Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 1-курс студентлери арасында спорттың мини футбол ҳәм волейбол  түри бойынша университет бириншилиги өткерилди.

Жарыс факультетлер аралық дене мәденияты кафедрасы профессор-оқытыўшылары тәрепинен шөлкемлестирилип, оған 15 факультеттен 180 студент қатнасып, өз-ара күш сынасты.

Жарыс жуўмағында ҳәр еки спорт түринен жарыста да география ҳәм тәбийғый ресурслар факультетиниң студентлери жеңиске ерисип, бириншиликти ийеледи.

Жарыс жеңимпазларына шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Спорттың басқа түрлеринен жарыслар даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги