Усы жыл 25 ҳәм 28-сентябрь күнлери аралығында 2007-2008, 2009-2010 ҳәм 2011-2012-жыллары туўылған жас өспиримлер арасында бокс бойынша  Нөкис қаласы 3-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң ашық бириншилиги болып өтти.

Нөкис қаласы «Ақ жағыс» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы «Саламат» бокс залында Муғаллимлер ҳәм устазлар күнине бағышланып өткерилген жарысқа 100 ден аслам жас спортшы қатнасты. Үш күн даўам еткен жарыста жеңимпазлар анықланды.

2007-2008-жыллары туўылған жас өспиримлер арасында Б.Рахатов, Р.Мақсетов, Б.Оразбаев, Қ.Әметов, Д.Жалғасбаев, А.Бийсенбаев, Ж.Махмудов, 2009-2010-жыллары туўылған жас өспиримлер арасында Р.Турсынбаев, Н.Узақов, Е.Жуманазаров, Ш.Абдиғаниев, А.Жумамуратов, Р.Досманбетов, Н.Артықбаев, М.Азатов, Б.Мадреймов, М.Изимбетов, 2011-2012-жыллары туўылған жас өспиримлер арасында Б.Андреев, А.Оралбаев, Р.Досымбетов, М.Жандуллаев, А.Оңдасынов. А.Оразбаев ҳәм басқалар өз салмақ категорияларында биринши орынларды ийеледи.

– 40 килограмм салмақ категориясында үш қарсыласымның үстинен жеңиске ерисип, жеңимпаз болдым,-дейди Руслан Досманбетов.-Бокс пенен Шымбай районында биринши тренерим Абай Нурыллаевтың басшылығында шуғылланып басладым. Ташкент, Ангрен қалаларында өткерилген жарысларды сыйлы орынларды ийеледим. Келешектеги әрманым Олимпиада ойынларына қатнасыў болып табылады.

-Жарысты өткериўден мақсет, жас өспиримлердиң бокс түрин кеңнен үгит-нәсиятлаў, жас спортшыларды қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеўден ибарат,-дейди белгили спортшы, спорт ветераны Зарипбай Алланиязов.-Ҳәр бир шәкиртиниң жарыста жеңимпаз болыўы устазларына байрам саўғасы болып табылады.

Жарыс жеңимпазларына шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги