Гидрометеорологиялық хызметтиң хабар бериўинше, 24-26-июльда Өзбекстан аймағына Иран аймақларынан ыссы ҳаўа кирип келиўи нәтийжесинде ҳаўа райының кескин ыссыўы күтилмекте.

Бул күнлерде ҳаўаның температурасы климатлық нормалардан 4-6 градусқа жоқары болады.

Күндизги ўақытларда ҳаўа 40-43 градусқа шекем, қубла ҳәм шөл аймақларында 45-46 градусқа шекем ысыйды.

25-27-июльда республика аймағында ўақты-ўақты менен самал 17-22 м/с қа шекем күшейиўи күтилмекте. Айырым жерлерде шаңлы боран менен 25-28 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.