«Депутат мәҳәлледе – машқалалар шешимине қарай» жойбары шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине 48-санлы «Жиңишке» сайлаў округинен депутат Ш.Өтемисов Қоңырат районындағы «Қашы» мәкан пуқаралар жыйыны турғынлары менен ушырасты.
Ушырасыўда районлық суў, электр тармақлары бөлимлериниң жуўаплы ўәкиллери ҳәм аймақ турғынлары қатнасты.
Ушырасыўда Ш.Өтемисов өзиниң депутат сыпатында усы күнге шекем әмелге асырған жумыслары туўралы мағлыўмат берип, қабыл етилген нызамлар менен ҳуқықый-нормативлик ҳүжжетлердиң мазмун-мәнисине тоқтап өтти. Пуқаралар менен жеке сәўбетлесиў өткерилип, машқалалары ҳәм пикир-усыныслары тыңланды.
Мүрәжатлердиң басым көпшилиги аймақтағы ишимлик суўы ҳәм жумыссызлық мәселеси екенлиги анықланды.
Айтылған машқалалар тийисли тараў басшыларына депутатлық сораў жибериў ушын жазып алынды. Айырым мәселелер сол жердиң өзинде шешилип, мүрәжатшыларға ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги