Елимизде спорт тараўына үлкен итибар қаратылып, спортшы жасларымыз жақсы жетискенликлерге ериспекте.

Усы жыл 5-7-сентябрь күнлери Россия Федерациясы Татарстан Республикасы Мамадыш қаласында 2004-2005-жыллары туўылған жас өспирим қызлар арасында спорттың белбеўли гүрес түринен жәҳән чемпионаты өткерилди.

Оған  Нөкис районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы 9-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 10-класс оқыўшысы Севара Шаженова да қатнасып, барлық қарсыласлары үстинен жеңиске ерисип, жәҳән чемпионы болыў бахтына миясар болды. Сондай-ақ, және бир спортшы қызымыз, усы райондағы 12-санлы мектептиң 11-класс оқыўшысы Албина Алламбергенова  3-орынды алыўға еристи.

– Чемпионатқа дүньяның ең күшли мәмлекетлеринен келген жас спортшы қызлар қатнасты. Онда 63 килограмм салмақ категориясында қатнастым. Армения, Қырғызстан спортшылары менен беллестим. Финаль басқышында қазақстанлы спортшы үстинен жеңиске ерисип, чемпион болдым, – дейди Жәҳән чемпионы С.Шаженова.

Жарыс жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги