Р.Қартбаев шығындылардан жетистирген өнимлери менен

Өткен жылы жазда пайдасыз деп шығындыға шығарылған затлардан өним ислеп шығарып, миллионлап пайда көрип атырған заманымыз қаҳарманларының бири, мийнеткешлиги менен көпшиликке белгили болған исбилермен Рашид Қартбаев туўралы мақала жәриялаған едик.

Онда оның киши районлардағы көплеген жайдың астына түсип қалайынша тазалағаны, кеселлик тарқатып атырған шыбын-ширкейлерге қарсы қалай гүрескени, халық арасында тазалықты сақлаў бағдарында әмелге асырған  үгит-нәсият илажлары, кәрханасында труба өнимлерин, труба өнимлерин ислеп шығарыўдан шыққан шығындыларды да тасламай, оннан полимер шифер, брусчатка ислеп шығара баслағаны, тасланды кийим, таўарлардан дийўал ушын суйық обои, тасланды сүйеклерден сүйек уны өнимлерин шығара баслағаны, оның кәрханасы пайтахтымыздың шетиндеги қумда жайласқан болса да, қум үстине қаўын, пахта, палаўқабақ сыяқлы егинлерди, ҳәтте, гүжим де еккенин айтқан едик.

Оның өткен жыл жуўмағы бойынша шығындыларды қайта ислеп тапқан табысы 1 миллиард 200 миллионнан асыпты.

Қәнигелиги биолог болған Р.Қартбаев мине бир неше айдан берли өзиниң балалығы өткен «Назархан» АПЖ да жасаўшы, үйиниң иши менен Россия, Қазақстан сыяқлы шет еллерде ислеп пул таўып атырған адамларға бос жатырған жеринен  пайдаланып-ақ, миллионлап пайда көриў мүмкин екенин түсиндириўге ҳәрекет етпекте.

Р.Қартбаев усы 7 сотых атызда 70 тонна ғарбыз жетистирмекши

– Мен АПЖ баслығынан усындай 4 адамды таўып бериўин сораған едим. Бирақ ол таўып бере алмады. Сонлықтан, өзим 7 сотых жери бар бир адам менен келисип, оның жеринен 70 тонна ғарбыз аламан, деп келистим. Ҳәзир жерди таярлап қойыппан. Бәҳәрде егиске кирисип, ўәдемниң үстинен шығыўға ҳәрекет етемен. Мениң бундағы мақсетим – пуқараларымыздың шет еллерде жумыс ислемей-ақ, өзиниң үйи алдындағы жерден де миллионлап пайда көриўин дәлиллеў болып есапланады,-дейди Р.Қартбаев.

Фото: ғарбыз егиў ушын жер таярланбақта

Усы мақсетте жерин беретуғын тағы бир-еки адам таппақшыман. Ҳәзир излеп жүриппен.

Өткен жылы тасланды азық-аўқат шығындыларынан да утымлы пайдаланып, елиў алты шошқа бақтым. Ал, сүйектиң унтақ унын жемге араластырып берип 300 дей шөже өсирдим. Бул да қосымша дәрамат болды және жумысшыларға түслик аўқат таярлаўда да пайдаландық.

Өткен жылы сүйек унынан «Назархан» АПЖ да жасаўшы, таўық сақлап атырған 6 шаңараққа берген едим. Олардың барлығы маған миннетдаршылық билдирмекте.

Мен қызығып сүйек унын алған адамлардың бири Е.Алламбергенов пенен телефон арқалы сөйлесип көрдим.

– Р.Қартбаев маған сүйек унының қурамында жилик майы, калций ҳәм басқа да пайдалы элементлер көп болады, жемге қосып берсең, үй ҳайўанлары ушын оғада пайдалы, деп айтқан еди. Айтқанын ислеп таўықларыма бердим. Өткен жылы таўықларым 4 мәрте қурық басты,  1 таўығым 45 ке көбейди, мәйеклери де ири, мазалы. Алдын тарийхта бундай болмаған еди. Сыйырым да 6 литр майлы сүт беретуғын болды,-дейди Е.Алламбергенов.

Нөкисли исбилермен Р.Қартбаев усы күнге шекем өзи ойлаған табылмалардың барлығын әмелге асырып келген. Оның айтқанлары фантастикадай көрингени менен, бирақ ис жүзинде барлығы орынланып киятыр. Қаҳарманымыздың аты аңызға айланып, даңқы пүткил дүньяға таралмақта. Жақында ол туўралы Қазақстан Республикасының телеканалы да арнаўлы көрсетиў таярлаған еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги