Усы жылдың 21-июль күни Елликқала районы «Елликқала» МПЖ аймағынан өтетуғын 4К-51 «Бостан – Қырққыз» автомобиль жолының бесинши километринде жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берди.

ҚР Ишки ислер министрлиги Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, 1980-жылы туўылған, Қазақстан Республикасы Тараз қаласы Абай көшесиниң турғыны С.М. өз басқарыўындағы «Toyota Land Cruiser» маркалы автомобильде қәўипли бурылыў жолында жоқары тезликте киятырып руль басқарыўын жоғалтыўы ақыбетинде усы ҳәдийсе жүз берген. Ақыбетинде транспорт басқарыўшысы алған дене жарақаты себепли ўақыя орнында қайтыс болған.

Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы транспорт басқарыўшыларынан жолларда тезликти арттырмаўды ҳәм жол ҳәрекети қағыйдаларына қатаң әмел етиўди сорайды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.