Мүнәсибет
Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкары бадары бойынша ҳәрекетлер стратегиясында қәўипсизлик, миллетлераралық татыўлық, диний кең пейилликти тәмийинлеў, терең ойланған өз ара келискен ҳалда ҳәм әмелий руўхта сыртқы сиясатты жүргизиўге айрықша итибар қаратылған.
Соңғы жыллары Президентмиз тәрепинен мәмлекетлер арасында мүнәсибетлерди беккемлеў, халықаралық шөлкемлер менен байланысларды жақсылаў, мәмлекетлер арасында тынышлықты тәмийинлеў, дослық ҳәм исенимлиликти беккемлеў, сондай-ақ, экономиканың түрли тармақларында бирге ислесиўди жолға қойыўда нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта.
Бул жумыслардың үзликсиз даўамы сыпатында мәмлекетлер арасында қарым-қатнасты буннан былай да раўажландырыўда усы жыл 16-июль күни Ташкент қаласында Президентмиздиң басламасы менен «Орайлық ҳәм Қубла Азия: регионаллық өз-ара байланыс. Қәўип-қәтерлер ҳәм имканиятлар» атамасында халықаралық конференция болып өтти.
Дүньяның 40 тан аслам мәмлекетлери ҳәм 30 ға жақын халықаралық шөлкем делегациялары, абырайлы сырт ел илимий-изертлеў орайларының басшылары, экспертлер қатнасқан халықаралық конференцияда Президентимиз Ш.Мирзиёев шығып сөйлеп, регионда қәўипсизлик ҳәм турақлылықты беккемлеў, терроризм, экстремизм ҳәм трансшегаралараралық жынаятшылыққа қарсы гүресиў, саўда-экономикалық тармақларында бирге ислесиўди раўажландырыў, регионда азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўде аўылхожалығы тараўында бирге ислесиўди жолға қойыўда қоспа бағдарламаларды ислеп шығыў мәселелерине айрықша итибар қаратты.
Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысы регионда илим-билимлендириў, технология ҳәм инновация тараўында бирге ислесиўге де айрықша итибар каратып, бул бағдарда қоспа илимий-изертлеў ҳәм тәжирийбе алмасыўды жолға қойыўда алымлар, излениўшилер ушын жеңиллетилген виза тәртибин турмысқа енгизиў керелин атап өтти.
Әлбетте, Президентмиз тәрепинен билдирилген пикир-усыныслар Орайлық ҳәм Қубла Азия мәмлекетлери арасында өз ара байланысларды беккемлеў, регионлар арасындағы дослық қатнасықларды жаңа басқышта даўам еттириўде тарийхый қәдем болады.
А.Аяпов,
Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты
Нөкис филиалы директоры, филология илимлериниң кандидаты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги