Усы жылдың 28-сентябрь – 3-октябрь күнлери «Жипек жолы дүрданасы» XIII Ташкент халықаралық кинофестивалы болып өтти.
Ташкент халықаралық кинофестивалының жабылыў мәресиминде фестиваль қатнасыўшылары Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевқа мүрәжат жоллады. Мүрәжатты белгили рус кинорежиссёры ҳәм продюсер Тимур Бекмамбетов оқып еситтирди.
Онда қатнасыўшылар мәмлекетимиз басшысына әпсанаўий кинофестивальдың қайта тикленгени мүнәсибети менен миннетдаршылық билдирди.
«Дерлик шерек әсирлик тәнепистен соң, Сизиң басламаңыз бенен қайта тикленген «Жипек жолы дүрданасы» XIII Ташкент халықаралық кинофестивалы елиўге шамалас мәмлекеттиң кино дөретиўшилерин жәмледи. Ҳәпте даўамында Өзбекстан экранларында жәҳән кинематографиясының соңғы жылларда сүўретке түсирилген ең сайланды шығармалары көрсетилди, тараўдағы өзгерислер ҳаққында пикир алысылды, жаслар ушын шеберлик сабақлары шөлкемлестирилди. Фестиваль себепли дүньяны қамтып алған пандемия себепли бир-бирин узақ ўақыттан берли көрмеген инсанлар және ушырасты, узақ күтилген дослық ушырасыўлары ҳәм жаңадан танысыўлар болып өтти. Сондай-ақ, бул кинофестиваль Азия, Африка ҳәм Латын америкасы мәмлекетлери Ташкент халықаралық кинофестивалының барлық дәстүрлерин өзинде жәмлегени ҳәм халықаралық талаплар ҳәм стандартлар тйикарында жоқары дәрежеде өткерилгенин қанаатланыўшылық пенен атап өтпекшимиз», делинеди мүрәжатта.
Сондай-ақ, қатнасыўшылар Өзбекстанда әмелге асырылған кең көлемли өзгерислер ҳәм реформаларды атап өтти: «Өзбекстан ўәлаятларына саяхат даўамында қалалар көриниси ҳәм мәмлекетиңиз қандай дәрежеде өзгергенин өз көзимиз бенен көрдик. Биз өзбек халқының миймандослығына, ашық кеўиллигине және бир мәрте гүўасы болдық. Әсиресе, жаслар ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў ушын Сиз жаратқан шараятлар бизде үлкен тәсир қалдырды.
Биз, тараў ўәкиллери кино санааты ҳәм кинематографияны қоллап-қуўатлағаныңыз, соның ишинде, жақында 100 жыллығын қарсы алатуғын «Өзбекфильм» студиясының қайта тиклениўи, техникалық үскенелениўи, Пүткилроссия мәмлекетлик кинематография институтының Ташкентте филиалы ашылыўы, Кино фондының қайта тиклениўи ҳәм өзбек фильмлериниң эталон нусқаларының күшейтилгенлиги ушын шын кеўилден миннетдаршылық билдиремиз.
Әсиресе, Өзбекстанда басқа мәмлекетлер менен бирге ислесиўде кино өндирисиниң жақсы дәстүрлери қайта тикленгенин, соның ишинде, болып өткен кинофорумның өзинде 10 нан артық әҳмийетли ҳүжжетлерге қол қойылғанын айрықша атап өтиў тийис, ерисилген келисимлер кинематография тараўындағы халықаралық бирге ислесиўге жаңа түртки береди».
Жуўмақлап айтқанда, кинофестиваль қатнасыўшылары Өзбекстан кино санааты дүньядағы ең раўажланған тармақлардан бирине айланыўы ушын барлық ҳәрекетлерди әмелге аырыўға таяр екенлигин билдирди.
Кинематография агентлиги Мәлимлеме хызмети
ӨзА