Усы жыл 19-июль күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов «Diplomatic World»журналының атқарыўшы директоры Барбара Дитрих ҳәм «Diplomatic World Institute» орайының менеджери Альберто Туркстраниди қабыл етти.

Ушырасыўда Жоқарғы Кеңестиң Баслығы мийманларды республикамызға сапары менен қутлықлап, Президентимиздиң басшылығында Қарақалпақстанда алып барылып атырған кең көлемли реформалар туўралы мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары барлық тараўларда үлкен өзгерислер ҳәм жаңаланыўлар жүз бермекте. Әсиресе, қала ҳәм районларды  ҳәр тәреплеме раўажландырыў, халықтың турмыс шараятын жақсылаў, аўыл хожалығы, киши бизнес ҳәм исбилерменлик, туризм тараўларын буннан былай да қоллап-қуўатлаў, Арал бойындағы экологиялық машқалаларды  шешиў бойынша бир қатар ҳүжжетлер қабыл етилип, анық илажлар әмелге асырылмақта.

Президентимиздиң 2020-жылдың 2-октябрь күнги сапары даўамында республикамызды раўажландырыў бойынша бир қатар ўазыйпаларды  белгилеп бергени және 11-ноябрь күнги  «Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық  раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының қабыл етилиўи Аралбойын социаллық-экономикалық, атап айтқанда, санаат ҳәм инвестиция потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, аймақта инженерлик-коммуникация, социаллық ҳәм санаат инфраструктурасын жақсылаў, экономика тармақларын турақлы раўажландырыў, усы тийкарда халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм турмыс дәрежесин арттырыўға хызмет етпекте.

Усы жылдың 18-май күни БМШ Бас ассамблеясының 75-сессиясының жалпы мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң усынысы менен Аралбойы регионын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы деп жәриялаў ҳаққындағы арнаўлы резолюцияның қабыл етилиўи региондағы экологиялық, социаллық, экономикалық ҳәм демографиялық жағдайды жақсылаўға қаратылған регионаллық илажларды әмелге асырыў, аймағымыздың тәбиятын тиклеў ҳәм жақсылаў, тәбийғый ресурсларды сақлаў ҳәм халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў бағдарындағы жумысларды буннан да жоқары басқышта даўам еттириўде үлкен әҳмийетке ийе тарийхый ўақыя болды. Мийманлар жыллы-жүзлилик пенен қабыл еткени ушын миннетдаршылық билдирип, узақ жыллар даўамында Арал теңизиниң қурыўының унамсыз ақыбетлери менен гүрес алып барып атырған аймақта бүгинги күни әмелге асырылып атырған жумысларға жоқары баҳа берди. Соның менен бирге, Өзбекстанның Бельгиядағы елшиханасы басшылары менен ерисилген келисим бойынша усы жылдың сентябрь айында  Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 30 жыллығына бағышланған журналдың арнаўлы саны басылып шығатуғынын, онда Қарақалпақстан  Республикасында Арал теңизиниң қурыўы менен байланыслы тәбийғый апаттың ақыбетлерин сапластырыў, регионды экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағына айландырыў, туризмди раўажландырыў, республикамызға сырт ел инвестицияларын тартыў, энергетика тараўын раўажландырыў бойынша алып барылып атырған  жумыслар туўралы материал таярлаўды режелестирип атырғанын айтып өтти.

«Diplomatic World»журналы сиясат, дипломатия, бизнес, финанс, көркем өнер ҳәм мәденият тараўларын кеңнен сәўлелендирип келмекте. Журнал Европаның парламент ағзалары, Европа Аўқамы басшылары, исбилермен топарлар, дипломатиялық корпус ҳәм Брюссельде аккредитациядан өткен халықаралық шөлкемлерге тарқатылады.

Ушырасыўда келешектеги бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў бойынша өз-ара пикир алысылды.

Мийманлар сапары даўамында И.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде, Мойнақ районында да болды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.Ҳәбибуллаевтың түсирген сүўретлери