Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық кеңеси ҳәм Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Денетәрбиясы ҳәм спорт саўалландырыў басқармасының усы жыл 8-сентябрь күнги «Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күнине бағышланған «Спорт-саламатлық гиреўи!» сүрени астында республикалық Спартакиаданы өткериў ҳаққында»ғы қоспа қарарына муўапық,  бир ай даўамында мәденият, спорт, туризм тараўы хызметкерлери арасында спартакиада өткерилиўи режелестирилмекте.

Спартакиадада тараўлық кәсиплик аўқамлары дизиминдеги кәрхана, шөлкем ҳәм мәкемелерде жумыс ислеп атырған хызметкерлер арасында спорттың стол тенниси, волейбол, шашка, шахмат, минифутбол түрлери бойынша жарыс өткериледи.

Буннан гөзленген баслы мақсет – хызметкерлер арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, оларды спорт пенен турақлы түрде шуғылланыўға кеңнен тартыў, спорт-саўалландырыў илажлары арқалы денсаўлықларын тиклеўге жәрдем бериў, спорттың ғалабалық түрлерине қамтыў, хызметкерлерди ҳәр қыйлы кәсиплик кеселликлеринен спорт ҳәм саламат турмыс тәризи тийкарлары арқалы қорғаў болып есапланады.

– Усы жылдың октябрь-ноябрь айларында өткерилетуғын Спартакиада үш басқыштан ибарат,-дейди Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық кеңесиниң Қарақалпақстан Республикасы бойынша жуўаплы шөлкемлестириўшиси Жеңисбай Аяпов. – Биринши Қарақалпақстан Республикалық басқышы 1-октябрьден 10-октябрьге шекем қала ҳәм районлардан дүзилген командалардың қатнасыўында шөлкемлестириледи.

Екинши басқышы 10-октябрьден  25-октябрьге шекем ўәлаятлараралық аймақлық басқышында өткериледи. Усы аймақлық басқыштағы Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты командалары арасындағы жарыслар Үргениш қаласында болып өтеди.

Спартакиаданың  үшинши республикалық финал басқышы 5-6-ноябрь күнлери Шыршық қаласындағы Өзбекстан денетәрбия ҳәм спорт институты ҳәм «Бўстон» санаториясы базаларында Республикалық шөлкемлестириў комитетлериниң басшылығында өткерилиўи  жобаластырылған.

Жарысларда спорт шеберлери, спорт тренерлериниң қатнасыўы қадаған етиледи. Жарысларда 25 ҳәм оннан үлкен жастағы хызметкерлер қатнастырылады.

Жеңимпазлар Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бирлескен комитети тәрепинен арнаўлы диплом, қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги