Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола елимизге рәсмий сапар менен келген Пакистан Ислам Республикасының Бас министри Имрон Хон 16-июль күни Самарқанд ҳәм Бухарада болды.

Уллы мәртебели мийман менен Өзбекстан Республикасының Бас министри бирге болды.

Пакистан Бас министри Самарқанд пенен танысыўды Имам Бухарий комплексин зыярат етиўден баслады.

Қуран оқылып, уллы илимпаз еске алынды.

Ислам әлеминде муҳаддислер султаны, деп қәдирленетуғын Имам Бухарийдиң мийрасын үйрениў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаў, бул инсанның аты менен байланыслы мәканды абат етиў бойынша алып барылып атырған жумысларға жоқары баҳа берилди.

Имрон Хон Әмир Темур мақбарасы, Регистон комплекси, Мырза Улығбек музейи ҳәм обсерваториясын барып көрди.

Уллы мәртебели мийманға усы естеликлердиң қурылыў тарийхы, уллы жәҳәнгир Әмир Темур ҳәм темурийлердиң мәмлекетшилик дәстүрлери, илим ҳәм мәденият қәўендери сыпатында әмелге асырған жумыслары ҳаққында мағлыўмат берилди.

Регистон майданындағы Тиллакори медресесинде көрсетилген миллий өнерментшилик өнимлери, бул жумысты даўам еттирип киятырған уста-өнерментлердиң жумысы Имрон Хонда үлкен тәсир қалдырды.

Пакистан Бас министри жаслығынан Самарқанд ҳәм Бухараны көриўди әрман еткени, Әмир Темурдың дөретиўшилик жумысларын үлкен қызығыўшылық пенен үйренетуғынын айрықша атап өтти.

– Самарқанд ҳаққында, Әмир Темур ҳәм темурийлер мәмлекети, олардың дөретиўшилик жумыслары ҳаққында китапларда оқығаным ушын азғана түсиникке ийе едим. Бүгин келип көрдим, Самарқанд мен ойлағанымнан да тарийхый, гөззал ҳәм муқаддес қала екен. Оның ҳәр бир мүйешинде тарийхтың, уллы ата-бабаларыңыздың ақыл-ойы, мәдениятының изи бар. Өзбекстанға сапарым мине усындай умытылмас сезимлерге бай болып атырғанынан қуўанышлыман. Биз Пакистан ҳәм Өзбекстан арасындағы бирге ислесиў байланысларын беккемлеўге умтылып  атырмыз ҳәм бул басланыўы. Келешекте байланысларымыз кең көлемде, избе-из даўам ететуғынына исенемен,-деди Имрон Хон.

  *   *   *

Ҳәммемизге белгили, Пакистанда Өзбекстанды, оның жәҳән прогрессине үлкен үлес қосқан уллы ойшыллары, соның ишинде, Нақшбандия тарийқатының тийкарын салыўшысы Баҳоуддин Нақшбандты жақсы биледи. Соның ушын ҳәр бир пакистанлы Бухараның муқаддес орынларын көриўди әрман етеди.

Пакистан Бас министри Баҳоуддин Нақшбанд мақбарасын зыярат етти.

Мийманлар комплексте алып барылған дөретиўшилик жумысларына жоқары баҳа берди.

Имрон Хон Бухара қаласындағы Пойи Калон комплексинде болды.

Калон минарасы ҳәм мешити XII ҳәм XVI әсирлер аралығында қурылған. Бул естеликлер Мир Араб медресеси менен үйлесикли болып, шырайлы ансамбль пайда еткен. Олардың архитектуралық шешими ата-бабаларымыздың мәденияты ҳәм көркем өнериниң айқын көриниси сыпатында бүгин де ҳәммени таң қалдырып келмекте.

Мийманлар Мир Араб медресеси менен танысты. Сондай-ақ, елимиздеги ең ески ҳәм ири жомъе мешитлеринен бири болған Мешити Калонды зыяратлады.

Уллы мәртебели мийман Бухара қаласының тарийхый бөлегинде нағыс ойыўшылық, зергерлик, гимлем тоқыў, кесте тоқыў, гүлалшылық өнимлериниң көргизбеси менен танысты, Лаби ҳәўиз ҳәм оның әтирапында жайласқан естеликлерди тамашалады.

Тарийхый қаланың тәкирарланбас көриниси, архитектуралық  естеликлери, халқымыздың бийбаҳа үрп-әдетлери Пакистан делегациясында үлкен қызығыўшылық оятты.

Усының менен Пакистан Ислам Республикасының Бас министри Имрон Хонның елимизге рәсмий сапары жуўмағына жетти.

 

Ғолиб ҲАСАНОВ,

Зариф КОМИЛОВ,

ӨзАның хабаршылары