Әзербайжан Республикасының мәмлекетимиздеги елшиханасы жанындағы Гейдар Әлиев атындағы мәденият орайының басламасы менен республикамызда Әзербайжан мәденияты ҳәм әдебияты күнлери өткерилмекте

Усы жыл 20-октябрь күни Нөкис халықаралық аэропортында делегация ағзалары салтанатлы жағдайда күтип алынды.  Илаждың дәслепки күни Қарақалпақстан Республикасы Тарийхы ҳәм мәденияты музейинде халықлар дослығы, мәдениятымыз ҳәм әдебиятымыз байланысына бағышланған телекөрсетиў сүўретке алынды. Көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы жыйналғанларда айрықша тәсир қалдырды. Буннан кейин мийманлар И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде болды.

Усы күни делегация ағзаларын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қабыл етти. Онда бул илаждың Өзбекстан ҳәм Әзербайжан Республикалары мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы байрамы мүнәсибети менен, сондай-ақ, Әзербайжан Республикасы Президенти И.Әлиевтиң мәмлекетимизге жақын ўақытлары режелестирилип атырған рәсмий сапары алдынан өткерилип атырғаны менен де әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Қабыллаўда мәмлекетлеримиз арасындағы ҳәр тәреплеме байланысларды буннан былай да беккемлеў бойынша баҳалы пикир алысыўлар болды.

Усы күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Әзербайжан мәденияты ҳәм әдебияты күнлериниң салтанатлы ашылыў мәресими болды. Онда Қарақалпақстан Республикасы Туризм ҳәм спорт бас басқармасының баслығы Р.Зарикеев, Әзербайжан Республикасының мәмлекетимиздеги елшиханасы жанындағы Гейдар Әлиев атындағы мәденият орайының директоры С.Аббазов, Әзербайжан Республикасы Миллий Маджлиси мәденият комитетиниң басшысы Г.Пашаева шығып сөйлеп, өткерилип атырған илаждың әҳмийетине, алдағы ўақытлары мәмлекетлеримиз дослық байланысларды беккемлеў мәселелерине тоқтап өтти.

Буннан кейин жыйналғанларға Әзербайжан ҳәм республикамыз көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы қойып берилди.

21-октябрь күни Әзербайжан мәденияты ҳәм әдебияты күнлери даўам етти. Мийманлар Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында  «Гүсейн Джавид атындағы Әзербайжан әдебияты ошағы»  бөлмесиниң ашылыў салтанатына қатнасты. Сондай-ақ, Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында  студент жаслар менен ушырасыў болып өтти.

Еки күн даўам еткен илаж ҳақыйқый мәденият, әдебият ҳәм дослық байрамына айланды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери