Ҳамид Олимжон ҳәм Зульфия атындағы ана тили ҳәм әдебиятын тереңлестирип оқытыўға қәнигелестирилген мектеп-интернатының бир топар ўәкиллери пайтахтымызға келди.
Мектеп-интернатының директоры Сардор Расулов, оқыў ислери бойынша директор орынбасары Дилафруз Ҳамдамова, руўхый-ағартыўшылық ислер бойынша директор орынбасары Маъмура Юсупова, Хожалық ислери бойынша директор орынбасары Даврон Хожимуродовлар И.Юсупов атындағы қәнигелестирилген мектеп-интернаты жәмәәтиниң искерлиги, жаратылған шараятлар менен, Президентимиздиң сапарынан соң қандай илажлар әмелге асырылғаны менен танысыў мақсетинде мектепте мийман болды.
– Ҳамид Олимжон ҳәм Зульфия атындағы мектеп-интернаты менен И.Юсупов атындағы қәнигелестирилген мектеп-интернаты Өзбекистан Республикасындағы ең үлгили мектеплер есапланады, – дейди мийман Маъмура Юсупова. – Мен Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың ийеси, дөретиўши сыпатында әдебиятқа қызығатуғын жаслар менен танысыўды, оларды қоллап-қуўатлаўды мақсет еткен едим. Ал, бүгин бул мектеп-интернаттағы балалардың қәбилетин көрип, таң қалдым. Олар Президентимиздиң исенимин ақлап, өзбек, қарақалпақ тиллериниң сырт мәмлекетлерде де жаңлаўына ериседи, деп ойлайман.
Жиззах ўәлаятында жайласқан Ҳамид Олимжон ҳәм Зульфия атындағы өзбек тили ҳәм әдебиятын тереңлестирип оқытыўға қәнигелестирилген мектеп-интернаты 150 орынға арналған болып, ҳәзирги ўақытта 120 бала тәлим-тәрбия алмақта. Мектеп-интернатының төрт қабатлы имаратында 100 орынлық жатақхана, китапхана, спорт зал, асхана, 8 оқыў класы бар.
Қарақалпақстан хабар агентлиги