Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясының Нөкис филиалы студент-жасларының қатнасыўында Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан, әмелдеги Президент Ш.Мирзиёевтиң сайлаў алды бағдарламасын үгит-нәсиятлаў илажы болып өтти.
Онда ӨзЛиДеП партиясынан усынылған талабанның исенимли ўәкили А.Данияров шығып сөйлеп, сайлаўшыларға Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң өмири ҳәм өткен бес жыл даўамында Ҳәрекетлер стратегиясы шеңберинде әмелге асырылған реформалар, сондай-ақ, алдағы жылларда әмелге асырылыўы режелестирилген 5 жыллық сайлаўалды бағдарламасы ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берди.
Ушырасыўда исенимли ўәкил Ш.Мирзиёевтиң биринши гезектеинсан мәпин үстин қойыўшы инсан екенлиги, бул бағдарда мәмлекетимизде пуқаралардың аўырын жеңил етиў, мүтәжликлерин қанаатландырыўда «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етиў керек» деген принциптиң турмысқа енгизилгенлигин айрықша атап өтти.
– Буннан 5 жыл бурын ӨзМКӨМИ Нөкис филиалында тәлим алыўшылар 100ге жетпейтуғын еди. Ал, бүгинги күнге келип бул дәргайда оқып атырған студентлер 1000ға шамаласты. Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы Нөкис филиалының шөлкемлестирилиўи, сондай-ақ, Шавкат Мирзиёев Өзбекстан жаслары форумындағы жаслар менен ушырасыўында ўәлаят ҳәкимлери ҳәр бир қала ҳәм районнан 5 жасқа шекем жасларды мәденият, көркем өнер жоқары оқыў орынларына жергиликли бюджет есабынан оқытыў ҳәм алдағы ўақытлары оларды өз аймағында турақ-жай, қәнигелиги бойынша жумыс пенен тәмийинлеў илажларын көриў бойынша тапсырмалар берген еди. Әлбетте, бул мәденият, көркем өнер тараўына қызығыўшы қарақалпақстанлы жаслар ушын жаратып берилген кең имканиятларынан десек қәтелеспеймиз, – дейди А.Данияров.
Қарақалпақстан хабар агентлиги