Азия-Тыныш океаны регионы еллериниң он биринши Халықаралық юридикалық форумы болып өтти.

Видеоконференцбайланыс түринде өткерилген форумда Өзбекстан, Россия, Корея, Қытай, Ҳиндстан, Қазақстан, Қырғызыстан, Вьетнам, Индонезия, Камбоджа, Монғолия, Мьянма, Пакистан, Таиланд, Филиппин сыяқлы мәмлекетлер Жоқарғы судларының баслықлары ҳәм судьялары қатнасты.

Россия Федерациясы Жоқарғы судының  баслығы В.Лебедев басшылығында болып өткен абырайлы әнжуманда әдил судлаў ҳәм экономикалық интеграцияның раўажланыўына байланыслы мәселелер додаланды. Экономикалық келиспеўшиликлерди шешиў ҳәм интелектуаллық ҳуқықлардың суд қорғаўы менен байланыслы мәселелерге итибар қаратылды.

Соның менен бир қатарда, сырт ел судлары ҳәм арбитражы қарарларын тән алыў ҳәм орынлаўға  қаратыў, келиспеўшиликлерди шешиўдиң альтернатив усыллары, экономикалық тартысыўлар бойынша суд қорғалыўының оператив қураллары, тәмийинлеў илажларын қолланыў ҳаққында пикирлер билдирилди. Сыртқы экономикалық келиспеўшиликлерди шешиў ушын қәнигелескен судлаў, трансшегаралық келиспеўшиликлерди және сырт ел пуқаралары менен байланыслы келиспеўшиликлерди шешиўде қатнасыўшы мәмлекетлер Жоқарғы судлары арасында халықаралық-ҳуқықый жәрдемниң судлаў платформасын жаратыў ҳәм қәлиплестириў мәселелери бойынша тәжирийбе  алысылды.

Форум қатнасыўшылары патентленген технологияларға әдил, ақыллы ҳәм кемситиўсиз ерисиўди тәмийинлеў, жасалма интеллект технологияларының айланыўы ҳәм қолланылыўы бойынша трансшегаралық келиспеўшиликлер, контрафакт өним айланысына қарсы гүресиўде судлардың роли, медицина тараўындағы патент келиспеўшилкилери ҳәм регион мәмлекетлеринде параллель импортқа байланыслы келиспеўшиликлер бойынша әмелиятлар ҳаққында да сөз болды.

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды баслығы Козимжон Комилов форум қатнасыўшыларына Өзбекстандағы инвестициялық шараят ҳаққында мағлыўмат берди. Инвесторлар ҳәм исбилерменлердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплериниң кепилликли суд қорғаўын тәмийинлеўге қаратылған реформалар әмелге асырылғаны мәлим етилди.

Азия-Тыныш океаны регионындағы мәмлекетлер менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыў Өзбекстан сыртқы сиясатының әҳмийетли бағдарларынан бири екени айрықша атап өтилди.

 

Норгул АБДУРАИМОВА,
ӨзАның хабаршысы