Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Германия Федерал Республикасы Федерал Канцлери Ангела Меркель ҳәм Федерал Президенти Франк-Вальтер Штайнмайерге усы мәмлекеттиң батысында жүз берген қәўипли тасқынлар ақыбетинде көплеген инсанлар қурбан болғаны мүнәсибети менен кеўил айтыў жоллады.

Мәмлекетимиз басшысы қайтыс болғанлардың шаңарақ ағзалары ҳәм туўысқанларына, пүткил Германия халқына терең кеўил айтып, жарақатланғанлар тез пурсатта тәўир болып кетиўин тиледи.

 

ӨзА