Мәжбүрий орынлаў бюросы Шоманай районы бѳлими тәрепинен киргизилген усынысқа бола, пуқара Б.Б бир перзентиниң тәмийнаты ушын алимент-напақа пулын тѳлеўден бас тартып жүргенлиги себепли Ѳзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик Жуўапкершилик Ҳаққындағы Кодексиниң 47/4-статьясы менен ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы ис материал Жынаят ислери бойынша Шоманай районы судына келип түсти.
Бул судтың 2021-жыл 25-июнь күни болып ѳткен суд мәжлисинде кѳрип шығылды. Ҳақыйқатында да Мәжбүрий орынлаў бюросының Шоманай районы бѳлими мәмлекетлик орынлаўшысының 2021-жыл 22-июнь күнги қарарына тийкарланып Б.Б ның алимент-напақа қарыздарлығы жәми 31 миллион 372 мың 464 сум болып, бир неше мәрте ескертилиўине қарамастан тѳлемей келгенлиги анықланды.
Суд мәжилиси даўамында жәбиркеш А.Г. арза тийкарында ҳуқықбузар Б.Б дан жоқарыда атап өтилген алимент-напақа пулын толық алғанлығын айтып көрсетпе берди.
Солай етип, Жынаят ислери бойынша Шоманай районы судының 2021-жыл 25-июнь күнги қарары бойынша ҳуқықбузар Б.Б қарсысына Ѳзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик Жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексиниң 47/4-статьясы менен топланған ис материалы Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик Жуўапкершилик Ҳаққындағы Кодексиниң 271-статьясы 10-бөлимине тийкарланып өндиристен қысқартылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги