14-июль күни Ташкент қаласында ҳәм республика бойынша санлы телебағдарламаларды (МТРК телебағдарламаларынан тысқары) тарқатыў ўақтынша тоқтатылады. Бул ҳаққында Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигиниң мәлимлеме хызмети хабар берди.
Атап өтилиўинше, «РРТО» МУКтиң санлы телебағдарламаларды қәлиплестириў қурылмаларында, телерадио узатқышларында, антенна-фидер системаларында ҳәм жасалма жолдас қабыл етиў-узатыў қурылмаларында ярым жыллық профилактикалық жумыслар усы жылдың 6-30-июль күнлери өткериледи.
14-июль күни саат 01:00 ден 06:00 ге шекем (13-июльден 14-июльге өтетуғын түн) санлы телебағдарламаларды қәлиплестириў қурылмаларында ҳәм саат 01:00 ден 10:00 ге шекем телерадио узатқышларында ярым жыллық профилактика өткерилиўи режелестирилген. Усы ўақытта Ташкент қаласында ҳәм республика бойынша санлы телебағдарламаларды тарқатыў ўақтынша тоқтатылады.
Онда Ташкент қаласында ҳәм бир қатар ўәлаятларда Өзбекстан миллий телерадиокомпаниясының телебағдарламаларын тарқатыў тоқтатылмайды, бирақ айырым сапаның төменлеўи жағдайлары бақланыўы мүмкин.
Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда да 6-28-июль күнлери саат 01:00 ден 10:00 ге шекем мәмлекетлик, мәмлекетлик емес, жергиликли ҳәм «Уздигитал ТВ» ЖШЖның коммерциялық телеканалларын узататуғын санлы телеузатқышларда кесте тийкарында ярым жыллық прифилактикалық жумыслардың өткерилиўи режелестирилген.
Үзилислер бақланған ўақытта абонент үскенеси (тюнер ҳәм телевизор) сазлаўларын өзгертиў усыныс етилмейди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги