Усы жылдың 6-8-октябрь күнлери пайтахтымыздағы «Анхор-Локомотив» дем алыў бағында «Тоқымашылық үскенелери ҳәм технологиялары» он үшинши Орайлық Азия халықаралық көргизбеси болып өтеди.
Бүгин «Iteca Exhibitions» халықаралық көргизбелер компаниясында өткерилген баспасөз конференциясында «CAITME» халықаралық көргизбесиниң директоры Гуллола Нодирхонова усы халықаралық илаждиң шөлкемлестирилиўи ҳәм оның қатнасыўшылары ҳаққында мағлыўмат берди.
Атап өтилгениндей, бул көргизбе тоқымашылық, трикотаж, тигиўшилик өндириси ушын әсбап-үскенелердиң заманагөй технологиялық қолланбалары ҳәм үлгилери менен жақыннан таныстырыўға хызмет етеди.
– Көргизбеде дүнья жүзиниң 12 мәмлекетинен жүзден аслам компанияның қатнасыўы күтилмекте, – деди Г.Нодирхонова. – Соның ишинде, олар арасында Австрия, Германия, Ҳиндстан, Испания, Италия, Қазақстан, Қытай, Россия, Түркия, АҚШ, Швейцария сыяқлы мәмлекетлерден ислеп шығарыўшылар бар. Анығырақ айтатуғын болсақ, қатнасыўшылардың 78 проценти сырт елли, 22 проценти жергиликли ислеп шығарыўшылар болып есапланады. Мәселен, бир ғана Түркиядан 44 компания заманагөй трикотаж ҳәм кептириў машиналары, пардозлаў, бояў ҳәм лаборатория үскенелери, таўарларды үзликсиз жуўыў ушын тақтайлар, тоқымашылық қазанлары ҳәм горелкалар, сондай-ақ, қадағалаў-өлшеў техникасы, компрессорлар, гидравликалық қурылмалар ҳәм басқа да көплеген өнимлерди көрсетеди.
Әҳмийетли тәрепи, көргизбеде дәслепки мәрте Испанияның компаниялары қатнасады. Онда усы мәмлекеттиң жети санаат ислеп шығарыўшылар ассоциациясы (AMEC) шийки сабақ ҳәм ийирилген жиптиң дөңгелек таяқшалары, баспа ҳәм ийириў машиналары, тақтайша ҳәм пардозлаў үскенелерин усынады. Сондай-ақ, турақлы қатнасыўшылардың қатарында дебютантлар да бул ретки көргизбеге өзине тән жаңалықлары менен келген.
Еслетип өтемиз, «Тоқымашылық үскенелери ҳәм технологиялары» он үшинши Орайлық Азия халықаралық көргизбеси «Iteca Exhibitions», «ICA Eurasia» халықаралық көргизбе компаниялары тәрепинен ҳәм Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, «Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясы ҳәм Саўда-санаат палатасының рәсмий жәрдеминде шөлкемлестирилмекте.
Насиба ЗИЁДУЛЛАЕВА,
ӨзАның хабаршысы