Халықаралық жүзиў федерациясы – «FINA»ның Этика комиссиясы нәтийжелер қәлбекилестирилгени себепли Токио-2020 Олимпия ойынлары квоталарын қолға киргизген бирнеше өзбекстанлы жүзиўшилердиң нәтийжелерин бийкар етти. Бул ҳаққында «Газета.uz» басылымы хабар бермекте. Олимпиада лицензиясы бийкар етилген спортшылар арасында қарақалпақстанлы Әдилбек Юсупбаев та бар.
Не болған еди?
«Спорт-экспресс» басылымының хабар бериўинше, Токио-2020 сайлап алыў басқышындағы ең тартыслы жәнжеллердиң бири ҳиндстанлы жүзиўши Ликит Селвараш Премниң интернет-тексериўи менен басланған. 2021-жыл 13-17-апрель күнлери Ташкентте болып өткен жүзиў бойынша Өзбекстан ашық чемпионатында ҳиндстанлы спортшы төрешиниң сигналынан соң стартты бийкар етип, қапталдағы дийўалды урып итибарды өзине тартыўға ҳәрекет еткен.
Ликит Прем 21-апрель күни «YouTube» тармағына видеоролик жайластырып, өз ҳәрекетлерине түсиник берген ҳәм Өзбекстан жүзиў федерациясы өз спортшыларына қалайынша Олимпия ойынлары квоталарын алып бергени, «қалған наразы болғанларды я сатып алыў, яки қорқытыўға ҳәрекет еткени» ҳаққында айтып берген.
Олимпиадаға жолламаны қолға киргизиў ушын мәмлекет ишиндеги сайлап алыў басқышынан өтиўдиң өзи жеткиликли емес. «FINA» жарыслар белгили бир дәрежеде өткерилиўине ерисиўге ҳәрекет етеди, сонлықтан ең төменги категория нәтийжелери бойынша шәртлерди ортаға қояды. Спортшы Олимпиада жолламасын қолға киргизиўи ушын белгили бир нәтийжелерге ерисиўи керек. Әдетте жүзиўшилер усы ўазыйпаны мәмлекетлик үй ушырасыўларында орынлап, миллий сайланды командағы да сайлап алыў басқышынан өтеди.
Быйылғы жылы коронавирус шеклеўлери себепли барлық мәмлекетлер де миллий чемпионатларды өткериўге таярлық көре алмады. Басқа жүзиў федерациялары болса өз ишки чемпионатларын ашық тәризде өткерип, қоңсы мәмлекетлерден легионерлерди шақырыўды баслады. Солай етип, Өзбекстанда өткерилген ашық чемпионатта жергиликли спортшылардан тысқары қоңсылас мәмлекетлерден легионерлер, соның ишинде ҳиндстанлы Ликит Прем де қатнасты.
Нәтийжелерди қәлбекилестириў
Ҳиндстанлы спортшы өзбекстанлы жүзиўшилердиң квоталарын алып қойыўды емес, категория нормативлерин орынлаўды өз алдына қойған. Дәслепки жүзиўлерде ол жергиликли электроника мағлыўматлары оншелли дурыс емес, деген гүманға келген. 100 метр аралыққа еркин усылда жүзиўде протоколға муўапық, Алексей Тарасенко 48,55 секунд (олимпия нормативинен 0,02 секундқа жақсырақ) нәтийжеге ерискен. Бирақ, Премниң билдириўинше, Алексейдиң ҳақыйқый ўақты 51 секундтан көбирек болған. Дәлил сыпатында ол жүзиў процеси сәўлеленген видеоны келтирген. Оның сөзлерине қарағанда, өзбекстанлы спортшы Токио квотасын қолға киргизиўи ушын ўақыт көрсеткишине дүзетиў киргизилген.
Басылымның жазыўынша, жалғанды сезиў қыйын болыўы ушын махинациялар ең көп дәслепки жүзиўлерде әмелге асырылған. Жергиликли жүзиўшилердиң азандағы нәтийжелери кешки сессияларға салыстырғанда бирқанша жақсырақ болған. Ал әдетте болса, спортшылар финал басқышында толық күш сарплайды.
«FINA» комиссиясы тексериўлерден соң усы үскенелердиң мағлыўматларына қастан өзгерис киргизилгенин анықлап, өзбекстанлы жүзиўшилер – Әдилбек Юсупбаев, Элдор Усмонов (100 метрге баттерфляй) ҳәм Алексей Тарасенколардың (100 метрге еркин усылда) нәтийжелерин бийкар еткен.
Жуўап сыпатында Өзбекстан жүзиў федерациясы «FINA» үстинен Спорт арбитраж судына (CAS) даўа арзасын киргизген. Бирақ, суд «FINA» ҳәм Прем тәрепинде болып, 2020-жыл 24-29-ноябрь күнлери болып өткен Өзбекстан ашық кубогы ҳәм 2021-жыл 13-17-апрель күнлери болып өткен Өзбекстан ашық чемпионатының айырым нәтийжелерин бийкар етиў ҳаққындағы қарарын өз күшинде қалдырған.
Сондай-ақ, Спорт арбитраж суды (CAS) «FINA»ға миллий жүзиў федерациясы, жуўапкер лаўазымдағылар ҳәм спортшыларға қосымша санкциялар енгизиўди усыныс еткен. Халықаралық федерация ҳәзирги ўақытта усы мәселени үйренип шықпақта.
«Нәтийжелерди манипуляциялаўға болған ҳәр қандай ҳәрекет «FINA»ның тийисли қағыйдаларына муўапық жазаға тартылады. Әпиўайыластырып айтқанда, «FINA» алдаўшылық ямаса ҳәдийселерди манипуляциялаўдың ҳәр қандай көринисине маўасасыз қатнаста болады», – деп жазылған «FINA» хабарында.
Өзбекстан өткен жыллар даўамында Олимпия ойынларында жүзиў бойынша үш спортшыдан артық спортшылар менен қатнасыўды үдделей алмай келмекте. Сонлықтан, Токиоға он адамнан кем болмаған қурамда барыў жобаластырылған еди.
Барлық нәтийжелер бийкар етилиўи нәтийжесинде Өзбекстаннан Олимпиядаға қатнасатуғын, олимпия нормативлерин басқа жарысларда орынлаған Хуршиджон Турсунов (100 метрге еркин усылда) ҳәм Наталья Критинина (50 метрге еркин усылда) қалған.
Бирақ, «FINA» жаза сыпатында толық делегацияны жүзиў бойынша Олимпиада жарысларында қатнасыў ҳуқықынан айырыўы, сондай-ақ, Өзбекстанды 2022-жылы Японияның Фукуока қаласында болып өтетуғын суў спорты түрлери бойынша жәҳән чемпионатынан дисквалификациялаўы мүмкинлиги ҳаққында болжаўлар да бар.
Өзбекстан Миллий Олимпия комитети не дейди?
Миллий Олимпия комитети баспасөз хызмети Миллий Олимпия комитети басшылығы ҳәм Өзбекстан спорт ветеранлары кеңесиниң рәсмий баянатын жәриялап, лицензия беретуғын Өзбекстан ашық чемпионатларына МОК басшылығы турақлы түрде барып турғаны, өз гезегинде, МОК Оператив штабының ўәкили Мирасрор Алимов та жарысты турақлы бақлап барғанын билдирген.
Турнирлер жуўмақланғаннан кейин Өзбекстан жүзиў федерациясы жарыслардың протоколын МОКқа усынған ҳәм онда 5 атлеттиң Токио-2020 нормативин орынлағаны көрсетип өтилген. Усынылған протоколларда белгиленген қағыйдалардың бузылыўы, соның ишинде, кейин ала ҳиндстанлы жүзиўши тәрепинен атап өтилген ўақыя ҳаққында мәлим етилмеген.
«Ҳеш бир сырт елли делегация тәрепинен, соның ишинде, Ҳиндстан командасы тәрепинен усы лицензиялық турнирлер бойынша шағым ямаса наразылық келип түспеген», – деп жазылған МОК хабарында.
Комитет лицензиялық Өзбекстан ашық чемпионатлары нәтийжелери бийкар етилгенине де түсиник берген.
«Өзбекстан жүзиў федерациясы бас хаткери Алишер Ғаниевтиң сөзлерине қарағанда, «FINA» бул бойынша Ташкентке рәсмий хат жолламаған. Бирақ, Өзбекстан жүзиў федерациясы бирнеше мәрте «FINA»ға усынылған мағлыўматларға анықлық киргизиў ушын хабар жоллаған, ҳәттеки усы мәселе бойынша Спорт арбитраж судына (CAS) мүрәжат еткен», – делинген баянатта.
Ўақыялар жуўмағында, Өзбекстан жүзиў федерациясының мағлыўматларына қарағанда, «FINA» тәрепинен «Universal Place» жойбары тийкарында тек ғана Хуршиджон Турсунов ҳәм Наталья Критининаға Токио-2020 Олимпия ойынларына жоллама берилген.
Өзбекстан Миллий олимпия комитети, сондай-ақ, Өзбекстан спорт ветеранлары кеңеси рәсмий түрде усы жағдай ҳеш қандай спорт принциплерине туўра келмейтуғыны ҳәм Олимпизм қәдириятларына улыўма қайшы екенлигин мәлим еткен. Өз гезегинде, басқа федерациялар ҳәм спорт шөлкемлеринен де белгиленген қағыйдаларға қатаң әмел етиўди сораған.
Усылардан келип шыға отырып, Өзбекстан жүзиў федерациясы Президиумынан төмендегилерди талап еткен:
1) Жоқарыдағы жағдайды көрип шығыў, үйрениў ҳәм оған ҳуқықый баҳа бериў ушын Туризм ҳәм спорт министрлиги, Миллий Олимпия комитети, Өзбекстан спорт ветеранлары кеңеси және Өзбекстан жүзиў федерациясы қәнигелеринен ибарат жумысшы топар дүзиў;
2) Халықаралық жүзиў федерациясынан (FINA) лицензиялық жарыста дизимге алынған нәтийжелердиң не себептен бийкар етилгени ҳаққында материалларды усыныўды сораў;
3) Федерацияның бас хаткери Алишер Ғаниевти ўақтынша өз лаўазымынан шетлетиў.
Солай етип, Токио-2020 Олимпия ойынларында қатнасатуғын қарақалпақстанлы спортшылар – қылышпазлық бойынша Зайнаб Дайыбекова ҳәм Шерзад Мамутов, грек-рим гүреси бойынша Жалғасбай Бердимуратов, дзюдо бойынша Шарапатдин Балтабаевлардан ибарат болмақта.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.