Бокс бойынша Өзбекстан жас өспиримлер сайланды командасы ағзалары Бирлескен Араб Әмирликлериниң Дубай қаласында жас өспиримлер арасында спорттың бокс бойынша Азия чемпионатына табыслы қатнасып қайтты.

Чемпионатта 54 килограмм салмақ категориясында қызлар арасындағы беллесиўлерде спортшымыз, Нөкис олимпиада резервлери колледжи тәрбияланыўшысы Гулдана Тилеўбергенова екинши орынды ийелеп, гүмис медаль  менен сыйлықланды.

Чемпионатта Өзбекстан сайланды командасы спортшылары 9 алтын, 7 гүмис ҳәм 6 бронза, жәми 22 медальды қолға киргизип,  командалық есапта биринши орынды ийеледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери