Өзбекстанда 2021-жылғы Қурбан ҳайыты мүнәсибети менен бюджет шөлкемлеринде жумыс ислейтуғынлар избе-из үш күн дем алады.

«Kun.uz» басылымының жазыўынша, Президент пәрманына муўапық, 20-, 21- ҳәм 22-июль – шийшемби, сәршемби ҳәм пийшемби күнлери жумыс ҳәптесиниң түрине қарамастан барлық хызметкерлер ушын дем алыс күнлери болып есапланады.

Бунда ҳәптесине 5 күн ислейтуғынлар ушын 17-июль – шемби ҳәм 24-июль – шемби күнлери сәйкес түрде 21-июль ҳәм 22-июльға көшириледи.

Ҳәптесине 5 ҳәм 6 күн ислейтуғынлар ушын график төмендегише бирдей есапланады:

 

17-июль (шемби) – жумыс күни;

18-июль (екшемби) – дем алыс күни;

19-июль (дүйшемби) – жумыс күни;

20-июль (шийшемби) – дем алыс күни;

21-июль (сәршемби) – дем алыс күни;

22-июль (пийшемби) – дем алыс күни;

23-июль (жума) – жумыс күни;

24-июль (шемби) – жумыс күни;

25-июль (екшемби) – дем алыс күни.

 

Ҳәр жыллық мийнет дем алысының даўамлылығы усы қысқартыў есапқа алынған ҳалда, 15 жумыс күнинен кем болмаўы кереклиги белгиленген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.