Өзбекстан Миллий баспасөз орайында Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы, Президент Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Мәденият министрлиги, Жазыўшылар аўқамы, Миллий телерадиокомпания, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Республикасы Кинематография агентлиги, Көркем өнер академиясы, Республика «Тасвирий ойина» дөретиўшилик ассоциациясы тәрепинен Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң отыз жыллығына бағышланып өткерилген «Ең уллы, ең әзиз» дәстүрий таңлаўдың республикалық басқышы жеңимпазлары менен сыйлы орын ийелерин сыйлықлаў мәресими болып өтти.

«Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасында «Ең уллы, ең әзиз» таңлаўын өткериўде Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамының бас орынлаўшы шөлкем сыпатында атап өтилген.

Дөретиўшилер арасында дәстүрий өткерилип киятырған «Ең уллы, ең әзиз» таңлаўы дөретиўшилердиң жәмийеттеги белсендилигин арттырыў, кәсиплик шеберлигин жетилистириў, пидайы дөретиўшилер қатламын жүзеге шығарыў, талантлы сыйлы орын ийелерин хошаметлеў ҳәм қоллап-қуўатлаўда әҳмийетли орын ийелемекте.

Бул таңлаў 6 бағдар – баспа ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң мақалалары, ғалаба хабар қуралы сыпатында мәмлекетлик дизимге алынған веб-сайтлар хызметкерлериниң журналистлик жумыслары, телевидение ҳәм радио дөретиўшилериниң материаллары, жазыўшы ҳәм шайырлардың көркем шығармалары, сүўретлеў көркем өнери, фото шығармалар ҳәм дизайн жумыслары, кино көркем өнери шығармалары номинациялары бойынша өткериледи.

Мәмлекетимиздиң барлық аймақларынан түрли жастағы дөретиўшилердиң дөретиўшилик жумыслары арнаўлы шөлкемлестирилген https://tanlov2021.uz/ сайтына жайластырылып, онлайн даўыс бериў системасы арқалы кең жәмийетшиликтиң қатнасыўында баҳаланып барылды. Төрешилер коллегиясы тәрепинен жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерин анықлаўда онлайн даўыс бериў нәтийжелерине де сүйенилди.

Таңлаўға мәмлекетимизде дөретиўшилик, абаданластырыў бойынша, экономикалық имканиятларды және де жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларды, пандемия шараятында халықтың абаданлығы жолындағы ҳәрекетлерин турмыслық мысаллар ҳәм таллаўлар тийкарында қалыс ҳәм әдил сәўлелендиретуғын газета-журналлар ҳәм интернет басылымларында жәрияланған мақалалар, радио ҳәм телевидение каналларында эфирге узатылған материаллар, көрсетилген сүўретлеў ҳәм кино көркем өнери шығармалары қабыл етилгенин атап өтиў керек.

Усы жерде Қарақалпақстан Республикасы ҳәм мәмлекетимиз ўәлаятларында да «Ең уллы, ең әзиз» таңлаўының аймақлық басқышлары жоқары дәрежеде өткерилгенин, олардың жуўмағы бойынша, аймақларда жумыс алып баратуғын талантлы дөретиўшилер мүнәсип сыйлықланғанын айрықша атап өтиў керек.

– Бизге белгили, «Ең уллы, ең әзиз» дәстүрий таңлаўы дөретиўшилер арасында өткерилип келинеди, – дейди Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамының баслығы Олимжон Ўсаров. – Бул таңлаў дөретиўши халықтың жәмийеттеги белсендилигин арттырады ҳәм кәсиплик жумысын жоқарылатады. Мақсетимиз талант ийелерин хошаметлеў, оларды қоллап-қуўатлаўдан ибарат болып есапланады. Таңлаў 24 жылдан бери турақлы өткерип келинеди. Бирақ, быйылғы таңлаўдың өзине тәнлиги – оған усынылған дөретиўшилик жумысларда «Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық!» деген жақсы идеяның жәмленгени менен дыққатқа ылайық болып есапланады. Төрешилер тәрепинен дөретиўшилик жумысларда тийкарынан Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы, мәмлекетимизди ҳәр тәреплеме абат етиў, оның экономикалық күдиретин арттырыў бағдарында әмелге асырылып атырған реформалар, Өзбекстанның дүнья жәмийетшилигиндеги абырайының артып атырғаны, пандемия шараятында да мәмлекет ҳәм жәмийет турмысындағы өзгерислер избе-из даўам етип атырғаны турмыслық фактлер ҳәм илимий тийкарланған таллаўлар менен қалыс және әдил сәўлелендирилгени есапқа алынған. Таңлаўда тараўға енди ғана кирип киятырған дөретиўшиден баслап 75 жасқа шекемги дөретиўшилер қатнасты. Таңлаў мәмлекетимиздиң барлық аймақларында өткерилип, сайлап алынған жумыслар республикалық басқышта көрип шығылды.

Салтанатлы мәресимде 6 бағдар бойынша 1-орын ийелерине I дәрежели диплом, заманагөй ноутбук ҳәм плакетка, 2-орын жеңимпазларына II дәрежели диплом, телевизор, плакетка, 3-орын сыйлы орын ийелерине III дәрежели диплом, планшет ҳәм плакетка тапсырылды.

 

Муҳайё ТОШҚОРАЕВА,

ӨзАның хабаршысы