«COVID-19 пандемиясына қарсы гүресиў илажларын инабатқа алып, 2021-2022-оқыў жылында жоқары билимлендириў мәкемелери бакалавриатына кириў ушын тест сынақларын өткериўде санитариялық-эпидемиологиялық талапларын белгилеў тәртибин тастыйықлаў ҳаққында» Мәмлекетлик тест орайы және Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық хызметиниң биргеликтеги қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында МТО хабар берди.

Оған бола дене температурасы 37 градустан жоқары болған ҳәм тест сынақларына киргизилмеген абитуриентлерге тест сынақлары өткерилип атырған аймақта Мәмлекетлик тест орайы және СЭТ ҳәм ЖС ўәкили тәрепинен акт рәсмийлестириледи.

Мәмлекетлик тест орайына корононавирус кеселлиги тастыйықланып, емленип атырған абитуриентлер ямаса олардың  ўәкиллери тәрепинен республика бойынша тест сынақлары толық жуўмақланғанға (16-август) шекем онлайн арза ҳәм тийисли ҳүжжетлер менен мүрәжат еткенлер ҳаққындағы мағлыўматлар тест сынақлары толық жуўмақланғаннан соң 3 күн ишинде СЭТ ҳәм ЖСға тексериў ушын усыныс етиледи.

Онда абитуриентлер ямаса олардың ўәкиллери арзаны (тийисли ҳүжжетлерди қосымша еткен ҳалда) covid@dtm.uz электрон почта мәнзилине жибериўи мүмкин.

СЭТ ҳәм ЖС тәрепинен арзалар үйренилип, ҳақыйқатында да кеселлиги тастыйықланған абитуриентлер ҳаққындағы мағлыўматлар Мәмекетлик тест орайына 3 күн мүддетте қайтадан бериледи.

Тест сынақлары толық жуўмақланғаннан соң 14 күн ишинде усы категориядағы абитуриентлер ушын қайта тест сынақлары шөлкемлестириледи.

Онда орнатылған тәртипте арза менен мүрәжат еткен ҳәм толық тәўир болған абитуриентлер ҳаққындағы мағлыўматлар СЭТ ҳәм ЖС тәрепинен тест сынақлары болып өтетуғын күннен 4 күн алдын Мәмлекетлик тест орайына бериледи.

Қайтадан шөлкемлестирилген тест сынақларында дене температурасы 37 градустан жоқары болған ҳәм тест сынақларына шекем толық тәўир болмаған абитуриентлер ушын басқа тест сынақлары шөлкемлестирилмейди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги