Мүнәсибет

Дүньяның барлық раўажланған мәмлекетлери қатарында елимизде де коррупция иллетине қарсы гүреске үлкен итибар қаратылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 6-июльдеги «Коррупцияға қарсы маўасасыз мүнәсибетте болыў орталығын жаратыў, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўда коррупциялық факторларды кескин азайтыў ҳәм буған жәмийетшиликтиң қатнасын кескин кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы менен коррупцияға қарсы елимизде әмелге асырылып атырған илажлар жаңа басқышқа көтерилди, десек асыра айтқан болмаймыз.

Бажыхана уйымларында да коррупцияның алдын алыў, оған қарсы гүресиў бойынша системалы түрде илажлар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, басқарма тәрепинен коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында усы жылдың алты айы даўамында 26 мәрте мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, Прокуратура, МҚХ ҳәм басқа да ҳуқық қорғаў уйымларының жуўапкер хызметкерлери  менен бирге, жеке қурам арасында хызметкерлердиң шаңарақ ағзаларының қатнасыўында  хызмет интизамын беккемлеў, жынаятшылық, парахорлық, дәмегөйлик иллетлери келип шығыўының алдын алыў бойынша профилактикалық илажлар өткерилди. Бажыхана уйымлары хызметкерлериниң жақын туўысқанларының қатнасыўында үш мәрте ушырасыў шөлкемлестирилди. Хызмет ҳәм орынлаў тәртибин бузыўға мейиллиги бар 22 бажыхана хызметкери менен профилактикалық сәўбетлесиўлер өткерилди.

Бул илажлардың барлығы бажыхана хызметкерлериниң ҳадал ҳәм пәк болып, өз хызмет ўазыйпаларын шын кеўилден атқарыўына тийкар болмақта.

Барлық физикалық ҳәм юридикалық тәреплер өз сораўларын ҳәм мүрәжатлерин Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң 11-08 ямаса басқармамыздағы (61) 224-90-86 исеним телефонларына қоңыраў етип жоллаўы мүмкин. Бул ушын барлық шараятлар жаратылған.

Пәрманда көрсетилген ўазыйпалар елимизде коррупцияға қарсы маўасасыз мүнәсибеттиң қәлиплесиўи ушын хызмет етеди.

 

Юлдуз Қудиярова,

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының

мәлимлеме хызмети аға инспекторы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги