«Жипек жолы дүрданасы» Ташкент халықаралық кинофестивалы шеңберинде «Кино 5 күнде» дөретиўшилик таңлаўы старт алды.

Бул таңлаўда дүньяның 22 мәмлекетинен келген, халықаралық кинофестивальларда сыйлықларды қолға киргизген жас режиссёрлар қатнаспақта. Олар «Уллы жипек жолы» темасында қысқа метражлы фильмлерди сүўретке алыўы мүмкин. Ҳәзирги ўақытта жас киношылар ушын жаңаланып атырған Өзбекстанымыздағы жедел реформалардың көлеми менен толығырақ танысыў, оларды дөретиўшилик үлгилеринде көрсетиў имканияты да жаратылады.

Жас режиссёрлар Ташкент, Самарқанд, Бухара, Хийўа, Наўайы, Ферғана, Наманган сыяқлы қалаларға ҳәм Жипек жолы менен байланыслы басқа да жерлерге барады. Буннан тысқары, бағдарлама қатнасыўшылары өз кинофильмлерин «Жаңа әўлад киносы» фестивалы шеңберинде көрсетеди.

Таңлаўда Әзербайжан, Армения, Беларусь, Болгария, Германия, Ҳиндстан, Иран, Испания, Қазақстан, Кения, Қырғызстан, Марокко, Мексика, Россия, Тәжикстан, Украина, Филиппин, Франция, Швейцария, Эстония, Қубла Корея ҳәм Япониядан келген режиссёрлар қатнасады.

– Бул фестиваль дөретиўшилердиң өз-ара пикир алысыўы ушын имканият жаратыўы менен бирге, көплеген талантларды ҳәм ойлап табыўды гөзлеп атырғаны дыққатқа ылайық, – деди россиялы кинорежиссёр Евгения Маркова. – Усы Ташкент халықаралық кинофестивалында жаслар ушын да кең имканиятлар есиги ашып берилип атырғаны, түрли дөретиўшилик таңлаўлар, шеберлик сабақлары, семинарлар шөлкемлестирилиўи нәзерде тутылып атырғаны итибарға ылайық болып есапланады.

Халықларалық төрешилерге дүнья көлеминде тән алынған көркем өнер ғайраткерлери, артистлер, илимпазлар, көркем өнертаныўшылар, тараўдың ең жетик қәнигелери тартылған.

Халықаралық төрешилер ағзасы ҳәм тамашагөйлер тәрепинен тән алынған жас кинорежиссёрларды сыйлықлаў ушын ҳәр бир қосымша номинацияға арнаўлы сыйлықлар қойылған.

Кинофестиваль шеңберинде өткерилетуғын таңлаў жеңимпазлары дипломлар, статуэткалар, ақшалай сыйлықлар менен сыйлықланады.

 

Назокат Усмонова,

ӨзАның хабаршысы