Бүгин, 19-июль – дүйшемби, ҳәмме ушын жумыс күни. Ҳәптесине 5 күн ислейтуғынлар ушын да, 6 күн ислейтуғынлар да бүгин жумысқа шығыўы керек.

Мийнет кодекси 121-бәнтине бола, байрам (исленбейтуғын) күнлери алдында күнделикли жумыс (смена) мүддети барлық хызметкерлер ушын кеминде бир саатқа қысқартылады, деп хабар бермекте xs.uz.

Ертең Қурбан Ҳайыттың биринши күни, яғный исленбейтуғын байрам күни, бүгин болса байрам аралығы. Демек, бүгин жумысқа шыққан барлық хызметкерлер 1 саат ертерек үйине кетиўине нызамлы ҳаққысы бар.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги