Қәдирли ўатанласлар!

Кеўиллеримиз пайызлы, иләҳий қуўанышқа толып турған усы уллы күнде елимиздеги барлық мөмин-мусылманларды, пүткил халқымызды тынышлық, шүкиршилик, мийрим-шәпәәт ҳәм сақаўат белгиси болған Қурбан ҳайыты менен қызғын қутлықлап, өзимниң терең ҳүрметим ҳәм жақсы тилеклеримди билдириўден оғада қуўанышлыман.

Пурсаттан пайдаланып, мине усы  теберик әййямды байрамлап атырған дүнья жүзиндеги барлық мусылман үмметине, сырт елли досларымыз ҳәм бирге ислесиўшилеримизге халқымыз атынан шын кеўилден сәлем ҳәм қутлықлаўларымызды жоллаймыз.

Быйылғы Қурбан ҳайыты Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң даңқлы 30 жыллық тарийхый сәнеси алдынан өтип атырғаны оның бийтәкирар руўхы ҳәм гөззаллығын және де зияда етпекте.

Ғәрезсиз елде уллы мақсетлер менен тыныш жасаў, ҳадал мийнет етиў муқаддес динимиздиң ийгиликли идеяларына ҳәр тәреплеме үнлес болып есапланады.

Кейинги жылларда елимиздиң пидәкерлик мийнети менен барлық тараў ҳәм тармақлар қатары муқаддес динимиз, миллий-диний қәдириятларымызды тиклеў, раўажландырыў ҳәм үгит-нәсиятлаў бағдарында үлкен жумыслар әмелге асырылмақта.

Уллы уламаларымыздың теңи-тайы жоқ илимий мийрасын терең үйрениў, динимиздиң инсаныйлық руўхы менен суўғарылған жақсы дәстүрлерин мүнәсип даўам еттириў мақсетинде мәмлекетимиздиң бүгинги жаңа раўажланыў басқышында ислам мәнаўиятының раўажланыўына үлкен итибар қаратылмақта.

Өзбекстан халықаралық ислам академиясы, Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы, Имам Бухарий, Имам Термизий, Имам Матуридий халықаралық илимий-изертлеў орайлары, Ҳәдис илими мектеби ҳәм Мир Араб жоқары медресеси сыяқлы жаңа мәкемелердиң шөлкемлестирилгени, ҳәдис, калом, фикҳ ҳәм тасаввуф мектеплерине тийкар салынғаны, онлаған жаңа мешитлер ҳәм зыярат етиў орынларының қурылып ҳәм оңланып атырғаны бул бағдардағы жумыслардың көлеми қаншелли кең екенинен дәрек береди.

Бүгинги күнде Өзбекстан пуқараларының нызамлы ҳуқықлары менен еркинликлери қатарында диний тараўдағы талаплар да толық тәмийинленбекте. Бул ҳаққында сөз еткенде, жақында жаңа редакциядағы «Ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилгенин айрықша атап өтиў керек.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Ҳәммемизге белгили, жәмийетте тынышлықты беккем енгизиўдиң ең әҳмийетли факторларынан бири социаллық ҳәм диний кеңпейиллик болып есапланады. Елимизде түрли конфессиялардың ўәкиллери бир шаңарақ болып, дослық ҳәм аўызбиршилик орталығында жасап атырғаны, жанажан Ўатанымыздың раўажланыўына мүнәсип үлес қосып атырғаны бизлердиң ең үлкен байлығымыз болып есапланады.

Бизге белгили, халқымыз әсирлер даўамында диний ҳәм дүньялық илимлерди өз-ара үнлес раўажландырыў бағдарында сийрек ушырасатуғын тәжирийбе мектебин жаратқан. Бул пикирдиң әмелий  тастыйықланыўын өзиниң шексиз илимий ойлап табыўлары, руўхый-ағартыўшылық көзқарасы менен дүнья жүзи халқын таң қалдырған уллы илимпазлар ҳәм уламаларымыздың бийбаҳа мийрасы мысалында айқын көриў мүмкин.

Бүгинги күнде, мине, усындай сийрек ушырасатуғын руўхый ғәзийнени терең үйрениў бағдарында және де үлкен имканиятлар ашылмақта.

Еки дүньяның бахтына ерисиў сыяқлы уллы арзыў-нийетлер менен жасап атырған кеңпейил халқымыз өнип-өсип киятырған жас әўладты руўхый бәркамал етип тәрбиялаўда мине усы имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, үлкен жетискенликлерге, әлбетте, ерисетуғынына исенимим кәмил.

Қәдирли ҳәм ҳүрметли ўатанласларым!

Ҳәзирги қыйын пандемия дәўиринде диний ибадатларды үй шараятында орынлаў бойынша көпти көрген уламаларымыз тәрепинен билдирилген усыныс, сөзсиз, халқымыздың турмысы ҳәм саламатлығын қәстерлеп сақлаўға қаратылған ең дурыс қарар болып есапланады.

Усы уллы байрам күнлеринде ҳәммемиз Жаратқан Алладан пүткил адамзаттың басынан кешип атырған бундай аўыр сынақларды жеңип өтиўде Өзи мәдеткар болыўын сораймыз.

Сиз, әзийзлерди мубарек Қурбан ҳайыты менен және бир мәрте шын кеўилден қутлықлап, бәршеңизге Алла тааладан беккем денсўалық, бахыт-ығбал, шаңарақларыңызға тынышлық-аўызбиршилик ҳәм берекет тилеймен.

Тилеклес кекселеримиздиң жақсы тилеклери қабыл болсын!

Жасларымыздың бахтын, камалын берсин!

Елимиз бәрқулла тыныш, халқымыз ҳәмийше саў-саламат болсын!

 

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасының Президенти