Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси  жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллапқуўатлаў Жәмийетлик фонды тәрепинен жәрияланған грант таңлаўында Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлиминиң  ««Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларының әмелге асырылыўы бойынша  орынларда жәмийетлик қадағалаўды тәмийинлеў» бағдарындағы жойбары жеңимпаз болған еди.

Усы жылдың  20-октябрь күни ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм блогерлер Хожели районында «Абат мәҳәлле» бағдарламасының орынланыўы менен танысты.

Илажда Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы К.Реймов, Хожели районы ҳәкиминиң орынбасары А.Ниетуллаев жойбардың мақсет ҳәм ўазыйпалары, бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар менен таныстырды.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жылы 2-апрельдеги «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларын әмелге асырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында райондағы «Наўрыз» ҳәм «Қумбыз» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында  қурылыс және абаданластырыў жумыслары алып барылмақта. Қәнигелердиң атап өткениндей, бул жумысларға жәми 13 миллиард 7 миллион сум қаржы ажыратылыўы режелестирилген.

Соннан бүгинги күнге «Наўрыз» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында 3,2 километр ишки жолларда оңлаў жумыслары алып барылған болса, 2 километр узынлықтағы пиядалар жолы қурылды. Көшелерге 200 түнги жақтыландырыў шырағы орнатылып,  300 түптен зыят мийўели ҳәм саяманлы терек нәли отырғызылды.Бағдарлама тийкарында пуқаралар жыйыны аймғындағы 54 нызамсыз қурылған объект бузылып, 8 километр узынлықтағы көшениң бойлары абаданластырылды ҳәм жап-салма тазаланды. Буннан тысқары, аймақта 3 километр узынлықтағы 0,4  кВ ҳаўа линиясы тартылып, 28 таяныш бағанасы орнатылды. Жылытыў мәўсими алдынан аймақта  6,2 километр газ тармағында, 8 дана газ бөлистириў пунктинде оңлаў жумыслары алып барылып, 2,4 километр суў тармағын тартыў жумыслары әмелге асырылды.

-Бағдарламаға киргизилгеннен кейин аймағымызда айтарлықтай унамлы өзгерислер болып атыр,-дейди Қыят көшесиниң турғыны Уктам Назаров.- Көшелеримиз асфальтланып, түнги жақтыландырыў шырақлары орнатылды. Өзлеримизде қарап отырмастан, турақ жайларымыздың әтирапында абаданластырыў  ҳәм көклемзарластырыў жумысларын алып барып атырмыз.

«Наўрыз» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында еки улыўма билим бериў мектеби болып, соннан 28-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 460 оқыўшыға мөлшерленген қосымша имаратының қурылыс жумыслары алып барылмақта.  «Karakalpak Windows» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қурылысшылары тәрепинен алып барылып атырған мектеп қурылысы Өзбекстан Республикасы Конституциясы күни байрамына пайдаланыўға тапсырылады.

Илажда ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм блогерлер жойбар бойынша өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы