Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоев 22-июнь күни «Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде парламентлераралық глобал бирге ислесиў» темасындағы халықаралық форум шеңберинде Түркий тиллес мәмлекетлердиң Парламент ассамблеясы ағзалары менен ушырасыў өткерди.

Онда Түркий тиллес мәмлекетлердиң Парламент ассамблея ағзалары, Олий Мажлис Сенатының ўәкиллери ҳәм Нызамшылық палатасының депутатлары қатнасты.

Ушырасыўда тәреплер Өзбекстан ҳәм Түркий тиллес мәмлекетлер Парламент ассамблеясы  арасында парламентлераралық қатнасықларды және де беккемлеў илажлары бойынша пикир алысылды.

Түркий кеңеске ағза мәмлекетлер парламентлери арасында тиккелей қатнасықты жолға қойыў мақсетинде турақлы түрде делегациялардың алмасыўын жолға қойыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Илажда саўда-экономикалық, туристлик, илимий, мәдений ҳәм басқа да бағдарлардағы әмелий бирге ислесиўди раўажландырыў, соның ишинде, Түркий тиллес мәмлекетлердиң Парламент ассамблеясы шеңбериндеги өз-ара шерикликти және де беккемлеў бойынша бир қатар мәселелер көрип шығылды.

Түркий тиллес мәмлекетлердиң Парламент ассамблеясы ағзазалары Өзбекстанда әмелге асырылып атырған өзгерислер, атап айтқанда, исбилерменликти раўажландырыў, логистика ҳәм инфраструктура жойбарларын әмелге асырыў бойынша ҳәрекетлер стратегиясын жоқары баҳалады.

– Өзбекстанның Түркий тиллес мәмлекетлердиң Парламент ассамблеясына ағза болыўы оғада әҳмийетли мәселе. Биз бул бағдарда узақ ўақыт жумыс алып бардық. Түрк Парламент ассамблеясы Өзбекстанның ағзалығысыз күшли аўқам бола алмайды, – деди ТүркПА Ҳуқықый мәселелер ҳәм халықаралық қатнасықлар комиссиясының баслығы, Түркия Уллы Миллет Мәжилисиниң депутаты Исмет Учма.

Ушырасыўда мәмлекетимиздиң ТүркПА менен жәмийетлик-сиясий бағдарлардағы қатнасықлары да раўажланып баратырғаны атап өтилди. Оған 23-24-июнь күнлери Бухара қаласында болып өтетуғын «Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде парламентлераралық глобал бирге ислесиў» темасындағы халықаралық форум жеке мысал болады.

Сөйлесиўде бул форум бойынша да пикирлер алысылды.

 

Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,

ӨзАның хабаршысы