1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясының баспасөз орайында ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң қатнасыўында брифинг өткерилди. Брифингте усы жыл 24-октябрь күни өткерилетуғын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына байланыслы әмелге асырылған жумыслар бойынша кең түрде мағлыўмат берилди.
Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының 14-августтағы қарары менен 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясының қурамы тастыйықланды ҳәм соннан берли комиссия тәрепинен сайлаў нызамшылығына муўапық сиясий процесске пуқта таярлық көрилмекте.
Cайлаўлардың ашық-айдын ҳәм демократиялық өлшемлер тийкарында өтиўинде ғалаба хабар қуралларының орны әҳмийетли, әлбетте. Сонлықтан, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериўши 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясының 1-мәжилис протоколы тийкарында сайлаў округиниң Баспасөз орайы шөлкемлестирилип, онда электрон ғалаба хабар қураллары (телевидение, радио) менен ислесиў топары, баспа ғалаба хабар қураллары менен ислесиў топары, интернет тармағы арқалы сайлаўды сәўлелендириў топарлары жумыс алып барып атыр.
Қарақалпақстан Республикасында 656 сайлаў участкасы бар. 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясы тәрепинен сайлаў участкаларының тәртип номерлери, шегаралары, мәнзиллери көрсетилген дизим қарар менен тастыйықланып, «Қорақалпоғистон тонги», «Еркин Қарақалпақстан», «Вести Каракалпакстана» газеталарында өзбек, қарақалпақ ҳәм рус тиллеринде басып шығарылды.
Орайлық сайлаў комиссиясының қарары менен Президентликке талабанлардың Сайлаўалды үгит-нәсият материаллары ушын теле-радио каналлар ҳәм республикалық басылымлардан бийпул эфир ўақты ҳәм басылым майданы ажыратылды. Ҳәзирги ўақытта барлық талабанлардың Сайлаўалды бағдарламалары қарарда белгиленгениндей бир беттен «Қорақалпоғистон тонги», «Еркин Қарақалпақстан», «Вести Каракалпакстана» газеталарында өзбек, қарақалпақ ҳәм рус тиллеринде басып шығарылды.
Қарақалпақстан Республикасының орайлық басылымларында Президент сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы процесслер ҳаққында 145 материал жарытылды. «Қарақалпақстан» теле ҳәм радио каналларында сайлаўға байланыслы 290 материал эфирге узатылды. Сондай-ақ, мәмлекетлик емес телеканал «Жаслар ТВ» ҳәм «Элликқалъа ТВ», «Аму ТВ», «Тўрткўл ТВ» жергиликли телеканалларында ҳәр қыйлы рубрикаларда (тематикаларда, формада) сайлаўға байланыслы видеороликлер ҳәм көрсетиўлер эфирге узатылды.
Сондай-ақ, Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен республикамызда жумыс ислеп турған 71 FХҚ ўәкиллери аккредитациядан өткерилди.
Сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў процесслерин қалыс сәўлелендириў, сайлаў компаниясының ашық-айдынлығын тәмийинлеў, халықты сайлаўға тийисли илажлар менен өз ўақтында хабардар етип барыў мақсетинде Баспасөз орайының илажлар режеси тастыйықланып, усы тийкарда журналистлер ушын 5 баспасөз конференциясы, 8 брифинг шөлкемлестирилди. Илажларда сиясий партиялардың мәлимлеме хызмети ўәкиллерин ҳәм жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин кеңирек тартқан ҳалда сайлаўға таярлық процесин кең түрде сәўлелендириў бойынша усыныслар берилди.
20-октябрь күни мүддетинен бурын даўыс бериў жуўмақланды. Қарақалпақстан Республикасы сайлаў участкаларында 8 мың 423 сайлаўшы мүддетинен бурын даўыс берип, сайлаў ҳуқықынан пайдаланды.
Брифингте аккредитациядан өткен бир қатар журналистлерге гүўалықлар ҳәм еслетпе материаллар тапсырылды.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
И.Матековтың түсирген сүўретлери