Усы жылдың 21-июль күни саат 18:00 лерде Қоңырат районы «Тарақлы» мәҳәллеси аймағынан өтетуғын темир жол көпири үстинде Қоңырат районы Нурмухаммедов көшесинде жасаўшы 2003-жылы туўылған К.А. исмли жас өспирим шахс өз жанына қастыянлық етпекши болған. Бул ҳаққында ИИМ ҲПББ Мәлимлеме хызмети хабар берди.

Атап өтилиўинше, ол көпирден өзин тасламақшы болып атырған ўақытта усы аймаққа бириктирилген профилактика инспекторы, лейтенант И.Жамалов тәрепинен қутқарып қалынған ҳәм усы жас өспирим менен психиатрдың қатнасыўында профилактикалық сәўбет өткерилип ата-анасына тапсырылды.

Ҳәзирги ўақытта сорастырыў жумыслары даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги