2021-2022-оқыў жылы ушын мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының магистратура қәнигеликлерине кириў имтиханларының 2-басқышы, яғный, шет тили бойынша тест сынақлары 2021-жылдың 28-29-август күнлери 3 сменада өткериледи. Бул ҳаққында Мәмлекетлик тест орайы хабар берди.

Тест сынақлары:

1-сменада 08:00 ден 09:00 ге шекем;

2-сменада 17:30 дан 18:30 ға шекем;

3-сменада 20:00 ден 21:00 ге шекем болып өтеди.

Бунда талабанларға дизимнен өтиў ўақтында өзлери сайлаған шет тили пәнинен 30 тест сораўы бериледи ҳәм 1 саат ўақыт ажыратылады.

Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 20-июньдағы 393-қарарына муўапық, тест сынақларында топлаў мүмкин болған максимал балл 50 баллды қурайды.

Талабанлар тест сынағында қатнасыў ушын рухсатнаманы Мәмлекетлик тест орайының magistr.edu.uz сайтынан алыўы мүмкин.

Талабанлардан тест сынағы өткерилетуғын аймаққа шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжет ҳәм тест сынағында қатнасыў ушын рухсатнама менен белгиленген ўақыттан кеминде ярым саат алдын келиўи соралады.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.