депутатлар ҳәм орынларда тийисли мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер менен биргеликте пуқаралардың турмысы ҳәм денсаўлығына, әсиресе, шаңарақ, турмыс қатнасықлары шеңберинде жүз берип атырған жынаятлардың себеплерин үйренип алдын алыў, жергиликли Кеңеслерде жуўапкер комиссиялар, уйымлар ҳәм жәмийетлик шөлкемлер менен биргеликте ҳаял-қызлар, жаслар, әсиресе, бәнтлиги тәмийинленбеген жаслар арасында қол урылып атырған ҳуқықбузарлықлардың турақлы таллаўын жүргизиў арқалы бундай жағдайлардың келип шығыў себеплери ҳәм факторларын анықлаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Атап өтилгениндей, жол-транспорт ҳәдийселериниң жүз берилиўине имканият жаратып атырған шараятларды сапластырыў бағдарындағы жумысты және де күшейтиў зәрүр.
Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.
Сондай-ақ, жалпы мәжилисте Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды қурамына өзгерислер киргизиў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.
Өзбекстан Республикасы Конституциясының 80-статьясы 3 бәнти ҳәм «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты ҳаққында»ғы Өзбекстан республикасы Конституциялық Нызамының 9-статьясы биринши бөлиминиң 3-статьясына муўапық Ойбек Аъзамжонович Баракабаев ҳәм Дониёржон Муҳамматжонович Тожибоевти он жыллық мүддетке Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының судьясы лаўазымына сайлаў ҳаққында қарар қабыл етилди.
Сондай-ақ, Жоқарғы судтың айырым судьялары басқа жумысқа өткенлиги мүнәсибети менен лаўазымларынан азат етилди.
Жалпы мәжилисте 18 мәселе, соның ишинде, 8 нызам додаланды.
Соның менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жигирмаланшы жалпы мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.
Өзбекстан Республикасы
Олий Мажлиси Сенатының
Мәлимлеме хызмети