Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына Кайпов Дарьябай Жаксыбаевич тайынланды. Бул ҳаққында Министрлер Кеңеси мәлимлеме хызмети хабар берди.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, Дарьябай Кайпов усы күнге шекем Хорезм ўәлаяты ҳәкимлигиниң аўыл хожалығы мәселелери бойынша секретариат баслығы лаўазымында ислеп келген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.