Шыршық қаласында 23 жасқа шекемги болған қылышпазлар арасында Өзбекстан чемпионаты болып өтти. Усы жарыс арқалы Өзбекстан сайланды командасының тренерлер штабы алдағы болып өтетуғын халықаралық турнирлер ушын тийкарғы қурамды сайлап алды.
Жарыстың жуўмақлаўшы күнинде сабля бойынша жеңимпазлар ҳәм сыйлы орын ийелери анықланды. Күтилгениндей, онда Токио-2020 Олимпиадасы қатнасыўшылары, қызлар арасында қарақалпақстанлы Зайнаб Дайыбекова ҳәм ер-жигитлер арасында және бир жерлесимиз Шерзад Мамутов жекелик жарысларда бириншиликти ийеледи.
Әҳмийетлиси, қызлар ҳәм ер-жигитлер арасында жекелик жарысларында 2-орынларды да қарақалпақстанлы спортшылар ийеледи. Қызлар арасында финалда Зайнаб Дайыбековаға мүнәсип қарсылық көрсеткен Гүлистан Пердебаева, ал ер-жигитлер арасында финалда Шерзад Мамутов пенен жарысқа түскен және бир жерлесимиз Фазыл Генжебаев Өзбекстан чемпионатының гүмис медальларын жеңип алды.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.