6-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма екинши сессиясы болып өтти. Бул ҳаққында Жоқарғы Кеңес баспасөз хызмети хабар берди.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы   М.Камалов кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.

Сессия күн тәртибинде «Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды баслығын сайлаў ҳаққында»ғы мәселе көрип шығылды ҳәм Нурлипесов Амир Отепович Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының баслығы лаўазымына сайланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.