Нөкис қаласында 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт  мектебинде спорттыӊ гүрес түри бойынша Қарақалпақстан Республикасы прокуроры кубоги жарысы өткерилди.

Спорт жарысының ашылыў мәресиминде шығып сөйлегенлер, бүгинги күнде елимизде гүрес миллий спорт түрин раўажландырыўға үлкен итибар қаратылып, бул спорт түри дүнья ареналарында ғалаба ен жайып атырғанлығын  атап өтти ҳәм жарыс қатнасыўшыларына әўмет тиледи.

Жарысқа республикамыздыӊ барлық районларынан командалар қатнасты.

Жарыс жуўмағында Нөкис қаласының командасы  биринши, Нөкис районы командасы екинши, Әмиўдәрья ҳәм Шымбай районларыныӊ командалары үшинши орынды ийеледи.

Жеӊимпазлар  шөлкемлестириўшилер тәрепинен мүнәсип сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери