Бирлескен Араб Әмирликлериниң Дубай қаласында жаслар ҳәм жас өспиримлер арасында спорттың бокс түри бойынша Азия чемпионаты өткерилди. Онда Өзбекстан сайланды командасының қурамында Қарақалпақстан Республикасынан 5 спортшы қатнасты.

Атап айтқанда, ерлер арасында (жаслар) -54 кг салмақта Мадияр Данияров, +80 кг салмақта Айназар Кеңесбаев (жас өспиримлер), қызлар арасында (жаслар) -63 кг салмақ категориясында Моҳира Аҳмедова, -54 кг салмақта Гүлдана Тилеўбергенова, -57 кг салмақ бойынша Рано Муратбаева Азия чемпионатында өз имканиятларын сынап көрди.

Континент бириншилигинде қарақалпақстанлы ер боксшыларға бираз әўмет жетиспеген болса, қызларымыз жақсы нәтийжелерди қолға киргизди.

-54 кг салмақта Гүлдана Тилеўбергенова Азия чемпионатының гүмис медалы, ал -63 кг салмақ категориясында жарысқа қатнасқан Моҳира Аҳмедова ҳәм -57 кг салмақ бойынша рингке шыққан Рано Муратбаева бронза медальларына ийелик етти.

Чемпионатқа Азия континентинен 20 ға шамалас мәмлекеттен спортшылар қатнасқан болса, Өзбекстан сайланды командасы ерлер ҳәм қызлар арасында медальлардың сапасы бойынша 1-орынды ийеледи. Бул Өзбекстан спортындағы тарийхый нәтийже болып, усы күнге шекем боксшыларымыз жас өспиримлер арасындағы Азия чемпионатларында улыўма командалық есапта 1-орынды қолға киргизбеген еди. Тарийхый нәтийжеге қарақалпақстанлы спортшылар да мүнәсип үлес қосты.

Жарысқа спортшыларды тәжирийбели тренерлерден Шарап Айтбаев (Азия чемпионатына тренерлер қурамында қатнасты), Асқар Жуманов, Батыр Дүйсенбаев ҳәм Мақсетбай Жумабаев (Азия чемпионатына тренерлер қурамында қатнасты) таярлады.

Қосымша мағлыўмат сыпатында атап өтиў орынлы, Өзбекстан сайланды командасының қурамында -54 кг салмақта Гүлдана Тилеўбергенова ҳәм -57 кг салмақ категориясында Рано Муратбаева 5-11-сентябрь күнлери Россия Федерациясының Қазан қаласында болып өтетуғын Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы ойынларында қатнасыў ушын жөнеп кетти.

Қарақалпақстанлы спортшыларға келеси жарысларда жақсы нәтийжелерге ерисиўин тилеп қаламыз.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.