2021-жыл 26-июнь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он алтыншы жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирди.
Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген мәжилисте Сенат ағзалары, ҳүкиметтиң жуўаплы хызметкерлери, министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.
Бул жалпы мәжилистиң жумысы Сенаттың рәсмий веб-сайты ҳәм социаллық тармақлардағы бетлери ҳәм «UzReport» телеканалы арқалы тиккелей жанлы эфирде көрсетилди.
Дәслеп сенаторлар «Рәсмий статистика ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамын көрип шықты.
Атап өтилгениндей, бул нызам мәмлекеттиң миллий статистика системасының ҳуқықый тийкарын жаратып бермекте.
Әмелдеги статистика системасында ашық мағлыўматлардың жәриялылығы ҳәм сапа дәрежесиниң төменлиги, мағлыўматларды пуқаралар ҳәм жәҳән жәмийетшилигине жеткериў механизминиң халықаралық талапларға толық жуўап бермеслиги, сондай-ақ, әмелдеги «Рәсмий статистика ҳаққында»ғы нызам тек ғана мәмлекетлик статистика уйымларының жумысын тәртипке салып, статистикалық мағлыўматларды ислеп шығыў бойынша басқа министрликлер ҳәм уйымлардың жумысын қамтып алмағаны сыяқлы машқалалар бар.
Бул машқалаларды сапластырыў, белгиленетуғын қамтып алыў ҳәм сапа талапларының кеңлиги ҳәм толықлығын аңлатыў мақсетинде нызам менен «мәмлекетлик статистика» яки «миллий статистика» атамасының орнына «рәсмий статистика» атамасы енгизилмекте.
Мәмлекетлик статистика статистика уйымлары тәрепинен қәлиплестирилетуғын статистикалық мағлыўматларды нәзерде тутқан болса, рәсмий статистика барлық таярлаўшылар тәрепинен таярланған ҳәм тарқатылатуғын статистикалық мағлыўматларды қамтып алады.
Нәтийжеде миллий статистика системасына кириўши барлық субъектлердиң жумысына ҳуқықый тийкар ҳәм рәсмий статистиканың халықаралық дәрежеде тән алыныўына институтционаллық база жаратылмақта.
Сондай-ақ, миллий статистика системасы, рәсмий статистиканы таярлаўшылар, ҳәкимшилик мағлыўматларды жеткерип бериўшилер, респондент ҳәм пайдаланыўшылардың өз-ара қатнасы қағыйдалары да нәзерде тутылған.
Рәсмий статистиканың улыўма пайдаланыў ушын ашықлық жағдайы, мағлыўматлардың жәриялылық ҳәм сапа дәрежеси, оларды пуқаралар ҳәм дүнья жәмийетшилигине жеткериўдиң әмелдеги механизмлери халықаралық талаплар менен үйлестирилген.
Улыўма енгизилип атырған өзгерислер статистика есабатын исенимли жүргизиў, мәлимлемеден пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў, мәмлекеттиң абырайы ҳәм инвестициялық тартымлылығын беккемлеў ҳәм басқарыўда ашықлықты тәмийинлеўде әҳмийетли орын тутады.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Буннан кейин «Ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы додаланды.
Атап өтилгениндей, Сенаттың Суд-ҳуқуқ мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитети тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық Кеңеслериниң нызамшылықты тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў турақлы комиссияларының ағзалары, экспертлер, қәнигелер қатнасыўында бул нызам үйренилип, дәслепки тәризде көрип шығылған.
Нызамның мақсети ҳүждан еркинлиги кепилликлерин күшейтиў, ҳәр бир инсан қәлеген динге исениў яки ҳеш бир динге исенбеў ҳуқықын тәмийинлеўдиң нызамлы механизмлерин беккемлеў, сондай-ақ, мәмлекеттиң дин ислери бойынша сиясатын жетилистириўден ибарат.
Бул нызам өткен дәўир ишинде пуқаралардың диний исенимин әмелге асырыўда дус келип атырған машқалаларды сапластырыў, диний тәлим алыў ҳәм диний шөлкемлердиң еркин жумыс алып барыўын тәмийинлеў, динлер аралық ҳәм миллетлер аралық келиспеўшиликлер келип шығыўының алдын алыўға хызмет етеди.
Бул нызам менен мәмлекетимизде жасаўшы миллетлер ҳәм халықлар арасындағы өз-ара дослық ҳәм аўызбиршилик қатнасықларының теңсалмақлылығын сақлап қалыў, олардың түрли диний исенимлери ҳәм сезим-туйғыларын ҳүрмет етиўди тәмийинлеўдиң имканы жаратылады.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Буннан кейин «Судлар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы додалаў орайында болды.
Атап өтилгениндей, мәмлекетте күшли суд ҳәкимиятының бар екенлиги инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин толық түрде тәмийинлеўге қаратылған пуқаралық жәмийетин ҳәм демократияны турақлы раўажландырыўдың гиреўи. Бул болса мәмлекеттиң турақлы экономикалық раўажланыўын ҳәм инвестицияларды тартыў көзқарасынан тартымлылығын тәмийинлеўдеги әҳмийетли фактор болып табылады.
Өзбекстан Республикасының 1993-жылы қабыл етилген «Судлар ҳаққында»ғы әмелдеги Нызамы ғәрезсизликтиң дәслепки жылларында ислеп шығылған болып, онда суд системасындағы терең өзгерислер толық көрсетилмеген ҳәм ол заман талапларына жуўап бермейди.
Сол себепли Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 24-июльдеги «Судлар жумысын буннан былай да жетилистириў ҳәм әдил судлаў нәтийжелилилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў бойынша жаңа редакциядағы «Судлар ҳаққында»ғы Нызам ислеп шығылған.
Жаңа редакциядағы «Судлар ҳаққында»ғы Нызам менен әдил судлаўдың тийкарғы принциплери ҳәм суд ҳүжжетлерин қайта көриў тәртиби жетилистирилмекте, судьялардың статусы, олардың бийғәрезлиги кепилликлери күшейтилмекте, судьялық лаўазымына талабанлар ҳәм сайланатуғын шахсларға қойылатуғын талаплар халықаралық стандартларға сәйкеслендирилмекте, судьялардың тәртип-интизамлық жуўапкершилиги қайта көрип шығылмақта, судьялардың ўәкилликлерин тоқтатып турыў, сондай-ақ, тоқтатыў тийкарлары ҳәм тәртиби айқынластырылмақта ҳәм судьялардың социаллық қорғалыўы тәмийинленбекте.
Нызамның қабыл етилиўи болса Өзбекстан Республикасында суд системасының хызмет көрсетиў тәртибин ҳәм судьялардың бийғәрезлиги кепилликлерин жетилистириўге, судьялық кәсибиниң абырайын көтериўге, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 24-июльде қабыл етилген «Судлар жумысын буннан былай да жетилистириў ҳәм әдил судлаў нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Пәрманының 11-бәнтинде белгиленген ўазыйпаларының орынланыўына хызмет етеди.
Сенаторлар тәрепинен бул нызам мақулланды.
Соң «Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик тили ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы додаланды.
Ҳәзирги ўақтытта жер жүзинде өзбек тилинде сөйлеўшилердиң саны дерлик 50 миллион адамды қураўы оның дүньядағы ири тиллерден бирине айланып баратырғанынан дерек береди.
Әйне ўақытта елимизде жасап атырған барлық миллет ҳәм халықлардың мәденияты ҳәм үрп-әдетлерин, атап айтқанда, олардың ана тиллерин раўажландырыў ушын да зәрүр шараятлар жаратылмақта. Түрли аймақларда шөлкемлестирилген 140 қа шамалас миллий мәденият орайлары мине усы мақсетлерге хызмет етпекте. Көплеген тәлим-тәрбия орынлары, ғалаба хабар қураллары өзбек тили менен бирге, қарақалпақ, рус, қазақ, қырғыз, тәжик, түркмен тиллеринде хызмет көрсетпекте. Яғный, мәмлекетимиз барлық миллетлердиң тили ҳәм мәдениятының раўажланыўына жетерлише шараят жаратқан.
«Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик тили ҳаққында»ғы жаңа редакциядағы нызам Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбек тилиниң мәмлекетлик тил сыпатындағы роли ҳәм абырайын түп-тийкарынан арттырыў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы ҳәм Сенат Кенгашиниң «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының Ташкент қаласында орынланыўын үйрениў нәтийжелери ҳаққында»ғы қарары тийкарында ислеп шығылған.
«Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилген күнниң үлкен тарийхый орны ҳәм әҳмийетинен келип шыққан ҳалда, Президент Пәрманы менен 21-октябрь сәнеси елимизде Өзбек тили байрамы күни сыпатында белгиленди. Бул байрам ҳаққындағы норма жаңа нызамда да өз көринисин тапқан.
Сондай-ақ, нызамда әмелдегисинде болмаған көп ғана нормалар белгиленбекте. Атап айтқанда, әмелдеги «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамда бул нызамның әмелге асырылыўын тәмийинлейтуғын, бул тараўда бирден-бир мәмлекетлик сиясатты алып барыўшы арнаўлы мәмлекетлик уйым ҳәм оның ҳуқықый статусы менен байланыслы мәселелер улыўма ашып берилмеген.
Буннан тысқары, мәмлекетлик хызметкерлерге мәмлекетлик тилди билиўге байланыслы талаплардың белгиленбегенлиги де бул нызамның әмелде ислемеслигине алып келмекте.
Усыннан келип шығып, ҳуқықый тараўда ҳәм миллий нызамшылықта әмелге асырылып атырған реформаларды толық сәўлелендириў ҳәм «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамның тиккелей әмел етиўин тәмийинлеў мақсетинде ол жаңа редакцияда ислеп шығылды.
Онда нызамның мақсети ҳәм қолланыў тараўы, мәмлеетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери, Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик тили, Өзбекстан Республикасында басқа тиллердиң статусы, тил бойынша кемситиўге жол қойылмаслық, мәмлекетлик тилди раўажландырыўдағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары, Министрлер Кабинетиниң мәмлекетлик тилди раўажландырыў бойынша ўәкилликлери, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң мәмлекетлик тилди раўажландырыў тараўындағы ўәкилликлери, мәмлекетлик тилди раўажландырыў ҳәм мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўи үстинен жәмийетлик қадағалаў сыяқлы жаңа нормалар бар.
Бул нызамда мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлердиң жумысында мәмлекетлик тилдиң қолланылыўы, ис жүргизиў тили, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен өткерилетуғын илажларда мәмлекетлик тилдиң қолланылыўы, нормативлик-ҳуқықый ҳәм басқа ҳүжжетлер, сондай-ақ, олардың жойбарларында пайдаланылатуғын тил, физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларында қолланылатуғын тил, суд ислери жүргизилетуғын тил, пуқаралық ҳалаты актлерин белгилеў, пуқараның шахсын ҳәм ҳуқықларын тасыйықлаўда қолланылатуғын тил мәселелери де кең түрде белгиленген.
Нызамның қабыл етилиўи мәмлекетлик тилдиң жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында қолланылыўына, оның раўажланыўы ҳәм ғалаба ен жайыўына үлкен түртки береди. Атап айтқанда, мәмлекетлик тилди раўажландырыў тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары, сондай-ақ, Министрлер Кабинетиниң мәмлекетлик тилди раўажландырыў тараўындағы ўәкилликлери Өзбекстан Республикасы нызамы дәрежесинде белгилениўи барлық тараўларда өзбек тилиниң әдебий тил нормалары тийкарында аңлатылыўына хызмет етеди. Өзбек тили менен байланыслы тарийхый-мәнаўий мийрасымызды сақлап, келеси әўладларға жеткерилиўин тәмийинлейди.
Сенаторлар мәмлекетимиз басшысының ҳәр биримиз мәмлекетлик тилге болған итибарды ғәрезсизликке болған итибар деп, мәмлекетлик тилге ҳүрмет ҳәм садықлықты ана Ўатанға ҳүрмет ҳәм садықлық деп билиўимиз, усындай көзқарасты турмысымыз қағыйдасына айландырыўымыз зәрүр, деген пикирлерин айрықша атап өтти.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Буннан кейин «2021-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, быйылғы жылдың өткен дәўиринде қабыл етилген қарарлар, тасыйықланған бағдарламалардағы тийкарғы ўазыйпаларды орынлаў қосымша қаржыландырыў дәреклерин талап етпекте.
Усы мақсетте нызам менен макроэкономикалық турақлылықты және де беккемлеў, экономикалық өсиў пәтлерин арттырыў, сондай-ақ, халықтың абаданлығын тәмийинлеў сыяқлы мақсетлерде алып барылып атырған реформаларды жедел даўам еттириўдиң финанслық тийкарларының турақлылығы белгиленбекте.
Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарарларында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў ушын Мәмлекетлик бюджет қәрежетлериниң 13,1 трлн. сумға арттырылыўы нәзерде тутылмақта.
Бунда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 3-февральдағы 6155-санлы Пәрманына муўапық:
– туризм объектлери әтирапындағы жер майданлары, суў ҳәм жол инфраструктураларын жақсылаў ушын 410 млрд. сум;
– еркин экономикалық зоналар ҳәм киши санаат зоналарын зәрүр инфраструктуралар менен тәмийинлеўге 350 млрд. сум;
– эндокрин кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм емлеў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеўге 124,2 млрд. сум;
– «Эл-юрт умиди» фондына абырайлы сырт ел жоқары оқыў орынларында оқыўға жиберилетуғын жаслар санын 5 есеге (82 ден 350 ге) арттырыў ушын 80 млрд. сум;
– 2021-2022-оқыў жылынан жоқары билимлендириў мәкемелерине мәмлекетлик грантта қабыллаў көрсеткишлерин 25 процентке арттырыў, мүтәж шаңарақлардың қызларына грантларды 2 есеге көбейтип, 2 мыңға жеткериў ушын 64,4 млрд. сум қосымша қаржы ажыратылыўы нәзерде тутылған.
Сондай-ақ, мәҳәллелерде жумыссыз жаслар ҳәм ҳаял-қызларды дәраматлы мийнет пенен бәнт етиў, олардың өз бизнесин шөлкемлестириўине көмеклесиў илажларын даўам еттириў мақсетинде қабыл етилген Президент қарарының (2021-жыл 27-марттағы 5041-санлы) орынланыўын тәмийинлеўде:
– шаңарақлық исбилерменлик жойбарларын қаржыландырыў ушын ўәкилликли банклердиң устав капиталын 1,3 трлн. сумға арттырыў;
– шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламаларын қаржыландырыўға қосымша 1,5 трлн. сум қаржы ажыратылыўы нәзерде тутылған.
Соның менен бирге, нызам менен Тиклениў ҳәм раўажланыў қорының қәрежетлери ушын 6,4 трлн. сум (13,4 тен 19,8 трлн. сумға) қаратылмақта.
Бул қаржылардан:
а) республика бюджетине ишки жол ҳәм ишимлик суўы тәмийнаты (3,2 трлн. сум) ҳәм шаңарақлық исбилерменлик (1,5 трлн. сум) бағдарламалары ҳәм басқа да социаллық тараў объектлерин (1,1 трлн. сум) қурыў ушын 5,8 трлн. сум;
б) шаңарақлық исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде лимоншылық жойбарларын қаржыландырыў мақсетинде «Туран банк»тиң устав капиталын арттырыў ушын 100 млрд. сум;
в) териден таяр өнимлер, тери-галантереялық, сондай-ақ, тери ҳәм жүннен жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыў жойбарлары ушын кредит линияларын қаржыландырыўға 550 млрд. сум ажыратыў нәзерде тутылмақта.
Сондай-ақ, Туризм ҳәм спорт министрлигиниң шөлкемлестирилиўи ҳәм Капитал базарын раўажландырыў агентлигиниң сапластырылыўы да әмелдеги нызамға тийисли өзгерислер киргизиўди талап еткен.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Соң «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшлар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы додалаў орайында болды.
Атап өтилгениндей, нызамның мақсети жынайый дәраматларды легалластырыўға ҳәм терроризмди қаржыландырыўға қарсы гүресиў бойынша Евроазия топары тәрепинен Өзбекстан миллий системасын баҳалаўдың екинши басқышын табыслы өткериўге таярлық шеңберинде ФАТФ усынысларын нызамшылыққа имплементациялаўдан ибарат.
Нызам менен әмелдеги 2 нызамға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
Бириншиден, «Банк сыры ҳаққында»ғы Нызамға өзгерис киргизиў арқалы жынайый жол менен алынған мүлкти анықлаў, хатлаў ҳәм конфискациялаўды тәмийинлеў мақсетинде банк сырын қурайтуғын мағлыўматларды прокурор санкциясына тийкар прокуратура, дәслепки тергеў, сорастырыў, тергеўге шекем тексериў ҳәм оператив-излеў уйымларына усыныў тәртиби белгиленбекте.
Атап өтиў керек, бул бойынша нызамшылықта ҳуқықый бослықлар бар екенлиги себепли жынайый дәраматларды легалластырыўға ҳәм терроризмди қаржыландырыўға қарсы гүресиў бойынша Евроазия топары эксперт баҳалаўшылары тәрепинен миллий нызамшылық ФАТФның 40 усынысынан 6 ўына бир бөлими муўапықлығы ҳаққында бирлемши баҳа берилген. Сондай-ақ, Өзбекстан тәрепинен БМШтың конвенциялары талаплары толық орынланбай атырғанлығы көрсетилген.
Буннан тысқары, «Банк сыры ҳаққында»ғы Нызамға өзгерис киргизиў арқалы тергеўге шекем тексериў материаллары ҳәм жынаят иси шеңберинде Орайлық банктиң мағлыўматлар базасынан есап бетлер ҳаққындағы мағлыўматларды автоматластырылған режимде алыў тәртиби нәзерде тутылмақта.
Соның менен бирге, прокуратура, дәслепки тергеў, сорастырыў уйымлары ҳәм оператив-излеў жумысын әмелге асырыўшы уйымлар, сондай-ақ, шет мәмлекетлердиң ўәкилликли уйымлары арасында банк сырын қурайтуғын мағлыўматларды алмасыў тәртиби белгиленбекте.
Екиншиден, «Оператив-излеў жумысы ҳаққында»ғы Нызамға өзгерис киргизиў арқалы 6 оператив-излеў жумысын әмелге асырыўшы уйымлар тәрепинен прокурор санкциясы менен банк сырын қурайтуғын мағлыўматлардан пайдаланыў тәртиби белгиленбекте.
Атап айтқанда, банк сырын қурайтуғын мағлыўматлар прокурордың санкциясы менен төмендегилерге берилиўи белгиленбекте:
бириншиден, прокуратура, дәслепки тергеў ҳәм сорастырыў уйымларына олардың ис жүргизиўиндеги жынаят ислери бойынша ис ушын әҳмийетли болған жағдайларды анықлаў, жеткерилген зыянды өндириўди яки мүлкти хатлаўды тәмийинлеў мақсетинде тергеўшиниң яки сорастырыўшының тийкарландырылған қарарына бола;
екиншиден, оператив-излеў жумысын әмелге асырыўшы уйымларға олардың ис жүргизиўиндеги оператив-излеў жумыслары бойынша өз жуўапкершилигине жүкленген ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде оператив-излеў жумысын әмелге асырыўшы уйым басшысы тәрепинен тастыйықланған тийкарланған қарар тийкарында.
Нызамның қабыл етилиўи:
– БМШ конвенциялары талаплары ҳәм ФАТФ усынысларының миллий нызамшылыққа имплементацияланыўына;
– Жынайый дәраматларды легалластырыўға ҳәм терроризмди қаржыландырыўға қарсы гүресиў бойынша Евроазия топары тәрепинен Өзбекстанның миллий системасын баҳалаўдың екинши басқышының табыслы өтиўин тәмийинлеўге;
– Республиканың инвестициялық тартымлылығының артыўына ҳәм халықаралық рейтинглердеги орнының жақсыланыўына хызмет етеди.
Сенаторлар тәрепинен бул нызам мақулланды.
Буннан кейин «Жынайый ҳәрекеттен алынған дәраматларды легалластырыўға қарсы гүресиў тәртибиниң буннан былай да жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы додаланды.
Атап өтилгениндей, БМШтың коррупцияға, нәшебентлик қураллары ҳәм психотроп затларды нызамға қайшы түрде айланысқа киргизиўге, трансмиллий шөлкемлескен жынаятшылыққа ҳәм терроризмди қаржыландырыўға қарсы гүресиў ҳаққындағы Конвенциялары талапларының орынланыўын тәмийинлеў, жынайый дәраматларды легалластырыўға ҳәм терроризмди қаржыландырыўға қарсы гүресиў бойынша абырайлы халықаралық шөлкемлердиң (ФАТФ стандартлары, Евроазия топары ҳәм Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкеми) усынысларын миллий нызамшылыққа имплементациялаўда бул өзгерислер ҳәм қосымшалар айрықша әҳмийетке ийе болады.
Бул нызам менен 3 кодекс ҳәм 8 нызамға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте. Атап айтқанда, Жынаят ҳәм Жынаят-процессуал ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкершилилик ҳаққындағы кодекслерге, «Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында»ғы, «Мәмлекетлик бажыхана хызмети ҳаққында»ғы, «Мәмлекетлик салық хызмети ҳаққында»ғы ҳәм «Баҳалы қағазлар базары ҳаққында»ғы, сондай-ақ, «Прокуратура ҳаққында»ғы нызамларға өзгерис киргизилмекте.
Додалаў даўамында сенаторлар тәрепинен нызамды ислеп шығыўда миллий нызам ҳүжжетлери, сырт ел мәмлекетлери тәжирийбеси ҳәм юрист-илимпазлардың пикирлери үйренилмегени ҳәм талқыланбағанлығы атап өтилди.
Буннан тысқары, нызамшылық басламасы ҳуқықы субъекти ҳәм нызам жойбары интакерлери тәрепинен тараўда жүзеге келген машқалаларды комплексли талқылап, соң әмелдеги нызамшылық нормаларын түп-тийкарынан жетилистириў мәселесин үйренип шығыў ҳәм соннан кейин ғана Жынаят, Жынаят-процессуал, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекслерине арнаўлы конфискациялаў илажларын белгилеў мақсетке муўапық есапланатуғыны билдирилди.
Сонлықтан нызам сенаторлар тәрепинен бийкар етилди.
Жалпы мәжилисте 19 мәселе, соның ишинде, 7 нызам додаланды.
Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он алтыншы жалпы мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси
Сенатының Мәлимлеме хызмети