Бажыханашылар арасында спорттың мини-футбол түри бойынша мәмлекетлик бажыхана комитетиниң Баслығы кубоги ушын өткерилген жарысларда Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының командасы жеңимпаз болды.

Алдын хабар бергенимизде, регионаллық таңлаў жарысларында бажыханашыларымыз Хорезм ўәлаяты бажыхана басқармасының командасын 6-1 есабында жеңип Ташкент қаласында өткерилетуғын жарысларға жоллама алған еди.

Быйыл дәслепки мәрте спорттың мини-футбол түри бойынша шөлкемлестирилген бул жарысларда Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, «Ташкент-Аэро» қәнигелестирилген бажыхана комплекси, Бажыхана институты хызметкерлеринен қуралған командалар қатнасып өз-ара күш сынасты.

Мәмлекетлик бажыхана комитети орайлық аппараты, Ферғана ўәлаяты бажыхана басқармаларының командалары менен өткерилген ойынларда таза жеңисти қолға киргизген республикамыз бажыханашылары финальда Сырдәрья ўәлаяты бажыхана басқармасы командасына қарсы ойнады.

Қызғын беллесиўлерге бай болған ушырасыўда, пеналтилер сериясында Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы командасының қолы бәлент келип, биринши орынды ийелеп, жарыс жеңимпазына айланды. Екинши орын сырдәрьялы, үшинши орын ферғаналы бажыханашылардың командаларына несип етти.

Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң баслығы М.Азимовтан кубокти қабыл етип алған бажыханашыларымыз бүгин таңда Нөкис темир жол вокзалында салтанатлы түрде күтип алынды.

Республикамыз көлеминде шөлкемлестирилген жарыслардан гөзленген тийкарғы мақсет – система хызметкерлери арасында ғалабалық спорт мәдениятын раўажландырыў, өз-ара дослық, қарым-қатнасықларды беккемлеў ҳәм саламат бәсеки орталығын жаратыў болып есапланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги