Ҳүрметли делегациялар басшылары!
Ханымлар ҳәм мырзалар!
Қәдирли мийманлар!
Бәринен бурын, «Орайлық ҳәм Қубла Азия: регионаллық өз-ара байланыс. Қәўип-қәтерлер» халықаралық конференциясының барлық қатнасыўшыларын шын кеўлимнен қутлықлайман.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери Антониу Гутерришке Форумды қоллап-қуўатлағаны ушын айрықша рахмет айтпақшыман.
Бүгинги форумда Аўғанстан Ислам Республикасының Президенти Уллы Мәртебели Мырза Ашраф Ғаниди ҳәм Пакистан Ислам Республикасының Бас министри Уллы Мәртебели Мырза Имрон Хонды көрип турғанымнан қуўанышлыман ҳәм оларға терең миннетдаршылық билдиремен.
Пурсаттан пайдаланып, конференциямызда тиккелей қатнасып атырған, тийкарғы бирге ислесиўши мәмлекетлердиң сыртқы ислер министрлери ҳәм жоқары мәртебели ўәкиллерге абырайлы халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер, дүньяның жетекши финанс институтларының басшыларына да миннетдаршылық билдиремен.
Қыйын пандемия шараятына қарамастан, сиз, әзизлердиң Форумымыздағы қатнасыўыңыз еки тәреплеме еки тәреплеме ҳәм регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыўға болған жоқары итибар ҳәм исенимли умтылысыңызды айқын тастыйықлайды.
Сақаўатлы ҳәм қуяшлы Өзбекстан елине хош келипсиз!
Ҳүрметли конференция қатнасыўшылары!
Уллы жипек жолы кесилиспесинде жайласқан Орайлық ҳәм Қубла Азия узақ әсирлер даўамында халықлар ҳәм цивилизациялар арасында жедел қарым-қатнасқа хызмет етти.
Еки регионның өз-ара тығыз бирге ислесиўи нәтийжесинде жаңа билим ҳәм философиялық көзқараслар, медицина ҳәм астрономия, география ҳәм математика, геодезия ҳәм архитектура, дипломатия өнери ҳәм мәмлекетлик басқарыў тараўындағы жетискенликлер, жоқары мәдений ҳәм руўхый-ағартыўшылық қәдириятлар кеңнен жайылды.
Регионларымыздың халықлары бир неше мәрте улыўма мәмлекетшилик структуралары қурамында, соның менен бирге, сиясий, экономикалық ҳәм гуманитарлық мәканда өз-ара аўызбиршиликте өмир сүрип атыр.
Усы аймақта жүзеге келген Хараппа цивилизациясы, Грек-Бактрия ҳәм Кушан патшалығы, Түрк қағанлығы, Хорасан ҳәм Мәўереуннахр, Ғазнаўийлер, Темурийлер, Бабурийлер ҳәм басқа да мәмлекетлер инсаният тарийхында терең из қалдырған.
Орайлық ҳәм Қубла Азия әзелден исенимли саўда жоллары менен байланысып, Жақын Шығыс, Европа ҳәм Қытай мәмлекетлери ушын өзине тән көпир ўазыйпасын атқарған.
Бул ҳаққында ески грек тарийхшысы Страбон да өз шығармаларында Окс дәрьясы – ҳәзирги Әмиўдәрья бойлап «Каспий ҳәм Қара теңиз арқалы Европаға өнимлер жеткерилген»ин атап өткен.
Эрамыздан алдынғы үшинши-екинши мың жыллықларда-ақ Ҳайбар ҳәм Болан өткеллери арқалы өткен саўда жолларының тармағы бизлерди өз-ара байланыстырып турған.
Орайлық ҳәм Қубла Азияда ислам, буддизм, индуизм динлери ҳәм түрли халықлардың сийрек гезлесетуғын дәстүрлериниң тарқалыўы себепли уллы этномәдений улыўмалық раўажланған, Шығыстың бай ҳәм рәң-бәрең мәденияты қәлиплескен.
Халықларымыз арасындағы мине усындай өз-ара тығыз байланыслар жедел интеллектуаллық ҳәм руўхый раўажланыўды тәмийинледи.
Бул процесс дүнья жүзине Чарака ҳәм Сушрута, Брахмагупта ҳәм Ал-Хорезмий, Ал-Ферғаний ҳәм Фарабий, Беруний, Ибн Сина сыяқлы және көплеген жетик илимпазлар менен ойшылларды жеткерип берди.
Олар адамзат илимий ҳәм философиялық ақыл-ойының келешектеги раўажланыўын бир неше әсир алдыннан белгилеп берди.
Миллий әдебиятларымыз классика үлгилериниң исмлери пүткил дүнья жүзине белгили болып есапланады.
Бул биринши гезекте Хусраў Деҳлаўий, Әлийшер Наўайы, Абдураҳман Жәмий, Муҳаммед Ҳайдар, Мақтумқулы, Мырза Ғолиб, Абай, Рабиндранат Тагор, Садриддин Айний, Чингиз Айтматовтың дөретиўшилигине байланыслы болып есапланады.
Олар өлмейтуғын шығармалар менен дүнья халықлары арасында тынышлық, азатлық ҳәм инсаныйлық принциплерин, дослық ҳәм өз-ара исеним идеяларын раўажландырыўға үлкен үлес қосты.
Уллы илимпазлар – Абу Райхан Беруний ҳәм Заҳриддин Муҳаммед Бабурдың шығармалары Орайлық ҳәм Қубла Азия регионларының тарийхы, илими ҳәм мәдениятының ҳақыйқый энциклопедиясы болып есапланады.
Ҳиндстанның биринши Бас министри Жаваҳарлаъл Нерудиң Бабур ҳаққындағы «ол гөззал шахс, Ояныў дәўириниң типик ҳүкимдары», деген сыпатламасы көпшиликке жақсы белгили.
Атап айтқанда, Бабур өзиниң фундаменталлық шығармасы «Бабурнама»да атап өтгениндей, «он алтыншы әсирде Аўғанстан аймағы арқалы Ҳиндстан ҳәм Орайлық Азия арасында түрли товарлар жүкленген мыңлаған түйелерден ибарат кәрўанлардың турақлы қатнаўлары жолға қойылған».
Оның пәрманына бола саўда жоллары бойлап кәрўансарайлар, қудық ҳәм суў сақлағышлар қурылған.
Бабурдың ақлығы – Уллы Акбаршах та атасының жумысларын даўам еттирген ҳалда, Ҳиндстан тарийхында кеңпейил ҳәм узақты көре билетуғын ҳүкимдар қатарында жарқын из қалдырған.
Сол ўақытларда Орайлық ҳәм Қубла Азияның саўда байланыслары Иран, Арабстан, Усманийлер мәмлекети, Қытай, Россия сыяқлы басқа мәмлекетлер менен де жедел алып барылғанын атап өтиў керек.
Тарийхый дәреклердиң гүўалық бериўинше, Ҳиндстан ҳүкимдары Аврангзеб 1695-жылы рус саўдагери Семён Маленькойға мәмлекетте саўда етиў ушын рухсатнама береди. Усы пәрман ески өзбек тилинде жазылғаны дыққатқа ылайық болып есапланады.
Тилекке қарсы, тарийхый жағдайға байланыслы он тоғызыншы әсирде еки қоңсылас регионның байланыслары үзилип қалды.
Өз-ара қыйыншылықлар күшейип, кескин келиспеўшиликлерге айланғаны себепли Орайлық ҳәм Қубла Азия арасында тосқынлықлар пайда болып, шегаралар жабылды.
Бирге ислесиў ҳәм бир-бирин түсинисиў дәўири жуўмақланып, оның орнын қарама-қарсылық ҳәм исенимсизлик орталығы ийеледи.
Буның унамсыз ақыбетлерин биз ҳәзирги ўақытта нәтийжели трансшегаралық жоллардың жоқ екенлиги, саўда-экономикалық байланыслардың жақсы раўажланбағаны ҳәм мәдений-гуманитарлық қатнасықлардың потенциалы толық иске қосылмағаны мысалында да сезип турмыз.
Ҳүрметли ханымлар ҳәм мырзалар!
Бүгинги күнде дүнья жүзи түрли қәўип-қәтерлер, соның менен бирге, жаңа имканиятларды өзинде жәмлеген глобаллық геосиясий өзгерислер дәўирине қәдем таслады.
Усындай қыйын шараятта дерлик еки миллиард халық жасайтуғын Орайлық ҳәм Қубла Азия арасындағы өз-ара байланысларды қайта тиклеў әҳмийетли турмыслық зәрүрлик ҳәм тәбийғый процесске айланбақта.
Халықларымыздың үлкен тарийхый, илимий, мәдений-ағартыўшылық мийрасы ҳәм экономикаларымыздың өз-ара бир-бирин толықтырыў имканиятларынан келип шыққан ҳалда, интеллектуаллық потенциалды, биргеликтеги ҳәрекетлеримизди өз-ара муўапықластырыў ўақты келди, – деп ойлайман.
Бул болса, сөзсиз, өзиниң қүдиретли тәсир күшин көрсетеди.
Бизлер өз-ара байланыс, бирге ислесиў, қарым-қатнас ҳәм ең тийкарғысы, исеним избе-из ҳәм турақлы раўажланыў, регионларымыз халқының турмыс дәрежеси менен абаданлығын арттырыўдың ҳәрекетлендириўши күшке айланатуғынына көзимиз жетеди.
Бундай көзқарас – дәўир талабы болып есапланады.
Булардың бәршеси бир тәрептен, қыйын ҳәм социаллық-экономикалық жағдайлардан жырақ болған регионлараралық бирге ислесиў ҳәм шериклик майданын, екинши тәрептен, өнимлер, хызметлер, инвестиция ҳәм инновациялардың кең базарының қәлиплесиўи ушын зәрүр шараятларды жаратады.
Бизлер усы халықаралық конференцияны өткериў басламасын алға қояр екенбиз, төмендеги факторлардан келип шыққанымызды атап өтиўди қәлер едим.
Бириншиден, қоңсы мәмлекетлер менен тынышлық ҳәм дослық, исеним және жақсы қоңсышылық қатнасықларды беккемлеў, өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў, конструктивлик сиясат алып барыў Орайлық ҳәм Қубла Азиядағы барлық мәмлекетлердиң улыўма мәплерине жуўап береди.
Екиншиден, биз мәмлекетлеримиз ҳәм регионның узақ мүддетли перспективасы, келеси раўажланыўдың тийкарғы драйвери болып хызмет ететуғын турақлы саўда-экономикалық, транспорт-коммуникация байланысларын қәлиплестириў тәрепдарымыз.
Пандемия инсаният дус келип атырған жаңа қәўип-қәтерлерди күшлеримизди бирлестириў ҳәм муўапықластырыў арқалы ғана жеңиў мүмкин екенлигин көрсетти.
Биз өз-ара бирге ислесиўди экономиканы санластырыў, электрон саўданы раўажландырыў ҳәм инновацияларды кеңнен енгизиў арқалы беккемлеўге объектив талап сезбектемиз.
Үшиншиден, Аўғанстан Ислам Республикасы Орайлық ҳәм Қубла Азия регионаллық байланыслылықты әмелде тәмийинлеўдиң әҳмийетли буўынларынан бири болып есапланады.
Регионаллық шериклигимиз усы мәмлекетте тынышлық ҳәм турақлылық орнатыў, оның экономикалық тиклениўи ушын әҳмийетли фактор болып хызмет ететуғынына исенемиз.
Бүгин Аўғанстан өзиниң ең жаңа тарийхындағы әҳмийетли бурылыс дәўирин бастан өткермекте.
Биз данышпан аўған халқы улыўма миллий маўасаға ерисиў жолында өз-ара келисимлерге таяр екенин көрсететуғынына исенемиз.
Аўған жеринде көптен берли күтилип атырған тынышлыққа ерисиў ушын жәнжелди сиясий жол менен шешиў ҳәм бул процесс халықаралық жәмийетшилик тәрепинен ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланатуғыны принципиаллық айрықша әҳмийетке ийе.
Бул Аўғанстанның улыўмарегионаллық процесслерге интеграциясы ушын жаңа перспективалар есигин ашады.
Төртиншиден, қәўипсизлик ҳәм турақлылық – регионларымыздың избе-из раўажланыўы ҳәм өз-ара байланысларымыз беккемлениўиниң тийкарғы шәрти болып есапланады.
Бизлердиң қәўипсизлигимиз бөлинбейди ҳәм оны тек ғана конструктивлик сөйлесиў ҳәм биргеликтеги ҳәрекетлеримиз арқалы тәмийинлеў мүмкин.
Ҳүрметли форум қатнасыўшылары!
Орайлық ҳәм Қубла Азия мәмлектелери арасындағы жедел ҳәм ашық сәўбетлесиў үлкен саўда-экономикалық және мәдений-цивилизациялық потенциалымызды толық әмелге асырыў ушын шексиз имканиятлар жарататуғынына исенимим кәмил.
Усы мүнәсибет пенен төмендеги усынысларды билдирмекшимен.
Биринши. Бизлердиң тийкарғы ўазыйпамыз саўда-экономикалық байланысларды раўажландырыў ҳәм өз-ара инвестицияларды көбейтиў ушын қолайлы шараятларды жаратыў болып есапланады.
Өним ҳәм хызметлер және инвестициялардың еркин ҳәрекети ушын транспорт-коммуникация ҳәм энергетика инфраструктураларын қәлиплестириў бойынша илажларды ислеп шығыў ҳәм турмысқа енгизиў усы мәселелердиң шешимине әмелий үлес қосқан болар еди.
Буның ушын ата-бабаларымыз мәжилис ҳәм қурылтайлар, лойя жирға, васи мушаварат ҳәм сабха сыяқлы жыйынларда бас қосқаны сыяқлы, бизлер де мәмлекетлеримиз арасында әҳмийетли мәселелерди додалаў ушын инвестициялық бирге ислесиў ҳәм кооперацияны тереңлестириў, экономикалық байланысларды кеңейтиў бойынша жыллық регионлараралық форум өткериўди усыныс етемиз.
Бундай сөйлесиўлер шеңберинде ислеп шығылған усыныслар жаңа жумыс орынларын жаратыў, экономикаларымыздың потенциалын раўажландырыў ҳәм олардың турақлы өсиўин тәмийинлеўге қаратылған анық бағдарлама менен жойбарларды сәйкеслендириў имканиятын береди.
Сондай-ақ, регионларымыз мәмлекетлери арасында көп тәреплеме Экономикалық бирге ислесиў келисимин дүзиў мәселесин биргеликтеги экспертлик таллаўдан өткериўге байланыслы басламаны алға қоямыз.
Екинши. Орайлық ҳәм Қубла Азияда заманагөй, нәтийжели ҳәм қәўипсиз транспорт-логистика инфраструктурасын жаратыў.
Термиз – Мазари Шариф – Кабул – Пешавар темир жол тармағы регионларымыз арасындағы өз-ара байланыс архитектурасының тийкарғы буўынына айланыўы керек.
Бул жойбар жетекши халықаралық финанс институтлары тәрепинен де жедел қоллап-қуўатланбақта.
Бул темир жол тармағының қурылысы ҳәр еки регионның транзит потенциалын толық әмелге асырыў, Қубла Азия ҳәм Европа мәмлекетлери арасында Орайлық Азия ҳәм Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы аймағы арқалы өтетуғын ең қысқа жолды ашыў, соның менен бирге, жүклердиң турып қалыўын ҳәм тасыў мүддетлерин сезилерли дәрежеде қысқартыўға хызмет етеди.
Улыўма алғанда, бул трансшегаралық темир жолды пайдаланыўға тапсырыў Орайлық ҳәм Қубла Азия мәмлекетлериниң инклюзив экономикалық раўажланыўы ушын беккем тийкар жаратады.
Усы темир жол тармағы Ҳинд-Ганг тегислигин Таксила, Гандара, Термиз сыяқлы тарийхый қалалар арқалы Евроазияның қубла аймағы менен байланысқан, Уттарапатха атамасы менен белгили әййемги арқа саўда жолының өзине тән заманагөй түри болады.
Ҳиндстанды Орайлық Азия мәмлекетлери менен байланыстыратуғын «Арқа-Қубла» транспорт коридоры мине усындай трансрегионаллық инфраструктураны турмысқа табыслы енгизиўдиң айқын үйлесикли болып есапланады .
Буннан тысқары, Трансаўған темир жол қурылысының жойбары келешекте мәмлекетлеримизди Қытай ҳәм Азия-Тыныш океаны регионының басқа жетекши мәмлекетлери менен байланыстырыўы мүмкин. Бул болса «Бир мәкан-бир жол» басламасы мақсетлери менен де үйлескен болып есапланады.
Үшинши. Перспективалы санлы платформаларды енгизиў Орайлық ҳәм Қубла Азия мәмлекетлерин экономикалық раўажландырыўдың локомотивине айланыўы керек.
Саўда, транзит, шегаралардан өтиў бағдарында санлы бирге ислесиўди күшейтиў бойынша анық илажларды ислеп шығыў ҳәм Биргеликтеги ҳәрекетлер стратегиясын қабыл етиў зәрүр.
Бул процесске мәмлекетлеримиз ҳәм БМШтың қәнигелескен структураларының жетекши экспертлерин кеңнен тартыў әҳмийетли болып есапланады.
Төртинши. Шексиз мәмлекетлеримиз аймағында бирге ислесиўде азық-аўқат қәўипсизлигин тәмйинлеў жолларын излеў.
Соңғы ўақытта тийкарғы азық-аўқат өнимлериниң баҳасы жедел өсип атырғаны, дүньяның айырым регионларында халық кескин азық-аўқат жетиспеўшилигин басынан өткерип атырғаны бақланбақта.
Бундай қәўип-қәтерлерди сапластырыў бойынша Бағдарлама ислеп шығыў ушын БМШтың Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеминиң (ФАО) басшылығында мәмлекетлеримиз аўыл хожалығы министрлериниң ушырасыўын өткериўди усыныс етемиз.
Бул ҳүжжет өндирис кооперацияларына байланыслы жойбарларды әмелге асырыў, алдынғы технологияларды енгизиў, биргеликтеги жойбарларды таярлаў ҳәм тийисли изертлеўлер өткериў сыяқлы ўазыйпаларды нәзерде тутыўы зәрүр.
Бесинши. Қәўипсизлик ҳәм турақлылыққа қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўде күшлерди бирлестириў.
Биз терроризм, экстремизм, трансмиллий, атап айтқанда, кибермәкандағы жынаятшылыққа қарсы тек биргеликте нәтийжели гүрес алып барыўымыз мүмкин.
Бул бағдарда дәслепки қәдем сыпатында БМШтың Нәшебентлик ҳәм жынаятшылық бойынша басқармасының қатнасыўында Нәшебентликке қарсы биргеликтеги ҳәрекетлер режесин ислеп шығыўды усыныс етемиз.
Күшлерди бирлестириў зәрүр болған тийкарғы бағдарлардан және бири-терроризм қәўпине қарсы гүрес, деп есаплаймыз.
Биз бул мәселелер бойынша еки регион ўәкиллериниң қатнасыўында арнаўлы экспертлик ушырасыўын шөлкемлестириўге таярмыз.
Бул сөйлесиўди быйылғы жылы ноябрь айында БМШтың Орайлық Азияда глобал терроризмге қарсы стратегиясын әмелге асырыў бойынша Биргеликтеги ҳәрекетлер режеси қабыл етилгениниң он жыллығына бағышлап Ташкентте өткерилетуғын халықаралық конференция шеңберинде шөлкемлестириў де мүмкин.
Алтыншы. «Жасыл» экономиканы раўажландырыўды хошаметлеў ҳәм экология мәселелери айрықша итибарды талап етеди.
Орайлық ҳәм Қубла Азияның барлық мәмлекетлеринде жедел санаат ҳәм демографиялық өсиў процеси глобал прогноз өзгерислери шараятында жүз бермекте.
Бундай жағдайда суў ресурсларының жетиспеўшилиги, қоршаған орталық ҳәм атмосфераның патасланыўы, топырақ қатламының жемирилиўи ҳәм шөллениў ҳәммемизге байланыслы машқалалар болып есапланады.
Барған сайын улыўмаинсаныйлық түс алып атырған Арал теңизиниң қурыўы менен байланыслы жағдай экологиялық қәўиплердиң оғада унамсыз тәсирине айқын мысал бола алады.
Бул апатшылықтың ақыбетлерин жумсартыў, келешекте инсаниятты бундай апатшылықтан ескертиў ушын барлық илажларды көриўимиз керек. Бул бағдарда тәбият пенен үнлес болыўға умтылып жасаған ата-бабаларымыздың тәжирийбесине сүйениўимиз зәрүр.
Жетинши. Биз Орайлық ҳәм Қубла Азияның үлкен туристлик потенциалын толық иске қосыў тәрепдарымыз.
Бул ҳаққында сөз болғанда, белгили туристлик брендлерин, жаңа ҳәм қолайлы туристлик өнимлерин ҳәм бағдарларын, соның ишинде, барған сайын қызығыўшылық артып атырған «зыярат туризм»ин раўажландырыў, вакцинация бойынша өз-ара тән алынған сертификатлар тийкарында «Жаңа шараяттағы туризм» концепциясын кеңнен енгизиў зәрүр .
Улыўмажәҳән туристлик шөлкеми шеңберинде Орайлық ҳәм Қубла Азия бойынша халықларымыздың тарийхый ҳәм мәдений мийрасын оптималластырыўға қаратылған Бағдарлама ислеп шығыўды усыныс етемиз.
Сегизинши. Илимий ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўларды кеңейтиў дослық ҳәм өз-ара исенимди беккемлеўдиң әҳмийетли шәртлеринен бири болып есапланады.
Усы мүнәсибет пенен Өзбекстанда, Термиз қаласында ЮНЕСКО басшылығында «Орайлық ҳәм Қубла Азияның тарийхый мийрасы» темасында халықаралық форум өткериўди усыныс етемиз.
Мәмлекетлеримиз халқының үлкен бөлегин қурайтуғын жасларды тартқан ҳалда, билимлендириў ҳәм илим, мәденият ҳәм спорт тараўларында биргеликтеги бағдарламаларды әмелге асырыў тийкарғы әҳмийетке ийе.
Жаслар-бизиң бийбаҳа байлығымыз екенин ҳәммемиз жақсы аңлаймыз.
Мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымыздың тәғдири ҳәм келешеги-әйне жас әўладтың қандай билим ҳәм тәрбия алыўы, олар ушын қандай шараят ҳәм «социаллық лифт»лерди жаратып бериўимизге тиккелей байланыслы.
Жаслар мәселесинде нәтийжели бирге ислесиўди жолға қойыў мақсетинде турақлы жумыс ислейтуғын Орайлық ҳәм Қубла Азия мәмлекетлери жасларының кеңесин дүзиўди усыныс етемен.
Тоғызыншы. Бүгинги күнде илим, технология ҳәм инновациялар тараўында жоқары шеклерге ерисиў мәмлекетлеримиздиң жедел раўажланыў жолындағы әҳмийетли фактор болып есапланады.
Биргеликте қоспа изертлеўлер ҳәм инновациялық жумысларды алып барыў, илимий ҳәм оқыў стажировкаларын, тәжирийбе алмасыў бағдарламаларын хошаметлеў зәрүр.
Усы мүнәсибет пенен Орайлық ҳәм Қубла Азия мәмлекетлериниң илимпаз ҳәм изертлеўшилери ушын әпиўайыластырылған виза тәртибин енгизиў, сондай-ақ, университетлер ҳәм илимий-изертлеў орайлары арасындағы бирге ислесиў бойынша онлайн-платформа жаратыўды усыныс етемиз.
Оныншы. Регионларымыздың өз-ара байланысы ҳәм раўажланыўы пәтин системалы үйрениў ҳәм таллаў тийкарында терең ойланған қарарлар қабыл етиў ҳәзирги ўақытта ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли болып есапланады.
Усы Форум шеңберинде Ташкентте Орайлық Азия халықаралық институты ашылды.
Регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыў мақсетинде бул таллаў орайы жанында мәмлекетлеримиздиң белгили илимпазлары, изертлеўши ҳәм таллаўшыларынан ибарат Экспертлер кеңесин дүзиўди усыныс етемиз.
Буннан тысқары, бүгинги конференцияның жуўмақлары бойынша Орайлық ҳәм Қубла Азия арасында, улыўма, Евроазия мәканында турақлы раўажланыўдың әҳмийетли факторы сыпатында өз-ара байланысларды беккемлеў ҳаққында арнаўлы резолюция жойбарын ислеп шығып, БМШ Бас Ассамблеясына усыныўды усыныс етемен.
Бул ҳүжжетте сөйлесиўлеримиздиң улыўма қатнасықлары, тийкарғы пинцип ҳәм бағдарларын көрсетиў зәрүр.
Резолюция жойбарында бизиң Орайлық ҳәм Қубла Азия мәмлекетлери регионаллық өз-ара байланысы бойынша жоқары дәрежедеги турақлы форумларды үзликсиз өткерип барыўға таяр екенимизди көрсетиў де мақсетке муўапық болып есапланады.
Ҳүрметли конференция қатнасыўшылары!
Бул процесслерде мәмлекетимиздиң тутқан орны ҳаққында айтып, төмендеги пикирлерди айрықша атап өтпекшимен.
Бизиң бүгинги әнжуманымыз жаңа Өзбекстанның қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўы менен байланыслы әҳмийетли тарийхый дәўирде болып өтпекте.
Биз жәмийетимиздиң барлық тараўларында системалы ҳәм түпкиликли демократиялық реформаларды басқышпа-басқыш әмелге асырмақтамыз.
Бул өзгерислер кең көлемли ҳәм артқа қайтпайтуғын турақлы түс алды. Бул-халқымыздың принципиал таңлаўы болып есапланады.
Орайлық Азия регионында – Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстан менен жақсы қоңсышылық қатнасықларын раўажландырыў бойынша әмелге асырылған түпкиликли өзгерислер Өзбекстан сыртқы сиясатының тийкарғы жетискенлиги болып табылады.
Улыўма ҳәрекетлеримиз нәтийжесинде регионымызда өз-ара исеним ҳәм бир-бирин қоллап-қуўатлаў руўхына тийкарланған улыўма жаңа орталық қәлиплести.
Биз раўажланыў драйверлери және «жаңа өсиў ноқатлары»н биргеликте анықлаў ҳәм турақлы сөйлесиўлер ушын нәтийжели майдан жараттық. Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының гезектеги Мәсләҳәт ушырасыўын август айының басында Түркменстанда өткериўди режелестиргенбиз.
Өзбекстан конструктив ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыўға бәрқулла таяр болған исенимли ҳәм турақлы позицияға ийе шерик болып есапланатуғынын-айрықша атап өтпекшимен.
Ҳүрметли ханымлар ҳәм мырзалар!
Әзиз мийманлар!
Орайлық ҳәм Қубла Азияның тарийхый ҳәм цивилизациялық бирлиги, халықларымыз ҳәм мәмлекетлеримиздиң улыўма мәплери биргеликте абадан келешекти қурыўымыз ушын беккем тийкар жаратады.
Өз-ара байланысларды ҳәм регионаллық бирге ислесиўди беккемлемей турып, бүгинги күнде мәмлекетлеримиз дус келип атырған қәўип-қәтерлер ҳәм қарама-қарсылықларды жеңип болмайтуғынын терең аңлаў ўақты келди.
Биз абаданшылық ҳәм раўажланыўға ерисиў жолында биргеликте раўажланыў перспективалары бойынша қатнасықларды ислеп шығыўымыз зәрүр.
Бизиң алдымызда Орайлық ҳәм Қубла Азия, улыўма, пүткил Евроазия регионын турақлы, экономикалық раўажланған абадан аймаққа айландырыў ўазыйпасы турыпты.
Әнжуманымыздың барлық қатнасыўшыларына нәтийжели жумыс тилеймен.
Итибарыңыз ушын рахмет.