Усы жыл 20-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериўши 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясының Баспасөз орайы тәрепинен ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын медиа-тур шөлкемлестирилди.

Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен аккредитациядан өткен ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери  дәслеп 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясының Баспасөз орайының жумысларын көзден өткерди. Бул жерде орай ағзалары ҳәм сайлаў процесин сәўлелендирип баратуғын ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын жаратылған шараятлар менен танысты.

Баспасөз орайында сайлаў процесин сәўлелендирип барыў ушын барлық шараятлар жаратылған. Жергиликли ҳәм  сырт елли журналистлер қатнасында баспасөз әнжуманын өткериўге арнаўлы зал ажыратылған. Бул жерде электрон ғалаба қураллары (телевидение, радио), баспа ғалаба хабар қураллары ҳәм интернет тармағы арқалы сайлаўды сәўлелендирип барыў топарлары жумыс алып бармақта.

Баспасөз орайы өз жумысын басланған күннен баслап (Telegram https://t.me/saylaw_2021, Facebook https://www.facebook.com/saylaw2021) социаллық тармақларда рәсмий бетлерин ашып, оларда сайлаўға байланыслы үгит-нәсият материаллары берип барылмақта. Орай хызметкерлериниң атап өткениндей, бүгинги күнге шекем округте өткерилген рәсмий  мәжилислерден басқа 1100 ден зыят сайлаўға байланыслы материал жайластырылған.

Усы жерде  журналистлерге жергиликли ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын еслетпе китапшасы тапсырылды.

Медиа-тур қатнасыўшылары Нөкис қаласындағы жақында пайдаланыўға тапсырылған Моно орайда жайласқан 42-санлы сайлаў участкасында болды. Участкалық сайлаў комиссиясының баслығы Бақберген Айтмуратовтың атап өткениндей, аймақта жәми 2695 сайлаўшы болып, бүгинги күнге шақырыў қағазлары толық тарқатылған. Сайлаў күни жасаў орнында бола алмайтуғын 16 пуқара мүддетинен бурын даўыс берген. Бул жерде сайлаўшылар ушын барлық шараят жаратылған.

Илаж қатнасыўшылары сондай-ақ, Нөкис медицина колледжинде жайласқан 8-санлы, Нөкис Әбу Әли Ибн Сино атындағы жәмийетлик саламатлық техникумында жайласқан 16-санлы сайлаў участкаларында болып, таярлық жумыслары ҳәм сайлаўшыларға жаратылған шараятлар менен танысты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги