Алдынғы мақалаларда Р.Қартбаевтың жыл ақырына шекем тағы бир жаңалық енгизетуғынлығы туўралы айтқан едик. Ол да әмелге асыпты. Яғный, гүзде жерге түскен терек жапырақларынан экологиялық жай салыўды жүзеге шығара баслапты.
– Қоршаған орталығымыздың экологиялық жағдайына кери тәсир етиўши факторлардың бири бул – гүзде тереклер сарғайғаннан кейин жерге түсип шашылып жататуғын жапырақлар болып есапланады. Көпшилик оларды өртейди ямаса олар абаданластырыў хызмети тәрепинен қала сыртына апарып тасланады, – дейди Р.Қартбаев. Жапырақты өртеў ҳаўаны патаслайтуғыны ҳәммеге белгили. Қала сыртына апарып тасласаң, және тәбият жәбир көреди. Мен олардан да утымлы пайдаланыўдың жолын таптым. Яғный, оларды жыйнап, айырым араласпаларды қосып жай салыўда пайдаланылатуғын блокларды ислеп шығара басладым. Бундай жайлар бурынғы шөпкер жайларымызға усап жазда салқын, қыста жыллы болады.
Жақында ҳәкимияттан усындай жайларды салыў ушын 10 участка жер сорадым. Беретуғын болды. Жақында қурылыс жумысларын басламақшыман. Бул жайлар ҳәзирги салынып атырған жайлардан бир неше есе арзанға түседи.
Р.Қартбаевтың ойлап табыўлары туўралы және де қызықлы мағлыўматларымыз бар. Сайтымызды бақлап барың.
Қарақалпақстан хабар агентлиги