Қарақалпақстан Республикасында көп тармақлы фермер хожалықларын раўажландырыў бойынша қабыл етилген бағдарламаға тийкарланып,
1150 фермер хожалықлары тәрепинен 1150 жойбарды
ң әмелге асырылыўы режелестирилген.

Көп тармақлы фермер хожалықларын шөлкемлестириў ҳәм раўажландырыў бағдарламасы бойынша 2021-жылдың 28-июнь ҳалатына жәми 113,575 миллиард сум, соннан, коммерциялық банклер тәрепинен
48,352 миллиард сум ҳәм фермер хожалықларының өз қаржылары есабынан
65,223 миллиард сум қаржы ажыратылып, республикамыз бойынша 795 (69,1%) фермер хожалығында көп тармақлы фермер хожалықлары жолға қойылды ҳәм 1844 мың жаңа жумыс орынлары жаратылды.

Атап айтқанда, көп тармақлы фермер хожалықлары тәрепинен 247 гектарлық интенсив бағ, 160,9 гектарлық жүзим атызлары ҳәм 19,7 гектарлық ыссыханалар қурылды.

Қарақалпақстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңеси баслығының орынбасары, Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңеси жанындағы фондтың Қарақалпақстандағы ўәкили Алланияз Ажимов пенен сәўбетлесип, соңғы жылларда тараўда әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм быйылғы нәтийжелер бойынша мағлыўмат алдық.

  • Тараўда әмелге асырылған реформалардың мақсети ҳаққында ҳәм аўыл хожалығы хызметкерлери, әсиресе, дийқанлар, қыйтақ жер ийелери өз жумысларын жетилистириўи ушын нелерди билиўи керек?
  • Соңғы 3-4 жылда елимизде аўыл хожалығы тараўында үлкен өзгерислер әмелге асырылып, ҳәр бир қыйтақ жерден үнемли пайдаланыў, дийқаншылық өнимлериниң сапасын ҳәм көлемин арттырыў арқалы экспортлық мүмкиншиликлерин жоқарылатыў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылды.

Қарақалпақстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңеси өз жумысларын Өзбекстан Республикасының «Фермер хожалығы ҳаққында»ғы, «Дийқан хожалығы ҳаққында»ғы, «Қыйтақ жер хожалығы ҳаққында»ғы Нызамлары, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 9-октябрдеги «Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў, аўыл хожалығы егислик майданларынан нәтийжели пайдаланыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5199-санлы Пәрманы, 2017-жыл 10-октябрдеги «Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери жумысларын және де раўажландырыў бойынша шөлкемлестириўшилик илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-3318-санлы ҳәм 2018-жыл 26-апрельдеги «Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери жумысларын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-3680-санлы қарарлары ҳәм басқа да жоқары турыўшы уйымлардың көрсетпелери менен Уставқа тийкарланып шөлкемлестиреди.

Жоқарыда атап өтилген нызамларда, пәрман ҳәм қарарларда дийқаншылық етиўдиң барлық тәртип-қағыйдалары толық атап өтилген.

  • Аўыл хожалығында әмелге асырылып атырған жойбарлардың быйылғы нәтийжелери қандай?
  • Быйылғы алты ай даўамында бир қатар жойбарлар нәтийжели әмелге асырылды.

Суў тәмийнаты аўыр аймақларда артезиан қудықлар қазыў жумысларын шөлкемлестириў, аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыў кооперативлериниң жумысларын шөлкемлестириў ҳәм финанслық қоллап-қуўатлаў, фермер, дийқан ҳожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң ҳуқықларын қорғаў бағдарында системалы жумыслар шөлкемлестирилмекте. Көргизбели семинарлар, сәўбетлесиўлер, ушырасыўлар өткерилип, әмелий жәрдемлер көрсетилди.

Президентимиздиң Олий Мажлис палаталарының қоспа мәжилислериндеги мүрәжатларында аўыл хожалығы тараўларын стратегиялық көзқараслар тийкарында раўажландырыў зәрүрлигин атап өткен еди. Быйылғы жумыслар тараўға базар механизмлерин кеңнен ен жайдырыў, фермер ҳәм дийқанлардың мәпдарлығын арттырыў, өним жетистириў көлемин көбейтиў, баў-бақша өнимлерин экспорт етиў ушын өним жетистириўди көбейтиўдиң илажларын көриў, баў-бақша, жүзимшилик, нәлшилик, шарўашылық, агро-логистиканы раўажландырыў, суўды үнемлейтуғын технологияларды кең түрде ен жайдырыў бойынша белгилеп берилген ўазыйпалардан келип шығып шөлкемлестирилди.

Атап айтқанда, 6 фермер хожалығында мийўе-палыз егинлерин қайта ислеў жойбарлары бойынша жыллық қуўаты 340 тонна режелестирилген болып толық орынланды. Сүтти қайта ислеў жойбарлары бойынша 6 фермер хожалығында жыллық қуўаты 24 мың тонна режелестирилген болып, әмелде 6 фермер хожалығында 24 мың тонна (100%), нан ҳәм нан өнимлери жойбарлары бойынша 3 фермер хожалығы, әмелде 3 фермер хожалығы (100%), интенсив бағ шөлкемлестириў бойынша 118 фермер хожалығында 247 гектар болып, әмелде 118 фермер хожалығы 247 гектар (100%), жүзимшиликти шөлкемлестириў бойынша 65 фермер хожалығында 161 гектар болып, әмелде 65 фермер хожалығы 161 гектар (100%), қоян бағыўды раўажландырыў бойынша режеде 4 фермер хожалығында 430 бас қоян болып, әмелде 4 фермер хожалығы 430 бас қоян (100%), қусшылықты (түйетаўық) раўажландырыў бойынша режеде 1 фермер хожалығында 50 бас  түйетаўық болып, әмелде 1 фермер хожалығы 50 бас түйетаўық (100%) етип, бул жойбарлар толық әмелге асырылды.

Музлатқышлы-қоймаханалар шөлкемлестириў жойбарлары бойынша 9 фермер хожалығында жыллық сыйымлылығы 570 тонна болып, әмелде 4 фермер хожалығында сыйымлылығы 200 тонна (35,1), ыссыхана шөлкемлестириў жойбарлары бойынша 101 фермер хожалығында 25 гектар болып, әмелде 95 фермер хожалығы 19,74 гектар (79%), сервис хызметин көрсетиў жойбарлары бойынша 212, әмелде 126 фермер хожалығы (59,4%), дигирман ҳәм салыны тазалаў жойбарлары бойынша 15 фермер хожалығы, әмелде 9 фермер хожалығы (60%), қарамал бағыўды раўажландырыў бойынша 213 фермер хожалығында қарамал бас саны 4447 болып, әмелде 84 фермер хожалығында 1470 бас (33%), қусшылықты (таўық) раўажландырыў бойынша 122 фермер хожалығында режеде 124 400 бас таўық болып, әмелде 90 фермер хожалығында 103 000 бас таўық (82,7%), балықшылықты раўажландырыў бойынша режеде 42 фермер ҳожалығында 95 гектар болып,  әмелде 13 фермер хожалығында 21 гектар (22,1%), пал ҳәррешиликти раўажландырыў бойынша режеде 62 фермер хожалығында пал ҳәрреси 997 қуты болып, әмелде 59 фермер хожалығында 967 қуты (96,9%), қой бағыўды раўажландырыў бойынша режеде 109 фермер хожалығында 9824 бас қой болып, әмелде 68 фермер хожалығында 4500 бас (45,8%), ешки бағыўды раўажландырыў бойынша режеде 60 фермер хожалығында 4452 бас болып, әмелде 42 фермер хожалығында 3690 бас (82,8%) етип орынланды. Бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.

Сондай-ақ, көп тармақлы фермер хожалықларын реестрге киргизиў бойынша бир қанша жумыслар исленбекте. Бүгүнги күнде 3725 фермер хожалығы реестрге киргизилди.

Усы жылдың өткен 6 айы даўамында аўыл хожалығында базар қатнасықларын енгизиў, өндиристи раўажландырыў, мүлк ийелери класын қәлиплестириў ҳәм олардың еркинлигин тәмийинлеў бойынша басқышпа-басқыш реформалар әмелге асырылмақта.

  • Ҳәзирги ўақытта ҳәр бир хожалықтың қыйтақ жерлеринен үнемли пайдаланыўы қалай шөлкемлестирилмекте?
  • Өзбекстан Республикасының 2021-жыл 1-апрель күнги «Дийқан хожалығы ҳаққында»ғы ҳәм «Қыйтақ жер хожалығы ҳаққында»ғы Нызамларының қабыл етилиўи нәтийжесинде халықтың жерге деген мүнәсибети өткен жылға қарағанда унамлы тәрепке өзгермекте.

Дийқан ҳожалықлары ҳәм халықтың қыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланыў бойынша аймақларда үй алды қыйтақ жер ийелерине үйме-үй кирип, жаңа система тийкарында жумыслар алып барылғаны, қыйтақ жерлерге көбирек экспортқа мөлшерленген егинлер егиўди үгит-нәсиятлаў жумысларына кең жәмийетшилик тартылғаны, соның менен бирге, үйрениў нәтийжесинде дийқан ҳожалықлары ҳәм халықтың қыйтақ жерлеринен пайдаланыў нәтийжелилиги арттырылды. Өзине бириктирилген қыйтақ жерлеринен жыл даўамында еки-үш мәрте өним алып, дәраматын көбейтиў, дийқан базарларында аўыл хожалығы өнимлериниң баҳасының кескин артып кетиўиниң алдын алыў, ҳалқымызды сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў бойынша системалы илажлар әмелге асырылмақта.

Қыйтақ жер майданларынан үнемли пайдаланыўды шөлкемлестириў ушын 342,3 мың (соннан 6 айдың жуўмағы бойынша
342,3 мың)  қыйтақ жер ийелериниң мағлыўматлары “Agroonline.uz” электрон базасына киргизилди.

Республика бойынша 2021-жылдың өними ушын 342,3 мың дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериндеги 46,8 мың гектарлық қыйтақ жерде мәўсимлик егинлер егиў, соннан 4,9 мың гектарға август-сентябрь айларында егилетуғын пияз ҳәм чеснок, 41,9 мың гектарға ерте (бәҳәрги) егинлер егилди. Бәҳәрги егинлерден ҳәм август-сентябрь айында егилген пияз ҳәм чеснок майданларынан босаған жерлерге 16,1 мың гектар орта  (тәкирарый) егинлер егилиўи режелестирилген болып, бүгинги күнде 10,5 мың гектарлық майданға орта егин(тәкирарый)лер егилди.

Республикамыз бойынша 41,9 мың гектарлық ерте (бәҳәрги) егинлер егилди. Соннан, 19,1 мың гектар майданға овощ, 5 мың гектар майданға палыз, 7,1 мың гектар майданға картошка, 2,9 мың гектар майданға дән, 1 мың гектар майданға майлы, 6,6 мың гектар  майданға ҳәр қыйлы түрдеги егинлер егилди.

2021-жылдың өними ушын 879,7 мың тонна өним, соннан, август-сентябрь айларында егилген пияз ҳәм чеснок егинлеринен 73,7 мың тонна өним алыў режелестирилген. Ал, бәҳәрги егинлерден 595,6 мың тонна, орта (тәкирарый) егинлерден 210,3 мың тонна өним алыў режелестирилген.

2021-жылда жәрдемге мүтәж хожалықлардың қыйтақ жер майданларынан үнемли пайдаланыўын шөлкемлестириўге айрықша итибар қаратылмақта. Жерлерди егиўге таярлаў ҳәм егин егиў жумысларына әмелий жәрдемге мүтәж 101 мың үй алды қыйтақ жер ийелериниң қыйтақ жер майданларын егиўге 5 мыңнан аслам фермер хожалықлары бириктирилди.

Нәтийжеде, фермер хожалықларының жәрдеми менен олардың 9,2 мың гектарлық жери егин егиўге таярлап берилди ҳәм егин егиўине жәрдем көрсетилди. Қыйтақ жер ийелерине 20,2 мың килограмм минерал төгин ҳәм 84,2 мың дана мийўе нәллери жеткерилип берилди. Буннан тысқары жәрдемге мүтәж хожалықларға 4,3 мың бас шөже, 1,1 мың бас қоян берилди.

Сондай-ақ, усы жылдың 6 айы даўамында қыйтақ жер ийелерине өзлериниң ҳәм жеңиллетилген кредитлер есабынан 4 мыңнан зыят ыссыханалар алып берилип, ықшам ыссыханалар қурылды.

Быйыл үй алды қыйтақ жер ийелеринде 4 мыңнан зыят қурылған ықшам ыссыханаларда еки-үш мәрте өним алыў имканиятының жаратылыўы нәтийжесинде «Бир мәҳәлле-бир өним» бағдарламасы тийкарында өним жетистириўге қәнигелескен мәҳәллелердиң саны 2020-2021-жылларда
272 мәҳәллеге жетип, олар жылдан-жылға артып бармақта.

– «Тамарқа хызмети» қандай жумысларды атқарады? Олар үй алды қыйтақ жер ийелерине қандай жәрдем көрсетпекте?

– «Тамарқа хызмети» ЖШЖлардың жумыслары, қыйтақ жер майданларында өнимдарлықты арттырыў, жер майданларына жоқары дәрамат беретуғын аўыл хожалығы егинлерин жайластырыў, сапалы ҳәм өнимдарлы, кепилленген туқым ҳәм мийўели нәллерди жеткерип, жерди қайта ислеў, минерал төгин менен тәмийинлеўге жәрдем көрсетеди.

Олардың хызмети тиккелей буйыртпашылардың (районларында шөлкемлестирилген 36 «Тамарқа хызмети» ЖШЖ) талабына бола үй алды қыйтақ жер ийеси менен дүзилетуғын фьючерс шәртнамасы тийкарында әмелге асырылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 30-июньдеги ПҚ-4767-санлы қарарына муўапық, 2020-жылы Әмиўдәрья ҳәм Бозатаў районларында «Әмиўдәрья тамарқа хызмети» ЖШЖ ҳәм «Бозатаў тамарқа хызмети» ЖШЖ қыйтақ жер кластери шөлкемлестирилди. Жойбардың баҳасы 20,7 миллиард сумды қурайды. Соннан: «Әмиўдәрья тамарқа хызмети» ЖШЖға 5,027 миллиард сум, «Бозатаў тамарқа хызмети» ЖШЖға 800 миллион сум қаржы ажыратылды. 2021-жылы Нөкис районында “TOREMURAT BEST TAMARQA XIZMETI” ЖШЖ қыйтақ жер менен ислесиў кластерине 1,970 миллиард сум кредит қаржылары ажыратылды.

«Әмиўдәрья тамарқа хызмети» ЖШЖ қыйтақ жер менен ислесиў кластери усы жылы 1-сентябрьде, «Бозатаў тамарқа хызмети» ЖШЖ, “TOREMURAT BEST TAMARQA XIZMETI” ЖШЖ кластерлериндеги қурылыс жумыслары усы жылдың ақырына шекем жуўмақланып, иске түсирилиўи режелестирилген.

Бул 3 қыйтақ жер кластериниң ҳәрекети жолға қойылыўының нәтийжесинде, 128 турақлы жумыс орынлары жаратылады, 1,5 гектарлық нәл жетистирилетуғын ыссыхана, 1600 тонна музлатқыш қоймаханалар, 7,2 мың тонналық мийўе-палызды қайта ислеў (кептириў) үскенеси қурылады, 24 мың қыйтақ жер ийелерине техникалық ҳәм агрохызметлер көрсетиледи. Сондай-ақ, 4 мың хожалыққа ықшам ыссыхана қурып бериў имканияты пайда болып, 115 мың бас шөже шығаратуғын инкубатор шөлкемлестириледи, 2 мың 880 тонна сүтти қайта ислеўши үскене қурылады. Хожалықларға жылына 1 мың 800 тонна жем таярлаў, 500 тонна ун ҳәм салыны қайта ислеў үскенеси шөлкемлестирилип, 2021-жылда 28,1 мың хожалық бириктириледи.

  • Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерин қоллап-қуўатлаў қоры дийқаншылықты раўажландырыўға қандай үлес қосып атыр?

– 2021-жылдың 6 айы даўамында Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерин қоллап-қуўатлаў фонды тәрепинен фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери, «Тамарқа хызмети» ЖШЖ ҳәм аўыл хожалығы кооперативлерин қаржылай қоллап-қуўатлаў ушын жәми 11,9 миллиард сум қаржы ажыратылды. Соннан, 471 қыйтақ жер ийелерине 4,4 млрд., Кегейли районындағы аўыл хожалығы өндирислик кооперативине 670 млн., 2 «Тамарқа хызмети» ЖШЖға 5,2 млрд., 10 фермер хожалығына 1,5 млрд. сум қаржы ажыратылды.

Соны да атап өтиўимиз керек, Өзбекстан Республикасы Президентиниң басшылығында 2020-жыл 27-февраль күнги өткерилген видеоселекторда берилген тапсырмалар ҳәм Президентимиздиң 2020-жыл 2-мартдағы ПП-5953-санлы пәрманында белгилеп берилген ўазыйпаларының орынланыўы бойынша да бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Бүгинги күнде республикамыздың барлық районларында 53 аўыл хожалығы өндирислик кооперативлери шөлкемлестирилди. Оларға 2,1 мың жумыссыз пуқаралар ағза сыпатында бириктирилип, 955,3 гектарлық аўыл хожалығында пайдаланылмайтуғын жерлер оборотқа қайтарылды. Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңеси жанындағы дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерин қоллап-қуўатлаў қорынан материаллық-техникалық базасын раўажландырыў, минерал төгинлер ҳәм нәл сатып алыў ушын Кегейли районы “O`ten awil” кооперативине 670 миллион сумлық қаржы ажыратылды.

Суў тәмийнаты аўыр аймақларда артезиан қудықлар қазыў жумыслары алып барылмақта.

2021-жылда республикамыздағы жәми 79 АПЖ ҳәм МПЖларда 8 үлкен түрдеги ҳәр бири 30 хожалықты суў менен тәмийинлеўши артезиан қудықлары және 392 баспа (качалка) кранлардың қазылыўы режелестирилген болып, олар арқалы 1294 хожалықтың 215,5 гектарлық қыйтақ жер майданын суў менен тәмийинлеў нәзерде тутылған.

Бул бағдарда бүгинги күнде 276 киши көлемдеги артезиан қудықларын қазыў ушын тәмийнатшы кәрханалар менен шәртнамалар дүзилип, 161 киши көлемдеги артезиан қудықларын қазыў жумыслары алып барылмақта, 68 дана киши көлемдеги артезиан қудықлары қазылып пайдаланыўға тапсырылды.

  • Фермерлерге, дийқан хожалықлары менен үй алды қыйтақ жер ийелерине ҳуқықый мәселелерде қандай жәрдем көрсетилмекте?

– 2021-жылдың 6 айы даўамында фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң жумысларын және де раўажландырыў, олардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин ҳуқықый қорғаўдың нәтийжели системасын жаратыў, ҳәм усы тараўда нормативлик-ҳуқықый базаны арттырыў ушын жуўмақ ҳәм усыныслар берилип, усы мәселелерге бағышланған бир қатар илажларға қатнасылды. Жәми келип түскен арза ҳәм шағымлар 782 болып, орнатылған тәртипте көрип шығылды.

Фермер, дийқан хожалықлары баслықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң ҳуқықый билимин арттырыў мақсетинде сәўбетлесиўлер алып барылды. Ғалаба хабар қураллары арқалы шығыўлар әмелге асырылды.

Усы жылдың 1-июль ҳалатына кеңес юристлериниң тиккелей әмелий жәрдеми менен фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң ҳуқықый мәплерин қорғаў ушын судларға 480 даўа арзалары киргизилди.

Кеңес юристлериниң тиккелей әмелий жәрдеми менен 480 фермер хожалығына хызмет көрсетиўши жуўапкер кәрханалардан қарыздарлығын өндирип бериў бойынша судларға 36 миллиард 550 миллион 300 мың сумлық даўа арзалар киргизилди. Соннан, 278 арза қанаатландырылып, 24 миллиард 569 миллион 500 мың сумды өндириў бойынша судлардың қарарлары қабыл етилди. Ҳәзирги ўақытта 11 миллиард 980 миллион  800 мың сумлық 202 даўа арза судлар тәрепинен көрип шығылмақта.

105 фермер хожалығының қарыздарлығын өндирип бериў бойынша қарыздар кәрхана ҳәм шөлкемлерге 24 миллиард 600 миллион 300 мың сумлық талапнамалар киргизилди. Соннан, 63 талапнама қанаатландырылып, 173 миллион 100 мың сумы фермер хожалықлары есабына ықтыярый түрде өндирилип берилди. Қалған 24 миллиард 427 миллион 200 мың сумлық 42 талапнама фермер хожалықларына қарыздар болған кәрхана ҳәм шөлкемлер тәрепинен көрип шығылмақта.

Сондай-ақ, фермер хожалықларының 782 басқа мәселелердеги мурәжатлери де қанаатландырылды.

Қарақалпақстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңеси тәрепинен, 2021-жылдың 6 айы даўамында таярлаўшы, тәмийнатшы ҳәм хызмет көрсетиўши кәрханалардан қарыздарлығын өндириў, нызамсыз ийеленген жер майданларын қайтарыў, мәмлекетлик басқарыў уйымларының қарарларын, шәртнамаларын, ҳәрекетлерин (ҳәрекетсизлигин) нызамға қайшы деп табыў, миннетлеме жүклеў арқалы бузылған ҳуқықларын тиклеў мақсетинде, жәми 480 (соннан: 278 ҳалатда 24 млрд 569 млн 500 мың сумлық қарыздарлығын өндириў, 3 ҳалатда қарарларды ҳақыйқый емес деп табыў бойынша) тийисли судларға даўа ҳәм шағым арзалар киргизилди.

Жаңадан қабыл етилген «Дийқан хожалығы ҳаққында»ғы ҳәм «Қыйтақ жер хожалығы ҳаққында»ғы нызамлардың мазмун-мәнисин түсиндириў, фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерине әмелий жәрдем көрсетиў, оқыў, әмелий ҳәм көргизбели семинарлар өткериў, тараўға инновациялық қолланбалар ҳәм алдынғы технологияларды енгизиўди үгит-нәсиятлаў, дийқаншылықта жақсы ислеп атырған дийқанлардың тәжирийбесин республикамызға кеңнен ен жайдырыў ҳәм Президентимиз бенен Ҳүкиметимиз тәрепинен берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде 89 көргизбели илимий-әмелий семинарлар шөлкемлестирилди. Оларға 3,9 мыңнан зыят фермер ҳәм дийқан хожалықлары баслықларының қатнасыўы тәмийинленди.

Өткерилген семинарларда Кеңес тәрепинен таярланған «Халықтың қыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланыў, жабық ҳәм ашық майданларда өним жетистириў» атамасындағы китаплар тарқатылды.

Быйыл кеңестиң тийкарғы итибары әмелдеги ресурс ҳәм имканиятлардан және де толық пайдаланған ҳалда аўыл хожалығы егинлерин өз ўақтында егиў, жер ҳәм суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыўға,  фермер, дийқан хожалықлары ҳәм халықтың қыйтақ жерлерине экспортқа мөлшерленген аўыл хожалығы өнимлеринен көбирек егиў, экспорт көлемин ҳәм олардың дәраматларын арттырыўға, өним жетистириўди өткен 2020-жылға салыстырғанда еки есеге көбейтиўге ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў сыяқлы ўазыйпаны толық орынлаўға, илим-техника жетискенликлери, алдынғы инновациялық технологияларды кеңнен енгизиўге қаратылмақта.

 

Ә.Жиемуратов сәўбетлести,

Қарақалпақстан хабар агентлиги